Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:58:33, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУТЫНЫЎШЫЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ ҲӘМ ИНСТИТУЦИОНАЛЛЫҚ СИСТЕМАСЫН

ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-январьдағы «Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4126-санлы қарарын нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинетиниң тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сия­сатты және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықлас­тырыўды әмелге асырыўшы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғын Өзбекстан Республикасы монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў Агентлигин (Кейинги орынларда — Агентлик) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин, төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелий орынланыўын тәмийинлеў;

тутыныўшылардың товарлар (жумыслар, хызметлер), олардың ислеп шығарыўшысы, орынлаўшысы ҳәм сатыўшысы ҳаққындағы анық ҳәм толық мағлыўматларды, соның ишинде, мәлимлеме коммуникация-технологияларын қолланған ҳалда алыў имканиятларын тәмийинлеў;

халықтың тутыныў ҳаққындағы билими ҳәм саўатлылығын арттырыўға қаратылған бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

тутыныўшыларға олардың ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаўда жәрдем бериў;

тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, товарлар (жумыслар, хызметлер) қәўипсизлиги ҳәм олардың сапасын қадағалаў тараўында бирге ислесиў;

тутыныўшылар ҳуқықының бузылыў себеплерин таллаў, оларды сапластырыў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықының бузылыў жағдайларының алдын алыў;

исбилерменлик ҳәм тутыныўшылық мәдениятын жетилистириў, реклама тараўында ҳадал емес бәсекиге ҳәм надурыс рекламаның жүзеге келиўине жол қоймаў мақсетинде реклама базарын тәртипке салыў;

тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў базарында пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен бирге ислесиў;

тутыныў базарын, мәмлекет тәрепинен баҳасы ҳәм тәртипке салынатуғын товарларға (жумыслар, хызметлер) баҳалардың динамикасы ҳәм баҳаның қәлиплесиў механизмлерин үйрениў;

тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў мәселелери бойынша сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиў.

  1. Төмендегилер:

Агентликтиң орайлық аппараты басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 38 хызметкерден ибарат структурасы 1-қосымшаға муўапық;

2019-2020-жылларда тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында әмелге асырылатуғын илажлардың бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3.Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң (кейинги орынларда — Комитет) аймақлық басқармаларына олардың шөлкемлестириўшилик структурасында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў басқармаларын шөлкемлестириў ушын қосымша 142 штат бирлиги ажыратылсын.

Агентлик ҳәм Комитеттиң аймақлық басқармалары тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў басқармаларының штат бирлиги 2019-жылда ти­йисли министрликлер ҳәм уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерин оптималластырыў есабынан жәмленетуғыны белгиленсин.

  1. Агентликке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

а) усақлап сатыў ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында товарлар ҳәм хызметлердиң бақлаўдағы сатып алыўын өткериў, оларды тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине сәйкеслиги жағынан экспертизадан (тесттен) өткерилиўин шөлкемлестириў;

б) тутыныўшылардан арза ҳәм шағымлар түскен жағдайларда тутыныўшылардың ҳуқықларына әмел етилиўин үйрениў;

в) тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыў жағдайлары жүз бергенде, исбилерменлик субъектлеринде (финанслық — хожалық жумысына араласпаған ҳалда) тексериўлер өткериў;

г) тутыныўшыларға товарлардың (жумысларды, хызметлерди) жарамлылық мүддетин, сақлаў ҳәм хызмет көрсетиў мүддетин бузған жағдайда реализациялаў ҳалаты анықланғанда:

өз ўәкилликлери шеңберинде тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама  ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыў жағдайларын саплас­тырыў бойынша мәмлекетлик уйымларға, мүлкшилик түрине қарамастан, шөлкем, мәкеме ҳәм кәрханаларға, сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлерге орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелерди киргизиў;

тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыў жағдайлары анықланғанда материалларды ўәкилликли уйымларға, сондай-ақ, тийисли хызметти әмелге асырыў ушын берилген лицензияның (рухсат бериўши ҳүжжетлердиң) әмел етиўин тоқтатып турыў, сапластырыў (бийкарлаў) ҳаққындағы мәселесин шешиў ушын тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлерге жибериў;

тутыныўшылардың белгили болмаған топарларының ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў, сондай-ақ,  тутыныўшылардың ҳуқықларын бузған шахсларға ҳуқықый тәсир көрсетиў илажларын қолланыў ушын судларға арзалар менен мүрәжат етиў;

д) күнделикли басылымлар, китап өнимлериниң қадағалаў нусқалары, теле ҳәм радио бағдарламалар эфирлеринде жайластырылған ҳүжжетли материаллар, рекламаны таярлаў, жайластырыў ҳәм тарқатыўға байланыслы материалларды бийпул алыў.

Агентлик ҳәм Комитеттиң аймақлық басқармаларына жүкленген ўазыйпаларға муўапық судларға көрип шығыў ушын киргизилетуғын даўалар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилсин.

  1. Агентликтиң тәмийнаты Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында Агентликтиң ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлар министрликлер, уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйым­лары, лаўазымлы шахслар, сондай-ақ, пуқаралар және мүлкшиликтиң түри ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан, хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен орынлаў ушын мәжбүрий екенлиги;

министрликлер, уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, лаўазымлы шахслар, сондай-ақ, мүлшиликтиң түри ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан, хожалық жүргизиўши субъектлер Агентликтиң талабына бола оған жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын зәрүр мағлыўматларды бериўи шәрт екенлиги;

Агентлик сапластырылған Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға жәрдемлесиў ҳәм бәсекини раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў бағдарындағы барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

Агентликке Комитет баслығының усынысына бола Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Агентлик директорының орынбасары Комитет баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

Агентлик директоры мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметлеринен пайдаланыў шараятларына муўапық министрдиң орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Агентликтиң хызметкерлерине Комитет хызметкерлери ушын нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў шәртлери ҳәм медициналық хызмет көрсетиў шәртлери қолланылатуғыны белгиленсин.

  1. Агентлик директорына Комитет баслығы менен келисилген ҳалда:

зәрүр жағдайларда, Агентлик орайлық аппаратының тастыйықланған структурасына Агентлик басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Агентлик басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде Комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық басқармалары тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў басқармаларының структурасы ҳәм басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны бойынша усыныслар киргизиў;

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети менен келисилген ҳалда Комитеттиң бюджеттен тысқары қаржылар есабынан мийнет ҳақы муғдары және басқа да төлемлерди белгилеў арқалы маман жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин хызметкер ҳәм кеңесгөй сыпатында тартыў;

Агентлик хызметкерлери ушын, нызамшылықта нәзерде тутылған бас­қа да төлемлерге қарамастан, Комитеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан, олар ийелеген тийкарғы лаўазымы бойынша лаўазым айлықларына (тариф ставкаларына) үстемелер ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлерди белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Агентлик:

а) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-февральға шекем «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Минис­трлер Кабинетине киргизсин, онда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықларының, тутыныўшылардың ҳуқықларының бузылыў жағдайлары анықлан­ғанда Агентликтиң усы шөлкемлер менен бирге ислесиўин, товарлардың (жумыслар, хызметлер) еркин экспертизасын өткериў механизмин нәзерде тутсын;

б) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы Пәрманға муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 11-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF