Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:03:00, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АРАЛ БОЙЫ  МӘДЕНИЙ РАЎАЖЛАНЫЎ  КЕСИСПЕСИНДЕ» УСЫНДАЙ АТАМАДА БОЛЫП ӨТКЕН ХАЛЫҚАРАЛЫҚ КОНФЕРЕНЦИЯ КЕЛЕШЕКТЕ ЖУРТЫМЫЗДА ТУРИЗМ ПОТЕНЦИАЛЫН АРТТЫРЫЎҒА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

20-сентябрь күни Беруний районында «Қарақалпақстан-Австралия» халықаралық экспедициясының 25 жыллығы мүнәсибети менен «Арал бойы мәдений раўажланыў кесиспесинде» деп аталған халықаралық илимий конференция болып өтти.

Дүньяның көплеген мәмлекетлеринен турист­лер, археология бойынша алымлар, илим ғайраткерлери, зиялылар қатнасқан әнжуман Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Австралияның Сидней университети ҳәм Беруний районы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Әнжуманды Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Президиум баслығы Н.Айымбетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Күнниң биринши ярымында австралиялы алым А.Бетте, Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов, франциялы алым Ф.Гренье ҳәм М.Минарди, М.Бона, италиялы Б.Дженнито, франциялы Ю.Карьевлердиң баянатлары тыңланды.

«Нураный» қоры Беруний районлық бөлими баслығы “.Худайбергенов, мийнет ветераны Садиров ҳәм басқалар баянатлар бойынша шығып сөйледи ҳәм өз усынысларын билдирди.

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Мийманларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Беруний районы ҳәкимлигиниң миннетдаршылық хаты, естелик саўғалары тапсырылды.

Өткерилген бул әнжуманда елимизде туризм потенциалын беккемлеўде ҳәм раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

 Л.БАЗАРБАЕВА,

Беруний районы «Халқ минбари» газетасы әдебий хызметкери.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF