Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:44:04, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАЛАНТ МӘҢГИ ЖАСАЙДЫ

Аязий қосықлары дегенде әлбетте, бәршемиздиң көз алдымызға Қарақалпақ халқының байтереги, өлмес ҳәм қайталанбас талант ийе­си, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибра­йым Юсуповтың келбети елеслеп, оның қәлеминен дөрелген бай мазмунға ийе, қунлы қосық қатарлары қыялымыздан өтеди.

Әлбетте, илаҳий талантлы инсанлар өзи бул өмир менен хошласып, арамыздан кетсе де, дөреткен қосық ҳәм шығармалары арамызда мәңгиликке өмир сүреди. Мине усындай инсанлардың бири халқымыздың кеўил төринен орын алған, талант ийеси Ибра­йым Юсуповтың өлмес дөретиўшилик мийнетлери арамызда жасап келмекте.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында усы уллы байтерегимиздиң өмир ҳәм дөретиўшилик мийнет жолына бағышланған, белгили жазыўшы Муратбай Нызановтың қәлемине тийисли «Аязий» атлы драмалық шығармасы Қарақалпақстан көркем-өнер ғайраткери, режиссёр Б.Баймурзаев тәрепинен сахналастырылып, кең жәми­йетшиликке усынылды.   

Спектакльде Ибрайым Юсупов рольинде жас ҳәм талантлы актёр Көпжүрсин Алланазаров, Бийбизада (актриса Д.Нурыллаева),  Әмет Шамуратов (артист С.Ер­ния­зов), А.Шамуратова (актриса М.Сапаева), Мәтеке Жуманазаров (артист Д.Ембергенов) ҳәм басқа да актер-актрисалар өзлерине тапсырылған рольлерин шеберлик пенен көрермен ушын қонымлы етип атқарып шықты.

— Бул теберик инсанды елимизде жети жастан жетпис жасқа дейинги барлық жерлеслеримиз жақсы танып, еслейтуғыны анық. Оның дөреткен барлық қосықларының мәниси терең, әсиресе, келешек әўлад ушын тәрбиялық әҳмийети күшли. Өзбекстан Қаҳарманы, сүйикли шайырымыздың ролин атқарып атырған жас актёрды көрип, қыялымда әлпайым, жатық минез қаҳарман қайта тирилгендей болды. Буған сай жазылған нама ырғақлары, сахнаның безелиўи, қаҳарманлардың  кийимлери ҳәммеси де шеберлик пенен таңланғанлығының гүўасы болдым. Және де айта кететуғын нәрсе, спектакльдиң жуўмағында үлкен байтеректиң қулағанын сәўлелендирилген. Ша­йыр ушын бул дурыс ҳәм орынлы теңеў  болды,-дейди нөкисли З.Ембергенова.

Спектакль жуўмағында зал толған тамашагөйлер дағымастан қызғын қол шаппатлаўлар менен дөретиўшилик жәмәәтти қутлықлап, бул дөретпениң тарийхый ўақыяға айланатуғынлығын және бир мәрте атап өтти.

 

С.ТУРДЫБЕКОВА.

 СҮЎРЕТТЕ: спектакльден көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF