Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:28:00, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МӘНАЎИЯТ ФЕСТИВАЛЫ»:  УМЫТЫЛМАС ДИЙДАРЛАСЫЎ ҲӘМ УШЫРАСЫЎЛАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына  бағышланып, еки күн даўамында «Мәнаўият фестивалы» болып өтти.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, оның Қарақалпақстан бөлими ҳәм «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөл­кемлестирилген илаждың тий­карғы мақсети, қарақалпақ ҳәм өзбек  халықларының руўхый-мәдений мийрасының өзине тән өзгешеликлериниң мәнаўий әҳмийетин сәўлелендириў болып табылады. Соның менен бирге, Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, дөретиўшилик жумыслардың мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, ишки туризмди раўажландырыў, заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланған ҳалда миллий қәдириятлар, тарийхый орынлар туўралы кеңирек мағлыўмат бериў, оларды үгит-нәсиятлаўды күшейтиў болып табылады.

Илаж Нөкис қаласындағы Бердақ бабамыздың естелигине гүл шеңберлерин қойыў менен басланды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық және тәлим-тәрбияның бирлиги» темасында илмий-әмелий конференция болып өтти.

Илажды республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов басқарып барды. Буннан кейин Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң белсендиси, философия илимлериниң докторы, профессор Ж.Шермухамедова, «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Р.Мусурман, Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театрының актёры М.Салимов, «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетиниң баслығы Б.Хусанов шығып сөйлеп, елимизде руўхый-ағартыўшылық жумысларды системалы шөлкемлестириў, бул бағдардағы илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, халықтың, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалын, ой-пикири ҳәм дүньятанымын кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

— Дүньяда идеялық-идеологиялық гүреслер кескин даўам етип, руўхый қәўип-қәтерлер күшейип атырған ҳәзирги дәўирде бундай илажлардың өткерилиўи айрықша әҳмийетке ийе,-дейди философия илимлериниң докторы, профессор Жамила Шермухамедова. — Усы көзқарастан қарағанда фестиваль халықтың, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалын, ой-пикири ҳәм дүньятанымын кеңейтиўге, идеологиялық иммунитетти беккемлеўге, ўатансүйиўшилик, халыққа сүйиспеншилик ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўға хызмет етиўи менен де әҳмийетли...

Илажда «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийетине қабыл етилген ағзаларға гүўалықлар ҳәм көкирек белгилери тапсырылды.

Қатнасыўшыларға республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Усы күни «Маърифат тур» жойбары шеңберинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат ҳәм «Қарақалпақстанда бүгинги туризм» темасында ушырасыў болып өтти.

Буннан кейин қатнасыўшылар Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында да болды. Бул жерде «Ўатан муқаддес, оны қорғаў әдиўли миннет!» сүрени астында әскерий хызметкерлердиң илим, мәденият, көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Д.Чориев мийманларды қутлықлап, елимизде Қураллы Күшлер тараўын реформалаў, әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Дөретиўшилер шығармаларынан үзиндилер оқып берди.

Илаж қатнасыўшыларына Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының жәмәәти тәрепинен Б.Айтмуратовтың «Мойнақтың бахытлы таңлары атты» спектакли қойып берилди.

Фестивальдың екинши күнинде илаж қатнасыўшылары Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»н­де болды. Мийманлар жаратылған шараятлар, тәрбияланыўшылардың  оқыўда, мәденият ҳәм спорт бағдарында қолға киргизип атырған жетискенликлери менен танысты.

Бул жерде «Балаларға мәнаўият берип...» акциясында руўхый-ағартыўшылық илажы шеңберинде белгили жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыў өткерилди. Тәрбияланыўшыларға китаплар саўға етилди. «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң ғумшалары» ансамбли ҳәм «Қарс» топары ағзаларының атқарыўында концерт бағдарламасы мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Буннан кейин фестиваль Мойнақ районында даўам етти. Илаж қатнасыўшылары Мойнақ экология музе­йинде ҳәм «Кемелер қойымшылығы»н­да болды.

Райондағы «Арал» ҳәм «Таллы өзек» мәкан пуқаралар жыйынларында болып өткен ушырасыўларда атап өтилгениндей, елимизде жаслардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў, сол тийкарда бәнтликти тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар атап өтилди. Соңғы бир жылдың өзинде Мойнақ районында алып барылған қурылыс және абаданластырыў жумыслары бәршеге айрықша қуўаныш бағышламақта.

Районлық Мәденият бөлиминде мийманлар ҳәм район жасларының қатнасында «Мәденият Мойнақтан басланады» сүрени астында «Бес баслама-бес имканият» темасында мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди. Онда китап ярмаркасы, жаңа китаплар, соның ишинде, қарақалпақ фольк­лорының  100 томлығы, жас сүўретшилер тәрепинен сызылған сүўретлер, жас өнертменлердиң қол мийнетлери, миллий кийимлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

— Илаж қатнасыўшылары Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс және дөретиўшилик жумысларының гүўасы болды,-дейди Өзбекстан халық артисти, Ш.Айтматов атындағы халық­аралық сыйлықтың ийеси Мырза Азизов. — Бир ўақытлары бул аймақта жасаў қыйын дегенлер бүгин ҳәўес пенен қарамақта. Буны бир ғана Мойнақ районы мысалынан көриўимизге болады...

Илаж соңында еки күн даўам еткен фестивальға белсене қатнасқан­ларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен «Миннетдаршылық хаты» ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қатнасыўшыларға республикамыз ҳәм районлық көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF