Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:33:37, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОЛА МЕДАЛЬ ҲӘМ ОЛИМПИАДА ЖОЛЛАМАСЫ

Усы күнлерде Қазақстанның Нур-Султан қаласында спорт гүреси бойынша гезектеги жәҳән чемпионаты өткерилмекте. Бул чемпионаттың өзгешелиги, онда келеси жылы Токиода өткерилетуғын XXXII жазғы Олимпиада жолламасы да ойналады.

Дәслеп гилемде грек-рим гүреси шеберлери беллести. Биз ушын қуўанарлы тәрепи, жерлесимиз, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене мәденияты факультетиниң 4-курс студенти Жалғасбай Бердимуратов 77 килограмм­ға шекемги салмақ категориясында қола медалын қолға киргизиў менен бирге олимпиада жолламасын да жеңип алды. Чемпионатты венгриялы Тамаш Лёринцтен жеңилис пенен баслаған ол өтиў турниринде украиналы Володимир Яковлиев ҳәм литвалы Паулиус Галкинасларды тәслим етип, үшинши орын ушын болған беллесиўде гилем ийеси, қазақстанлы Асхат Дилмухаммедов пенен күш сынасты. Кескин гүреслер астында өткен беллесиўде 3:1 есабында Жалғасбайдың қолы бәлент келди.

Қараөзек районында дүньяға келген Жалғасбай Бердимуратов бир неше жыл даўамында тренери Рустем Ерназаровтың қол астында спорттың гүрес түрлери менен шуғылланып келген. 2016-жылы Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алған ол жоқары оқыў орнына тест сынақларысыз қабыл етилген еди. Өткен жыллар ишинде Жалғасбай Өзбекстан сайланды командасы қурамында жоқары нәтийжелерди қолға киргизди. Атап айтқанда, быйыл 24-февральда Хорватияда өткерилген халықаралық турнирде жеңимпаз атанған болса, 15-18-июнь күнлери жаслар арасында Қытай Тайпэйиниң Тайчжун қаласында болып өткен Азия чемпионатында сыйлы екинши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, Нур-Султандағы жәҳән чемпионатында өзбекстанлы спортшылардан Арам Варданян (гүмис медаль), Рустам Ассакалов (қола медаль) ҳәм Елмурат Тасмуратовлар да олимпиада жолламасын қолға киргизди.

Ҳаял-қыз палўанлар жарысты кеше баслаған болса, еркин гүрес шеберлери ертеңнен баслап беллесиўлерге кириседи.

Спортшыларымыздың бул жетискенликлерин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жылы Токио (Япония) қаласында болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиа­да ҳәм XVI Паралимпия ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимизде әмелге асырылып атырған илажлардың әмелдеги көриниси сыпатында көрсетип өтиў мүмкин.

Биз болсақ, қарақалпақстанлы спортшылардан Бахтияр Нурыллаев (1996), Мансур Чашемов (2008) ҳәм Рустам Жаңабаев (2016) лардан соң төртинши Олимпиада қатнасыўшысына айланыўы күтилип атырған Жал­ғасбай Бердимуратовты бул табысы менен республикамыздың кең жәмийетшилиги атынан қызғын қутлықлап, Токиодан да табыс пенен оралыўына тилеклеспиз.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF