Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:52:08, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИЙҚАНШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢА УСЫЛ, ЖАҢА ТЕХНОЛОГИЯ...

Пахта ­ қуяш перзенти, күнлер ысыған сайын болық ғореклер писип ашылады. Қызыққа, уша басына шекем сырғыған ғорекли бир түбин санасақ, 149 шықты... Буны көптен берли көргенимиз жоқ еди.

­ Шигит егилген 30 гектарды саралап тергенимизде шәртнама жобасын 20 центнерден, 64 тонналық дәслепки қырман жаратылды. Үш жыл қатарына гектар есабына 40 центнерден өним жетистиргенликтен 40 центнершилер қатарына қосылдық. Быйылғы шегимиз 45-50 центнерден зыят, - дейди районда пахта тапсырыўдың жобалы тапсырмасын биринши орынлап шыққан «Аймурат қаңлы» фермер хожалығының баслығы Расул Султанов.

­ Пахтамыздың еле басы бузылмай турыпты. Күни кеше 129 килограмм «ақ алтын» терип, үйге 129 мың сум алып қайттым, - деди еки аўыз сөйлесиўге қымбатлы ўақтын қыймаған шәпик қоллы теримши Базар Хожаниязова.

Ғаўаша күн санағанлықтан апрель айы ишинде шигит егисин байытып, хожалық ағзалары ўақыт пенен санаспай агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизгенликтен мол өним топлай билген...

«Атыз толтырып, бир тегис өскен бийдай атызлары кеминде 55-60 центнерлик өним берер» деген сораўымызға «80-90 центнерден дәмем бар. Быйыл жерди лазер усылында тегислейтуғын 400 миллион сумлық үскене ҳәм 180 миллион сумлық сеялкасына қоса сатып алдық. Өткен жылы боян тамыр, балық сақлап, өршитиў бойынша республикамыздағы фермер-исбилерменлер менен Индонезия мәмлекетине барғанымда бираз нәрселер үйрендим. Сырт ел тәжирийбесинде бийдайдан 80-100 центнерлик өним алыў орташа көрсеткиш. Жерди лазер менен тегислеп, сеялкасында 1 гектарға 160 килограммнан туқым шашқанның өзинде 140 килограммнан үнемленеди...

Әлбетте, жумыслардың барлығы адам қолы менен исленеди. Киши машина-трактор паркине ис өнимдарлығы жоқары техника ҳәм әсбап-үскенелер сатып алынған. Жумыстың көзин билип, ықласлана мийнет етип атырған хожалық ағзалары қатары механизаторлардан Б.Убайдуллаев,   М.Эгамбердиев, А.Юсупов, Р.Турдалиев, А.Жуманиязов, Я.Мадрахимов, Ы.Ахмедов, А.Турдыев ҳәм И.Алламбергеновлардың атлары мақтаныш пенен тилге алынады.

Жерлерди егиске таярлаўдан баслап ғаўаша тәр­биясы, жыйын-терим жумысларында «Жайҳун» АПЖ аймағында жасаўшы алпыстан аслам қыз-келиншеклер келисим шәртнамасы бойынша ислесип атыр. Комбайннан басқа аўыл хожалығы техникалары, әсбап-үскенелери жеткиликли бол­ғанлықтан сырттың жәрдемине мүтәж емес.

Пахта ҳәм бийдайдан мол өним жетистириўде ески усыллардан ўаз кешип, дийқаншылықта жаңа технологиялардан утымлы пайда­лан­ғанлары өз нәтийжесин бермекте. Әлбетте, бундай жаңаланыў бәршени қуўанышқа бөлемекте.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF