Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:46:55, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САНААТТАҒЫ КӨРСЕТКИШЛЕР ҚАЙ ДӘРЕЖЕДЕ?

Быйылғы жылдың «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп белгилениўи бизнес субъект­лерин жедел ҳәм турақлы раўажландырыў жолындағы тосқынлықлар менен иркинишлерди сапластырыў, тийкарсыз тексериўлердиң алдын алыўға ҳәм тараўдың раўажланыўына имканиятлар жаратты.

Өткен жылдың январь-июль айларында республикамыздағы өндирис кәрханалары тәрепинен 6373,1 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болса, ал, быйылғы жылдың усы дәўиринде 7230,3 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда санаат ислеп шығарыў индекси 101,9 процентти қурады.

Атап айтқанда, таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў кәрханалары тәрепинен 2019-жылдың январь-июль айларында ислеп шығарылған өнимлер муғдары 235,6 миллиард сум, өндирис кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 6394,8 миллиард сум, электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 522,3 миллиард сумды, суў менен тәмийинлеў, канализация, шығындыларды утилиза­циялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 77,6 миллиард сумды қурады. Таяр өнимлер түрлерин кеңейтиў ҳәм өндиристи қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған режелер нәтийжесинде тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 1219,2 миллиард сумды қурап, оның улыўма санааттағы үлеси 16,9 процентке жетти.

Республикамызда санаат өндирисинде Нөкис қаласы республика санаат ислеп шығарыў көлеминиң 66,7, Тақыятас районы 7, Хожели 3,4, Әмиў­дәрья 3, Мойнақ 2,6 процентин қураған болса, ең аз үлес Тахтакөпир, Шоманай, Нөкис районларына туўра келеди. Сондай-ақ, бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыў бойынша жоқары технологиялы жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде Қараөзек, Қанлыкөл, Хожели, Шымбай ҳәм Елликқала районларында сезилерли дәрежеде ислеп шығарыў көлеминиң өсиўи тәмийинленди.

С.ТӘҢИРБЕРГЕНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы санаат

статистикасы бөлиминиң жетекши қәнигеси. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF