Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:21:31, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА КОДЕКСТИҢ ӘҲМИЙЕТИ

Мәмлекетимизде сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслери халықаралық нормалар ҳәм де демократиялық принциплерге толық жуўап бериўинде миллий нызамшылық ҳәм сайлаў әмелиятымыздың әҳмийети жүдә күшли болып табылады.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 22-декабрьде Олий Мажлиске жоллаған биринши Мүрәжатында Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў ўазыйпасын күн тәртибине қойған еди. Сайлаў кодекси жойбарын таярлаў ўазыйпасы 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын 2018-жыл — «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилди.

Мәмлекетимиздиң социаллық-сиясий ҳәм ҳуқықый турмысын жетилистириўге қаратылған реформалар бүгинги күнде өзиниң әмелий нәтийжесин көрсетип, усы жылдың 25-июнь күни Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси тасты­йықланды. Кодекс 18 бап, 103 статьядан ибарат болып, Президент, Нызамшылық палатасы депутатлары, Сенат ағзалары, жергиликли кеңеслер депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў тәртибин белгилейди. Бурын усы сайлаўларды өткериў тәртиби айрықша нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салын­ған еди.

Кодекске муўапық, сайлаўларда ҳәр бир пуқара бир даўысқа ийе болады. Өзбекстан Республикасында сайлаў улыўма, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў арқалы өткериледи. Сайлаўға таярлық көриў ҳәм де оны өткериў ашық ҳәм жәриялылық түринде әмелге асырылады. Сайлаўда еркин ҳәм жасырын даўыс бериледи. Сайлаўшылардың қәлеўин қадағалаўға жол қойылмайды.

Сайлаў кодекси менен сайлаў округлери ҳәм участ­каларын дүзиў, сайлаў комиссиялары жумысын шөл­кемлестириў тәртиби белгиленген. Оған муўапық, Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўды өткериў ушын 150 аймақлық сайлаў округи дүзиледи. Бурын 135 округ дүзилген ҳәм 15 депутат Өзбекстан экологиялық ҳәрекетинен сайланған. Енди Өзбекстан экологиялық партиясы шөлкемлестирилгенлиги себепли, усы партия депутатлыққа өз талабанларын улыўма сайлаўларға қойған ҳалда Нызамшылық палатасынан орын ийелеўи мүмкин.

Буннан тысқары, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими қәлиплестириледи. Яғный, сайлаўшылар Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтына сайлаўшылардың дизими ҳаққындағы өзи ушын керекли мағлыўматларды алыў имканиятына ийе болады.

Сайлаў комиссиясы системасына Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары, округлик сайлаў комиссиялары ҳәм де участкалық сайлаў комиссиялары киреди.

Сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик органларынан, жәмәәт бирлеспелеринен ҳәм лаўазымлы шахслардан ғәрезсиз ҳалда әмелге асырады. Мәселелерди көрип шығыў ҳәм қарарлар қабыл етиў сайлаў комиссиясы тәрепинен коллегиал тәризде әмелге асырылады. Сайлаў комиссиялары өз жумысын ашық ҳәм жәриялылық түринде алып барады.

Сондай-ақ, Кодексте участка сайлаў комиссиялары жайласқан имаратлардың үскенелениўине байланыслы талаплар өз сәўлесин тапқан. Атап айтқанда, сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларда сайлаў участ­касының картасы, зәрүр мебель, офис техника қураллары болыўы керек.

Сайлаўлар саат 08.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи. Буннан алдын саат 06.00 ден саат 20.00 ге шекем өткерип келинген еди.

Сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан бир күн алдын жәмәәтшилик пикирин сораўлар нәтийжелерин, сайлаў нәтийжелери болжаўларын, өткерилип атырған сайлаўға байланыслы басқа да изертлеўлерди жәриялаў, ҳәммеге мәлим етиў, сондай-ақ, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жайластырыў қадаған етиледи.

Кодексте сайлаў ҳаққындағы нызам ҳужжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болыўы белгиленген.

Бул Кодекстиң турмысқа енгизилиўи мәмлекетимизде сайлаў процесслери және де жәриялылық руўхында өтиўин тәмийинлейтуғын жаңаланған әмелияттың орнатылыўын ҳуқықый жақтан кепиллеўге тийкар жаратты.

З.К.Аметова.

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының

Нөкис фи­лиалы юрисконсульти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF