Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:56:55, 09.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘМИЙЕТТИ ЖЕМИРИЎШИ ИЛЛЕТКЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСЕЙИК

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизмлерин жетилистириў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратыл­ған болып, бул бағдарда елимизде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Президентимиздиң усы жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарлама»сы тастыйықланды. Қабыл етилген бул бағдарлама кең жәмийетшилик арасында коррупцияның унамсыз ақыбетлерин үгит-нәсиятлаў ҳәм оған қарсы гүресиў жумысларын еле де жети­листириўде әҳмийетли болып табылады.

Соның менен бирге, коррупция менен байланыслы болған жынаятлардың алдын алыўда «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди. Нызамның тийкарғы мақсети ­ оған қарсы гүресиў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат. Сондай-ақ, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына кери тәсир көрсетиўши бул иллетке қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми сыпатында хызмет етеди.

Усы орында атап өтиўимиз тийис, юридикалық энциклопедия түсиндирме сөзлигинде ­ коррупция лаўазымлы шахслар тәрепинен оларға берилген ҳуқықлар ҳәм ҳәкимият имканиятларынан жеке байлық арттырыў жолында пайдаланыўды билдириўши ҳәрекет ямаса мәмлекетлик басқарыў тараўындағы жынаятлы ис деп атап өтилген.

Әлбетте, бундай ҳәрекетлерге жол қоймаўда жоқарыда атап өтилген ҳуқықый ҳүжжетлер бул бағдардағы жумыслардың унамлы тәрепке өзгериўине ҳәм жәмийетимиздиң гүллеп-раўажланыўына хызмет етери сөзсиз. Солай екен, коррупцияға қарсы гүресиўде халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлериниң ҳуқықый саўатын жетилистириў, билимлендириў мәкемелеринде ҳуқықый тәлим ҳәм тәрбия мәселелерине айрықша итибар қаратылса, гөзленген мақсетке ерисиўимизде өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетеди.

 Сонлықтан коррупцияға қарсы гүресиўге тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери емес, бәршемиз теңдей жуўапкершилик пенен қараўымыз тийис. Бул жат иллеттиң алдын алыў ҳәм оны сапластырыўда биргеликте ҳәрекет етсек абадан турмысты тәмийинлеўге ерисемиз деп ойлаймыз.

Ж.ДАЎЛЕТБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик

музейи юрист мәс­ләҳәтшиси. 2-дәрежели Әдиллик кеңесшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF