Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:58:24, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯ — АПАТҚА ЖОЛ

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында Әдиллик министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери менен «Коррупция апатқа жол» темасында дөгерек сәўбет өткерилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы бажыхана бас­қармасы баслығы орынбасары Н.Османов кирис сөз бенен ашып, халқымыздың ҳуқықый санасы ҳәм мәде­ниятын асырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириў, коррупция, оған имкан беретуғын дереклерди анықлаў ҳәм оған өз ўақтында шек қойыў мәмлекет, жәмийет турмысының барлық тараўларындағы ең баслы ўазыйпа екенлигин айтып өтти.

Сондай-ақ, дөгерек сәўбетинде сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова коррупцияға қарсы гүресиў жөнелисиндеги жумысларды жеделлес­тириўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқталып өтип, бул бағдарда бажыхана тараўындағы жумыслар нәтийжелилигин, сондай-ақ, коррупцияға қарсы нызамбузыўшылыққа жол қойғанлық ушын қатаң жазаның белгиленгенлиги принципин тәмийинлеўде хызметкерлердиң жеке жуўапкершилигин асырыў тийкарғы мақсетке айланыўы кереклигин еслетип өтти.

Буннан кейин сөзге шыққан басқарманың өз қәўипсизлиги бөлими топары хызметкери Қ.Хайдаров коррупция иллетлери ҳәм оның унамсыз ақыбетлери, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана органларында коррупция ҳалатларына жол қоймаў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша 2019-жылдың январь-август айлары даўамында әмелге асырыл­ған жумыслар, алдында тур­ған әҳми­йетли ўазыйпалар ҳаққында қатнасыўшыларға толық мағлыўмат берди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар тәрепинен сораўларға қәнигелер толық жуўаплар берди. Сондай-ақ, бажыхана уйымларында коррупцияға байланыслы жағдайларға гүўа болғанда, мәмлекетлик бажыхана уйы­мының 11-08 қысқа номерли исеним телефонларына ямаса 224-24-19 номерине қоңыраў етиўи мүмкинлигин еслетип өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана

басқармасы Мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF