Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:21:49, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛИЙ ИДЕЯ ҲӘМ ИДЕОЛОГИЯ — КҮШ-ҚҮДИРЕТ ДЕРЕГИ

Ҳүрметли Президентимиз 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында «Алдымызға қойған үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда биз ушын күш-қүдирет дереги болатуғын миллий идеяны раўажландырыўымыз зәрүр»лигин айрықша атап өтти.

2019-жыл 8-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан раўажланыўының жаңа басқышында миллий идея­ны раўажландырыў концепциясын ислеп шығыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы шықты. Не ушын! Жуўап анық — биз алдымызға әпиўайы емес, үлкен ўазыйпаларды қойдық. Буның ушын үлкен руўхый энергия, үлкен күш керек. Миллий идея, әне усы вертикал-динамикалық раўажланыўға жетерли күш-қүдирет бериўши социаллық капитал, дерек болыўы лазым.

Раўажланған мәмлекетлерде миллий идея, мәмлекет мақсети халық мақсетлери менен өз-ара уйғынласып кеткен. «Бир аймақ — бир халық» исеними қәлиплестирилип, мәмлекет пуқараларын бирлестирген, улыўма мақсет жолына бағдарланғанлығына көплеп мысаллар келтирсек болады. Олардың басым көпшилигинде, миллий идея миллий қәдириятлар менен байланыс­тырылып, сиңдирилгенлигин көремиз.

Мәселен, «Тарийх — синтоизм — конфуций — самурайлар ерки қәдириятлары» негизинде япон миллий идеясы ислеп шығыл­ған. Ол адамларға исеним бағышлаған ҳәм хошаметленген, мектептиң тәр­биялық ислер системасы, идеясы реформаланған. Бирлескен миллеттиң жүдә үлкен мийнети нәтийжесинде дүнья «Япон кәраматы»ның гүўасы болды.

Қытайда болса — Конфуций тәлийматына мүрәжат етилди. Конфуций мийрасынан диний тәлиймат емес, бәлким, әдеп-икрамлылық тийкар сыпатында пайдаланды. Жаслар тәрбиясы «Ана Ўатанға хызмет ет ҳәм оған садық бол» идеясы тийкарында енгизилди.

АҚШ та мәмлекет идеологиясы жоқ, деп есапланады. Лекин, америкалылардың мәнаўиятын үйренген алымлар АҚШ сыяқлы идеологиясы күшли мәмлекетти табыў қыйын, деп айтады. АҚШта идеология ўазыйпасын «Америка арзыўы» (American Dream) атқармақта. Ол Америка мәмлекетиниң жоқары қәдириятлар жыйындысы болып, миллеттиң «мәнаўий анасы» деп түсиниледи.

«Америка арзыўы»ның тийкарғы түсиниклери-шахс еркинлиги, еркин исбилерменлик, демократия, жетискенликке ерисиў ушын мийнет етиўге бағдарланған.

Қубла Кореяда да миллий идея халықтың миллий өзлигине ҳәм жаслар тәрбиясына қурылған. Мектепте миллий идеяны жаслар санасына үрп-әдетлер, әдеп-икрамлылық идеаллар арқалы сиңдирилип барылады. Жасларды турмысқа таярлаўда шаңарақ, мектепке шекем билимлендириў тараўының орны айрықша. Ҳәзир кореец шаңарақлары улыўма бюджетиниң 56 проценти баланың инсан капиталы — Human Capital ушын жумсалмакта.

Бизиң миллий идеямыздың бас идеясы - «Миллий тиклениўден — миллий раўажланыўға қарай». Раўажланыў — ҳәрекетти талап етеди. Демек, миллий идеямыз ҳәрекетлер идеологиясы болып есапланады. Миллий идея адамларға реформалар кимлер ушын, не ушын екенлигин ҳәм оның әҳмийетин түсиндиреди. Уйқыдағыны оятады, отырғанды турғызады, турғанды жүргизеди, жүргенди жуўырыўға умтылдырады. Түсиндиреди. Себеби, «Не ушын?» екенлигин түсинбеген адамлар бирлеспейди, қол ушын тийгизип жумыс ислейди. Бири ислесе, екиншиси тамашагөй болып турады. Ал, оны жақсы түсинген адамлар бирлесип, аўызбиршиликте, заўыкланып мийнет ислейди. Нәтийжеде өмирден ыразы болады. Буның ушын Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Бийпәрўа тамашагөй емес, орынлаўшы болып, ийинбе-ийин турып ҳәрекет етиўимиз керек. Реформаларға жуўапкершилик — шәрт. Тамашагөй болып турсақ, алдымызға қойған мақсетимизге ерисе алмаймыз», деген сөзлерине қулақ салып, оған  әмел етиўимиз керек.

Миллий идея адамларға бахыт алып келип бермейди. Ол адамларды бахытқа баслап барады, бахытлы болыўға үйретеди. Идеяны сиңдирген халық ақыллы, мобиль, дос, қүдиретли болады.

Идеялық бирлик адамлардың қайсы ис-ҳәрекетлеринде көринеди?

  1. Өз-ара мийирман, пикирлес ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлағанда;
  2. Жумыста, оқыўда, инноваторлықта, исбилерменлик, илим, дөретиўшиликте, белсендиликте, оны миллий идея менен байланыстырып түсиниўлеринде;
  3. Шаңарақ, жумыс орнында, реал ҳәм виртуал өмирде өз-ара ақыл менен ис тутқанда;
  4. Миллий идеяны турмысымызға енгизиўде тосқынлық еткен бузғыншы идея­ларға қарсы тез ҳәрекетлеримизде (Мәселен, 2019-жыл апрель-май айларында мәмлекетлик тил бойынша басланған хештек бизиң бирлесе алыўымызды көрсетти).
  5. Бахытлы (өмирден ыразы) болыўға исениминде, сөз ҳәм әмел бирлигинде.

Миллий идеямыздың әҳмийетин бир сөз бенен айтатуғын болсақ, бул сөз — ыразылық. Бул пикир Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң шығармаларында, халқымыз бенен жанлы сәўбетлеринде қайта-қайта атап өтилди ҳәм кең түрде түсиндирилмекте. Мәселен, «Усы орында бир сораў туўылыўы тәбиғый: инвестиция деймиз, реформалар деймиз, модернизация, деймиз. Лекин бул өзгерислерден гөзленген тийкарғы мақсет не? «Журтымызда жасап атырған ҳәр қандай инсан миллети, тили ҳәм динине қарамастан,  еркин, тыныш, абадан ҳәм кур­ғын турмыс кешириўи, өмирде өткен күннен емес, келешектен емес, ал, бүгинги күннен ыразы болып жасаўы — бизиң бас мақсетимиз»,  деген еди Президентимиз.

Бул пикир миллий идеямыз теориясы ҳәм әмелияты ушын фундаментал, бирлесиўимизге тийкар болады.

Журтбасшымыз ҳәр дайым шығып сөйлеўлеринде, жасларды көбирек китап оқыўға шақырады. Жаслар келешеги менен байланыслы бес басламада да китапқумарлық  мәдениятын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес. Китап — жаслардың руўхый дүньясын байы­тады. Олардың дүнья қараслары, жәмийетимизге болған дурыс мүнәсибетлерин қәлиплестиреди.

Мәмлекетимиз басшысының «Миллий тиклениўден-миллий раўажланыўға қарай» китабында да ҳәр бир инсан, әсиресе, жасларымыз билиўи зәрүр болған идеялар, ибратлы пикирлер кең орын алған. Топлам өзине сай руўхый ғәзийне болды, десек ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Ҳүрметли Президентимиздиң «Китап оқымаған адамның да,  миллеттиң де келешеги жоқ!» деген пикири оғада әҳми­йетли. Себеби, ким китап оқыўдан тоқтаса, ол адам пикирлеўден тоқтайды. Демек, оған үзликсиз руўхый азық керек... Бул руўхый азықты әлбетте, биз китаптан аламыз. Сонлықтан да китапты көп оқыған адамның санасы ҳәм қәлбинде ҳеш қашан идеялық бослық болмайды.

П.ЖУМАМУРАТОВ,

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы

Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF