Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:13:10, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНДА

Усы жыл 20-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров ашты ҳәм алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 110-статьясына муўапық 2019-жыл 22-декабрь - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаўлар күни деп белгиленди. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 36-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 2019-жыл 20-сентябрьден сайлаў кампаниясының басланғанын жәриялады.

Мәжилисте сайлаўды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша мәселелер менен бирликте сиясий партиялардың  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслерине тийисли ўазыйпалар белгиленип берилди.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF