Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:44:16, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРЫ МӘНАЎИЯТ — ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ АЙНАСЫ

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан Хорезм ўәлая­тының Үргениш қаласында «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде болып өткен «Жылдың ең жақсы руўхый үгит-нәсиятшысы»  таңлаўының елимиз басқышында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң сектор баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист, юридика илимлериниң кандидаты Хожабай Қабулов жеңимпаз болған еди.

Биз оны қолға киргизген жеңиси менен қутлықлап, бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар әтирапында пикирлери менен ортақластық.

— Бүгинги күни мәнаўият мәселеси турмысымыздың барлық тараўларында тийкарғы мәселелерден бири болып қалмақта,-дейди таңлаў жеңимпазы Х.Қабулов.-Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен  халқымыздың руўхый турмысында кең көлемли реформалар ҳәм түпкиликли өзгерислер әмелге асырылып, елимиз басшысы тәрепинен айрықша әҳмийет берилмекте.

Мәнаўият инсанның көрки болып, оның ишки ҳәм сыртқы дүньясында өз көринисин табады. Халықтың руўхый мәденияты қаншелли жоқары дәрежеде болса,  елимиз де соншелли тез раўажланады. Президентимиздиң атап өткениндей, «Руўхыйлық ең тәсиршең ҳәм қүдиретли қуралымыз» болып табылады.

Елимиз басшысының басламасы менен қабыл етилген 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў уйымлары төменги буўынларының жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, олардың халық пенен пикирлесиўин тәмийинлеў, бул бағдарда нәтийжели жәмийетлик бирге ислесиў механизмин беккемлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп қойылып, бул ҳүжжетте түп мәнисинде жәмийеттиң руўхый-ағартыўшылық тараўына айрықша итибар қаратылғаны тосыннан емес.

Әне, усы мақсетлер менен ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, халық пенен пикирлесиўдиң жаңа заманагөй усылларын турмысқа енгизиў менен бирге жәмийетте руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларының мазмунын түп-тийкарынан жақсылаў, олардың көлемин кеңейтиў, системада жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң билими менен маманлығын избе-из арттырып барыў, қала ҳәм ра­йон дәрежесиндеги хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўдиң турақлы системасын жолға қойыў, тараўда жумыс ислеп атырған мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапық­ластырыў ҳәм олардың нәтийжесин арт­тырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 28-июльде «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳаққында»ғы қарары  қабыл етилди. Усы қарарға муўапық Руўхый үгит-нәсият орайы және Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайын бирлестириў жолы менен олардың негизинде республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы болып қайта шөлкемлестирилгени бәршемизге мәлим. 

Дүньяда идеялық-идеологиялық гүреслер кескин даўам етип, руўхый қәўип-қәтерлер күшейип атырған ҳәзирги дәўирде жаслар арасында миллий қәдириятларды писент етпеўшилик, олардың зыянлы жат идеялардың тәсирине берилиўи және бизиң менталитетимизге тән болмаған үрп-әдетлер, бузғыншы ҳәрекетлерге адасып қосылып қалыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-майда қабыл етилген «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары  халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың руўхый-интеллектуаллық қәбилетин, сана-сезими ҳәм дүньяқарасын раўажландырыў, идеологиялық иммунитетти беккемлеў, оларда ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўде үлкен бурылыс жасады.

Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, халықтың интеллектуаллық потенциалын ҳәм дүньятанымын кеңейтиўге, идеоло­гиялық иммунитетти беккемлеўге байланыслы илажлар бағдарламасы тастыйықланып, оның алтыншы «Жасларда саламат дүньяқарас, атап айт­қанда, китапқумарлық көнликпесин қәлиплестириў,  интернет, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ақылға уғрас  пайдаланыў мәдениятын арттырыў, оларда  мәлимлеме қәўип-қәтерлерине қарсы идеологиялық иммунитетти беккемлеўге қаратылған илажлар» бөлиминде «Елимиздеги кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин халықтың түрли қатламларына түсиндириў ҳәм идеологиялық иммунитетти беккемлеўде белсенди бол­ған республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети тәрепинен «Жылдың ең жақсы руўхый үгит-нәсиятшысы»  таңлаўын өткериў белгиленген еди.

Бунда символлық мәни бар. Себеби елимиз жәҳән жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеп, миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай жедел илгерилеп бармақта. Усы қарардан гөзленген мақсет — халқымызды, әсиресе, жасларымызды миллий қәдириятлар ҳәм ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийраслары тийкарында тәрбиялаў, олардың интеллектуаллық қәбилетин, сана-сезими ҳәм интеллектуаллық потенциалын ҳәм дүньятанымын кеңейтиўге, идеологиялық иммунитетти беккемлеў, Ўатанды сүйиўшилик ҳәм өзиниң халқы менен мақтаныш сезимлерин қәлиплестириў тийкарында миллий өзликти беккемлеўге қаратылған. Әлбетте, буның түп мәниси, ең дәслеп жәмийетимизде  миллий сана-сезимди раўажландырыў, «Инсанды өзгертпей турып, жәмийетти өзгертип болмайды» деген идея әтирапына бирлесип, келешекке қарай исенимли қәдем таслаў баслы ўазыйпамыз деп билемен.

Мәлим болғанындай, елимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки күнлеринде «Азат ҳәм абат Ўатан, еркин және абадан турмысты тәмийинлеў» мақсетин алған қойған едик.  Олар - журт тынышлығын, халықтың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм усы жолда хызмет етип атырған кәмил инсанларды тәрбиялаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар еди. Бүгинги күни алдымызға қойған мақсетке толық еристик деп, мақтаныш ҳәм исеним менен айта аламыз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

CҮЎРЕТТЕ: Х.Қабулов (солда) сыйлықлаў мәресиминде.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF