Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:20:35, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎЛЫ  «НӘЎШЕЛЕРДИҢ  БАҒМАНЫ»

Бизлер кишкене балаларымызды нәўше гүллерге, ал, олардың устазларын болса бағманларға мегзетемиз. Себеби, перзентлеримизге  устазлар тәрепинен жақсы тәлим-тәрбия берилсе, ол әлбетте, бир күнлери өзиниң мол жемисин бериўи анық.

Әсиресе, балаларымыздың келешекте турмыс­тан өзиниң ылайықлы орнын табыўында балалар бақшаларының тутқан орны айрықша. Бозатаў районы орайында жайласқан 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде усындай өз кәсибиниң маманы болған педагоглар көплеп табылады. Мине, солардың бири сыпатында усы мәкемениң саз-сәўбет жетекшиси Еркин Уснатдиновтың өмир жолына азмаз нәзер тасласақ, көпшиликке үлги болады, деп ойлаймыз.

1986-жылы усы аймақтағы мәденият тараўы хызметкерлериниң шаңарағында туўылған ол кишкене гезлеринен баслап-ақ музыка әсбапларын шертиў, қосық айтыў ҳәм хореографияға айрықша ықласлы болып, мектептиң 7-класын тамамлағаннан соң Нөкис қаласындағы Ж.Шамуратов атындағы көркем өнер училищесиниң хореография бөлимине оқыўға түсти. Бул оқыў дәргайында бес жыл даўамында республикамызға белгили көркем өнер шеберлеринен тәлим-тәрбия алған ол, сол гездиң өзинде-ақ республикамызда өтетуғын ҳәр қыйлы байрам ҳәм таңлаўларға белсене қатнасып, өз талантын жүзеге шығара алды. Әсиресе, Еркинниң өз иниси Салаўат пенен республикамыздың Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамларында атқарған «Саламат әўлад», «Саламат әўладтың Наўрыз тойлары», «Сен таптың ба көк шөп», «Ғәрезсизлик байрамы», «Қарақалпақ елинде», Өзбекстан Қаҳарманы А.Өтениязовқа арналған «Қаҳарман ата», «Әкемниң әкеси жанымсаң, ата» қосықлары көпшиликтиң кеўлинен жыллы орын ийелегени бийкардан емес.

2005-жылы училищени тамамлаған ол Бозатаў ра­йоны Мәденият бөлимине жумысқа өтип, өз таланты менен аўыл халқының нәзерине түсти ҳәм мәденият үйиниң республикалық таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеўине өзиниң салмақлы үлесин қосты. Усы арада Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим қәнигелигин оқып тамамлаған ол 20l2-20l8-жыллары Қазанкеткен мәденият үйиниң директоры болып жемисли хызмет иследи. Әйне күнлери болса, жоқарыда атап өткенимиздей, l4-санлы балалар бақшасында бозатаўлы жас «нәўшелердиң бағманы» болып, олардың кеўиллерине музыка ҳәм көркем өнер арқалы жақсылық нурларын қуйыўға өзиниң бар күш ҳәм ис-тәжирийбесин иске салып, аянбастан мийнет етип келмекте.

 Әдилбай ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Бозатаў районы.

СҮЎРЕТТЕ: Е.Уснатдинов балалар менен бирге.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF