Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:52:18, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАЙТАХТ МЕКТЕПЛЕРИНДЕГИ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР 

Дүньядағы раўажланған мәмлекетлер тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, жәмийетлик турмысты өзгертиўге қаратылған реформалар ең дәслеп билимлендириў системасынан басланғанын көремиз.

Себеби, мектептеги тәрбияны өзгертпей турып, адамды, жәмийетти өзгертип болмайды. Билимлендириў ҳәм тәрбияның тийкары болса мектеп. Мектепти мектеп ететуғын күш болса муғаллимлер болып есапланады.

Жақында Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлиминде болып, соңғы жыллары пайтахтымыз мектеплеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жүз берип атырған жаңалықлар жөнинде айтып бериўди қалалық халық билимлендириў бөлими баслығы, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикалары халық билимлендириў ағласы Қурбаний Уматовтан өтиниш еттик.

Соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен инновациялық ҳәм креатив пикирлейтуғын заманагөй кадрларды таярлаў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында жоқары мәнаўият ийелери етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып, тараўды түп-тийкарынан жетилистириў бойынша мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен халық билимлендириў системасына байланыслы 6 пәрман ҳәм қарар, Министрлер Кабинетиниң 21 қарары қабыл етилип, тараўдағы реформалардың ҳуқықый-норматив тийкарлары беккемленди.

Бүгинги күни Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 50 улыўма орта билим бериў мектеплери болып, онда 56 мыңнан аслам оқыўшылар тәлим-тәрбия алмақта. Өткен 2018-2019-оқыў жылы қаламыздағы билимлендириў хызметкерлери ушын күтә көп жаңалық­ларға толы жыл болды. Соның ишинде өз кәсибиниң пидайысы болған тәжирийбели муғаллимлеримиздиң мийнетин баҳалаў мақсетинде «Халық билимлендириўи пидайысы» мәмлекетлик сыйлығының қабыл етилиўи, педагог хызметкерлердиң ис ҳақыларының қәнигеликлерине қарай 40 проценттен 72 процентке дейин көбейтилиўи, муғаллимлеримиздиң хызмет бабында жүргизип атыр­ған ҳүжжет түрлериниң жетеўден үшке, ал, мектеплерди тексериў 26 есеге қысқарыўы  усындай ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады. Соның нәтийжесинде муғаллимлеримиздиң оқыўшыларға сабақ өтиўдеги ықласы артып, тәлим сапасы әдеўир жақсыланды. Олар ҳәрқыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда, өткен оқыў жылы өткерилген пәнлер олимпиадасының республикалық басқышында 39 оқыўшымыз биринши, екинши, үшинши орынларды ийелеген болса, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, рус тили, өзбек тили, математика, информатика, химия, инглис тили пәнлеринен 14 оқыўшы олимпиаданың Өзбекстан басқышына қатнасыўға миясар болды. Ал, 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектептиң 10-класс оқыўшысы Әдилбек Әметбеков Ташкент қаласында өткерилген халықаралық олимпиадада «Экономика тийкарлары» пәнинен сыйлы орынға ылайық деп табылған болса, «Үмит нәлшелери­2018» спорт жарысларында Нөкис қаласы командасы биринши орынды ийелеп, Президентимиздиң саўғасы ­ «Дамас» автомашинасы менен сыйлықланды. «Жас қутқарыўшылар» спорт жарысында болса, 31-санлы қәнигелестирилген мектептиң командасы Өзбекстанда биринши орынды ийелеп, Қазақстан Республикасының Астана қаласында өткерилген халықаралық жарыста 18 команда ишинде үшинши орынды жеңип алды. «Жасыл шырақ» жарысында 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы Өзбекстанда екинши, 24-санлы мектептиң командасы «Темурбеклер» спорт жарысында Қарақалпақстанда биринши орынды қолға киргизди. 17-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Сырым Жумашев «Русский язык в моей жизни» халықаралық дөретиўшилик таңлаўында жеңимпаз, «Живая классика» таңлаўының республикалық басқышында, 46-санлы қәнигелестирилген мектептиң 9-класс оқыўшысы Айгүл Низаматдинова 1-орын, Қазақстан Республикасында өткерилген оқыўшылардың халықаралық экологиялық жойбарлар таңлаўында 20-санлы мектептиң оқыўшысы Ботакөз Ермағамбетова «Лучший проект в номинации социальное волонтёрство» номинациясын жеңип алыўға миясар болды.

Өткен жылы қаламыз мектеплериниң 9-класын тамамлаған 309 оқыўшыға айрықша гүўалықлар, 11-классты питкерген 67 оқыўшыға алтын, 33 оқыўшыға гүмис медальлар тапсырылды. Ал, муғаллимлеримиз болса, оқыўшы­ларға сапалы билим бериў менен бирге өзлериниң ис-тәжирийбелерин республикамыз бойлап кең ен жайдырыўға белсене қатнасып, «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы» таңлаўларында жеңимпаз атанбақта. Олардан 46-санлы қәнигелестирилген мектеп муғаллими О.Белый, 19-санлы мектеп муғаллими Н.Қәдиров, 38-санлы мектеп муғаллими Д.Халмуратова, 1-санлы қәнигелестирилген мектеп муғаллимлери Ҳ.Әбдижаббарова, М.Нурманова, 35-санлы мектеп муғаллими П.Даўылбаеваларды атап өтсек болады. Сондай-ақ, «Шарқ аёли» халық­аралық ҳаяллар қоры, «Русская миссия» автоном шөлкеми тәрепинен өткерилген «Ең жақсы рус тили муғаллими» таңлаўында 17-санлы мектептиң муғаллими Мадина Бержанованың жеңимпаз атаныўы педагог хызметкерлеримиздиң терең билим ҳәм бай ис-тәжирийбеге ийе екенлигин көрсетеди.

Және де Президентимиз басламасы менен шөлкемлестирилип атыр­ған «Президент мектеплери»ниң дәслепкисиниң Нөкис қаласында қурылыўы биз педагог хызметкерлер ҳәм оқыўшылар ушын күтә қуўанышлы ўақыя болды. Бул мектепке улыўма 144 оқыўшы қабыл етилген болса, соның 57 оқыўшысы Нөкис қаласында жайласқан мектеплердиң оқыўшылары болып табылады. Соның менен бирге, өткен оқыў жылында қала мектеплериниң 11-класын тамамлаған 1263 оқыўшының 562синиң тест сынақларынан табыслы өтип, жоқары оқыў орынларына кириўи билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың  жемисин көрсетеди.

Усы жылдың 23-август сәнесинде Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мир­зиёев басшылығында халық билимлендириўин еле де раўажландырыў, педагоглардың қәнигелигин ҳәм жәмийеттеги абырайын көтериў мәселесине бағышлан­ған видеоселектор мәжилисиндеги айтып өтилген ўазыйпалар биз педагогларға қатаң жуўапкершилик жүклейди. Бул ўазыйпалардан келип шығып, Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлими мектеплерде тәлим-тәрбияның сапасын арттырыў ҳәм оның нәтийжелилигине ерисиў ушын аянбастан хызмет етеди, деп халқымызды исендирип қаламыз.

Жазып алған: Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1. Қалалық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Қ.Уматов. 2. «Таслақ» елатында жаңадан бой тиклеген 49-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими М.Ешмуратова өз оқыўшылары менен.

Р.ОТАРБАЕВтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF