Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:09:17, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕЛЕШЕК ӘЎЛАД БИЛИМЛИ БОЛСЫН ДЕСЕК...

Қарыз өтелиўи менен әзиз болғанындай, ҳәр қандай тапсырма да орынланыўы менен қунлы. Айтайын дегенимиз, республикамыздың билимлендириў тараўында қаншелли жетискенликлерге ериспейик, бул бағдардағы алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси мәмлекетимиз тәрепинен билдирилип атырған исенимге, қаратылып атырған айрықша ити­барға бүгинги күн талаплары дәрежесинде жуўап бере алмай атырғандай түйиледи.

Өйткени, билимлендириў мәкемелериниң сабақлықларында, бир қатар сынап көрилип атырған интерактив метод, сәўбетлесиў, семинар, конференция, ойлап тап (эврика), сәўбет, бәсеки-тартыс ҳәм басқа да усылларда өтилип атырған сабақлар менен де айрықша көрсеткишлерге яки турақлы нәтийжелерге ерисе алмай атырғандаймыз.

Мәселен, билимлендириў мәкемелериндеги дәстүрий сабақ өтиў регламентин көрип шығатуғын болсақ, муғаллимлер күнделикли сабақ исленбеси бойынша сабақларды шөлкемлестириў ушын 2 минут, өтилген тапсырманы сораўға 20 минут, өтилген теманы беккемлеўге 3 минут, жаңа теманы түсиндириўге 18 минут, улыўма жуўмақлаўға 2 минут, жәми 45 минут ўақыттан пайдаланады. Бирақ, усы ўақыт ишинде муғаллим имканы болса 5-6 оқыўшыдан ғана үйге тапсырманы сорап үлгериўи мүмкин. Егер биз, бир класс оқыўшыларының санын орташа 30 деп алып қарайтуғын болсақ, үйге тапсырманы 20 процент оқыўшыдан ғана сорап үлгере алады екенбиз. Демек, 80 процент оқыўшының үйге тапсырманы орынлағаны ямаса орынламағаны итибардан сыртта қалып қойып атыр деген сөз. Усы жерде, сабақ өтилгени менен әҳмийетли ме ямаса тапсырма орынланғаны менен қунлы ма, деген сораў туўылады. Қандай жағдайда да исленген мийнет баҳаланып, ал, тапсырылған тапсырма толық орынланбайды екен, ол жерде қандай нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин? Биз бул 20 процентлик көрсеткиш пенен халқымыздың улыўма билимлендириўге болған талапларын қанаатландыра аламыз ба? Бул сораўларға мектеплердеги күнделикли сабақ процесслеринен жуўап излеп көрейик.

Ҳәр күни турмысымызда мәлим болғанындай, муғаллимлеримиздиң басым көпшилиги сабақ процесинде тек сабаққа таярланып келген оқыўшылар менен ғана жумыс алып барғанды мақул көреди. Себеби, бул оқыўшылар муғаллимниң дыққатын өзине қаратып, тапсырмаларды орынлап ҳәм айтып бериў ушын қол көтерип, тахтаға шығады. Ал, туўма натық (меланхолик) ямаса бийпәрўа (флегматик) минезли оқыўшылар муғаллимниң итибарынан сыртта қалып, оның итибарға алмайтуғынлығын ҳәм талап етпейтуғынлығын есапқа алып, үйге тапсырмаларды орынламай келиўди әдет етеди. Нәтийжеде бул оқыўшыларда басқа пәнлерге де болған қызығыўшылығы төменлеп кетеди. Қала берсе, олардың оқыўға, жазыў ҳәм улыўма билим алыўға ықласының болмай қалыўы да сөзсиз. Бул жағдайлар олардың келешегине де унамсыз тәсир ететуғынлығы турмыстан мәлим. Ҳәтте, сол себепли бүгинги күнде өз исмин де жаза алмайтуғын оқыўшылардың улыўма билим бериў мектеплерин, колледж ҳәм лицейлерди питкерип атыр­ғанлығына жаның ашыйды. Бундай оқыўшылардың айырымлары жоқары оқыў орынларында оқып, питкерип атыр­ғанына не дейсиз? Улыўмаластырып айтқанда, мектеплеримиздиң тийкарғы мақсет — ўазыйпаларының бири де  жасларымызды келешек турмысқа таярлаўдан ибарат емес пе! Сонда өз атын да жаза алмайтуғын жаслар келешек турмысқа таяр деп айта аламыз ба!

Биз бүгинги күнниң илими, заманагөй технологиясы ҳәм ҳәр тәреплеме жаратыл­ған қолайлылықлары менен жоқарыда айтылған машқалаларды унамлы шешиўге ерисе алмасақ, билимлендириў тараўының бүгинги ҳәм ертеңги күнги талапларына жуўап бере аламыз ба? Неге дегенде, мектеп, лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде оқып билим алып атырған оқыўшылардың дерлик 20 проценттен артығы қосымша, төлемли курсларда оқып билим алып, пән олимпиадаларына, билимлер беллесиўлерине ҳәм басқа да ҳәр қыйлы таңлаўларға қатнасып, улыўма билимлендириў тараўының рейтингин көтерип киятырғанлығы да ҳеш кимге сыр емес. Буннан көринип турғанындай, тараўдағы нәтийжелер халқымыздың бүгинги билимлендириўдиң сапасына ҳәм талабына болған исенимин толық ақлай алмай атыр­ғандай түйиледи. Өйткени, қызығыўшаң ата-аналар қәйтсе де перзентлериниң төлемли курсларда оқып билим алыўына итибар қаратып, айына ең кем дегенде 200 мың сум қәрежет сарплап болса да балаларын мектептен тыс оқытыўды дәстурге айландырып атыр. Демек, ҳеш қандай билимлендириў сертификатына ийе болмаған, бирақ, жоқары нәтийжелерге ерисип атыр­ған бундай төлемли курс­лардың жетискенлигиниң сыры неде болыўы мүмкин. Егер бундай метод халқымыздың билимлендириўге болған талапларын қанаатландыра алады екен, неге биз де оны көре-биле тура бундай жаңаша оқытыў методларын ен жайдырмаймыз. Негизги мақсетимиз де тек ғана оқытыўда емес, ал, оқып излениў арқалы жоқары нәтийжелерге ерисиў емес пе?

Буның менен биз бүгинги дәстүрий оқытыў методларын қаралайжақ емеспиз. Ал, мектеплерде де оқыўшыларды жазыў, оқыў, излениў ҳәм керек жеринде тал­қылаў көнликпелерин раўажландыратуғын оқыў методларын ен жайдырсақ, ерискен   жеңислеримиз салмақлырақ болмас па еди, деген пикирлеримиз бенен бөлискимиз келеди. Айтажағымыз, мектеплеримиздеги сабақ про­цесс­лери тек үйге тапсырманы оқып ямаса ядлап айтып бериў менен шекленбей, ал, оқыўшыларға тапсырмаларды орынлаўға регламент белгилеп, ўақытты үнемлеўге, тахтаға шығып үлгермеген оқыўшыларды үй тапсырмасын жазып келиў көнликпесине үйретиўге, тахтаға шығып, оқып, айтып бериў арқалы оқыў көнликпесин жетилистириўге, тапсырманы орынлап атырған оқыўшының кемшиликлерин оқыўшылар тәрепинен табыўды да баҳалап, оқыўшының сабаққа дыққатлы болып отырыўын қәлиплестириўге, берилген тапсырманы қосымша мағлыўматлар менен толықтырып орынлатыў арқалы излениў көнликпесин пайда етиўдей талаплар менен сабақлар өтилгенде, барлық оқыўшылардың үй тапсырмаларын орынлағанлығын толық қадағалаған болар ма едик, деген пикирлер ойландырады.

Жаңа оқыў жылынан баслап халықаралық PISA баҳалаў бағдарламасы тийкарында оқыўшылардың билим дәрежесин баҳалайды екенбиз, бул бағдарламаның да баслы мақсетлериниң бири ­ оқыўшының ойлаў қәбилети, еркин пикирлеўи, ҳәр қыйлы жағдайлардан шыға билиўи ҳәм өз пикирин билдире алыў қәбилетин раўажландырыўдан ибарат деп көрсетилген.

Солай екен, оқыўшыларымыздың тек оқып ямаса ядлап, тапсырма орынлағаны жоқарыда айтылған талап­ларға жуўап бере алмайды.

Биз, билимлендириў тараўының жанкүйерлери келешек әўладтың «ақылы кәмил, билими зор» болыўы ушын еле де изленип, керек жеринде раўажланған мәмлекетлердиң оқытыў методларынан үйренип болса да билимлендириў тараўына жаңаланыў киргизсек, халқымыздың ағартыўшылық жумысларына салмақлы үлесимизди қосқан болар едик.

А.ТАЖИБАЕВ,

Шымбай районлық ХББне қараслы 4-санлы мектеп директоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF