Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:55:40, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕР МҮРӘЖАТЫ УНАМЛЫ ШЕШИМИН ТАППАҚТА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 14-майдағы Пәрманына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, бизнес ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қор­ғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың қатнасында исши топар, турақлы ислеўши штаб ҳәм жәмийетшилик Кеңеси шөлкемлестирилди.

Район ҳәкимлиги менен биргеликте тастыйықланған «исбилерменлер, сондай-ақ, шет ел инвесторларын қабыл етиў көшпели қабыллаўлар режеси» тийкарында мәмлекетлик бас­қарыў уйымлары, тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасында орынларға барып, мәкан пуқаралар жыйынларында ушырасыўлар өткерилмекте.

Қабыллаўханаға усы жылдың 12-сентябрь күнине шекем 62, соннан 22 өз исбилерменлик жумысын басламақшы болған пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине ҳуқықый түсиниклер берилди ҳәм 40 жазба мүрәжатлар қабыл етилип, бирден-бир ҳүкиметлик порталға киргизилди. Келип түскен мүрәжатлар тийкарынан банк кредитлери, жер, кадастр ҳәм архитектура, қурылыс, салық ҳәм басқа да мәселелерден ибарат. Қабыл етилген мүрәжатлардан 9 мүрәжат қанаатландырылды, 24 мүрәжат бойынша түсиниклер берилген болса, 7 мүрәжат ти­йисли мәкемелер тәрепинен үйренилмекте.

2019-жыл август-сентябрь айларында 8 орында көшпели қабыллаўлар өткерилип, оларда 125 исбилерменлик субъектлери ҳәм өз исбилерменлик жумысын басламақшы болған пуқараларға исбилерменлик тараўы бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди. Сондай-ақ, өткерилип атырған көшпели қабыллаўларда билдирилген машқалалар ҳәм берилген мүрәжатлар унамлы шешимлерин таппақта. Усындай мүрәжатлардан «Асил Канат Тахиаташ» ЖШЖниң «Ўзагролизинг» компаниясы менен 2018-жылда дүзилген шәртнама тийкарында трактор берилиўи кешиктирилип келингенлиги бойынша мүрәжаты қанаатландырылып, фермерге өз трактор техникасы жеткерип берилди.

Тақыятас районынан «Азия силк» ЖШЖне 2019-жыл май айынан жеткерилип берилген пилле өними ушын «Роза Бану», «Рашид», «Тадбиркор Хўжайли», «Авездурдиев Мекан» фермер хожалықларына тийисли болған қаржылар фермер хожалықларына өндирилип берилди.

Исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаў, оларға ҳуқықый түсиниклер бериў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар қатнасында дүзилген исши топар ағзалары тәрепинен исбилерменлердиң жумыс орнына барып ушырасыўлар өткерилмекте.

 

Қ.ЕМБЕРГЕНОВ,

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын

көрип шығыў қабыллаўханасының

Тақыятас районлық қабыллаўханасы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF