Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:55:32, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАХТАНЫ ӨРТТЕН САҚЛАЙЫҚ

Пахта шийки заты мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўында үлкен орын ийелейди. Халық хожалығында пахта яки оның өнимлери қолланылмайтуғын тараўдың өзи жоқ.

Соның ушын да пахта шийки заты ҳәм қайта исленген пахта өнимлериниң өрт қәўипсизлиги мәселеси айрықша әҳмийетке ийе.

Пахта ҳәм пахта шийки затының жүдә төмен температурада да алысыўы, буның нәтийжесинде төмен қуўатлы дәреклерден, ыссылық ҳәм химиялық өзинен-өзи жанып кетиўге ме­йиллиги, өрттиң пахта өнимлери бо­йлап қатты тезликте тарқалыўы олардың өртке қәўиплилик дәрежесин белгилейди. Пахта талшығы тийкарынан пахта фондларында пахта тайлары түринде сақланады. Өрт жүз бергенде олардың үстинги бөлими менен бир қатарда ишки бөлими де жана баслайды. Жалын тутас көринисте ишке кирип барады ҳәм өним пүткиллей жанып кеткенге шекем даўам етеди. Өрттиң тарқалыў тезлиги ығаллылыққа, жалынның тарқалыў жөнелисине ҳәм де жайласыў қалыңлығына байланыслы болады. Пахта жайлас­қан аймақларда өрт келип шыққанда оның дәслепки раўажланыў басқышында-ақ жүдә көп күш ҳәм қуралларды сарп­лаўға туўра келеди. Өрт өшириў қуралларын таярлаў ўақты жүдә қысқа болыўы ҳәм қоңсы фондларға өтип кетиўи ўақтынан, яғный, 3 минуттан артық болмаслығы лазым.

Жалынды қоршап алыў, сапластырыў ҳәм де қоңсы фондты суўытыўда самалдың бағдарын есапқа ала отырып, өрт өшириў қуралларын фонд үстине жеделлик пенен максимал дәрежеде жәмлеў талап етиледи.

Фондларда жүз берген өртти сапластырыў ушын көбик пайда етиўши еритпелер узатылады, жанбаған қоңсы фондларды қорғаў ушын суў бериледи. Фондлардың үстинги бөлими жан­ғанда шашыратылған суў ағымы бериледи.

Пахта пунктлеринде жүз бериўи мүмкин болған өртлерди сапластырыў қай дәрежеде қыйыншылық туўдыратуғынын жоқарыда көрип өттик. Соның менен бир қатарда, өртлердиң алдын алыў мақсетинде Қоңырат ра­йоны өрт қәўипсизлиги бөлиминиң жеке қурамы тәрепинен пахта сақлаў пункт­леринде күни-түни нәўбетшилик шөлкемлестирилип, жеке қурам менен өрт өшириў бойынша әмелий тактикалық шынығыўлар өткерилди ҳәм олар бойынша дүзилген оператив өрт өшириў режелери қайта үйренип шығылды.

Есмурза БЕКМУРЗАЕВ,

Қоңырат районы ӨҚБ, I-санлы ӘӨҚБ смена баслығы, аға лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF