Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:17:55, 27.07.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРЕЗИДЕНТ  НӘЗЕРИНЕ  ТҮСКЕН ЖЕКЕ МЕНШИК — БАЛАЛАР БАҚШАСЫ

Балалар бақшасының тәрбияшылары ҳәр үйдеги еркетайларды ашық жүз бенен күтип алысады. Күн бойы ойынларға негизленген тәлим-тәрбия ислери менен шуғылланса ҳасла зеригип, шаршамас екен.

Аўқатландырып, уйқыдан оянғаннан кейин кесте бойынша орынланыўы керек ислерге бәнт болғанда ўақыттың қалай өткенин билмей,  «екинши үйи» менен қыймай хошласады...

­ 2018-жыл, ноябрь айының орталары еди. Республикамыз басшылары М.Ерниязов, Қ.Сариев ҳәм район ҳәкими пайдаланыўға берилгенине санаўлы күнлер болған «Қоңыраттың билимли, әжайып балалары» атлы жеке меншик бақшамызға күтпеген жерде келди.

«Президентимиз Ш.Мир­зиёевтиң дыққат-итибарындасыз. Ертең бир күннен республикамызға келгенде күтип алыўға таярсыз ба?» деген сораўына ойланып турмастан «Бәрқулла таярмыз...» деп жуўап бердим, - деп бақша меңгериўшиси Дилназ Абдуллаева өмириниң умытылмас, ең бахытлы демлерин еследи.

­ Көп балалы шаңарақта туўылып өстим. Узақ жыллар балалар бақшасында тәрбияшы болып ислеген анамның кәсибин таңлап, Ташкенттеги педагогикалық колледждиң мектепке шекемги тәрбия  бөлимин тамамладым. Ғәрезсизлик жылларында мектепке шекемги тәрбия мәкемелерине айрықша кеўил бөлинип, жеке меншик балалар бақшасын ашыўға рухсат берилгени қуўанышлы жағдай болды.

Исбилермен күйеўим Азамат пенен аўылымыздың балалары ҳеш кимнен кем болмаўы ушын шет тиллерин үйренип саўатланса руўхый дүньясы бай боларын ойлар едик. Соның ушын, ана тиллеримиз саналған өзбек, қарақалпақ тиллерине қосымша дүньялық ­ инглис, орыс тиллерин терең үйренип, басланғыш билим көнликпелерин алатуғын жеке меншик балалар бақшасын ашсақ деген бир жуўмаққа келистик. Район ҳәкимияты усынысымызды қоллап-қуўатлап, өзлеримиз жасайтуғын «Қоңырат» АПЖның тең жартысы бос турған еки қабатлы имаратын ең төмен көрсеткиште баҳалап, есабымызға өткерип берди. Банк­тен аз өсимдеги 1,5 млрд. сум муғдарында қарыз ақша алып, қурылыс, ири оңлаў жумысларын өзимиздиң көп тармақлы «Маткарим ноғай» фирмасының қурылысшылары алты айда сапалы питкерди, -деген Дилназаның ой-пикирлерин өмирлик жолдасы Азамат толықтырды.

­ Жумысларымыздың тез пәтлер менен жүрисиўи ушын интернет тармақларынан утымлы пайдаландық. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң алдын­ғы жылдағы Шаҳрисабз қаласындағы «Вундеркинд-ақыллы балалар» жеке меншик балалар бақшасына барғанларын телевизордан қызығыўшылық пенен көрдим. Бақшамызды талап дәрежесинде қурып питкергеннен соң интернет тармақларына жайластырғанымда, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тәнҳа өзи көрип, «Қарақалпақстанға барғанымда көпке үлги бул бақшаны өз көзим менен барып көремен» деген ойда жүрсе керек. Балажанлы Президентимиз сан-әлўан гүллер, бағ-бақшаға бүркелген қутлы босағамыздан  атлағанда әлпайым, мийирманлығына кеўлимиз толып, өзлеримизди қасында еркин услап-туттық. Тәрбияланыўшыларымызды баўырына басып, бала менен бала болып сөйлести. Ҳәтте, «Кранларыңыздан ишиўге жарамсыз техникалық суў ағып турған жоқ па!» деп тексерип көрди. Тәрбияланыўшыларымыз тәбиятқа жақын болыўы ушын «Жанлы мүйеш»теги ақ кептер, ақ қоян, қусларға өз қоллары менен дән шашып, суў бергенлерине қуўанғанда қосыла қуўаныстық.

Илим-техниканың жетискенликлери заманымыздың жақсы жағына қарай өзгериўине имканиятлар жаратты. Тынымсыз оқып, изленисте жүрип, интернеттен бақшамызға керекли жумсақ ҳәм қатты мебельлер, төсек орынлары, стол-стуллердиң үлги-сызылмаларын алдық. Қурылыс мате­риалларын алдын-ала таярлап, бөлмелеримизге ықшамлап өзлеримиз соққанда сапалы ҳәм баҳасы арзанлады.

Тоғыз жолдың дәрбентинде 5 мыңға жуўық адам жасайтуғын «Найман» деп ат кешкен аўылымыздың аты тарийх бетлерине жазылған. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында еки мәмлекетлик, бир-бирден жеке меншик ҳәм шаңарақлық балалар бақшаларында бақша жасындағы 473 бала толық қамтылғаны жақсы көрсеткиш. Аўыллардың жақын-алыс жайласыўына қарай жәми 90 тәрбияланыўшының елиўин хызметтеги үш «Дамас» машинасы менен азанда үйлеринен әкелип, кеште  апарамыз.

Күнделикли ислеримиз бақша жасындағыларға ылайық дүзилгенликтен бағдарламалар бойынша булжытпай әмелге асырылады. Жеке меншик бақшамыздың ислеў тәртиби, мәмлекет үлеси тең жарымы болғанлықтан ҳәр балаға айына 110 мың сумнан қаржы ажыратылып, электр энергиясы, тәбийғый ғаз, суў ҳәм басқа да төлемлерин төлегендеги жеңилликлери аўыллық жер шараятына қарай ата-аналар төлемин онша қымбат қоймадық.

Тәрбияланыўшыларымызға тойымлы, витаминли аўқатлар берилип, мийўе, жемис, овощ-палыз өнимлери менен турақлы түрде тәмийинлеп барамыз.

Аўыл турғынларының өтиниш-талапларына муўапық усы жылдың 19-августында жаңа үлгидеги жайлар салынған посёлканың бир имаратын өз атыма 50 орынлық «Азамат Тәжимуратовтың мәмлекетлик шериклик тийкарында шаңарақлық, мәмлекетлик емес мектепке шекемги мәкемеси»н ашып, бүгинги күнде жигирма бестен аслам ул-қызларымыз тәрбияланып атыр, - деген Азамат өз жумысларының барысын айтып берди.

Усылайынша бийғәрез елимиздиң аўыл-қалаларында жасаўшы заманласларымыз саў-саламат туўылып өскен ул-қызлары меншиктиң көплеген түрлериндеги балалар бақшалары менен мектеплеринде тәлим-тәрбия алып, келешекте арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынларында таңлаған кәсиплерин ийелеп шықса ел-халқына мәпи тийетуғын азаматлар болып ержетеди.

Дилназа Абдуллаеваның және бир табысы ­ тынымсыз мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, елимиз Ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы ҳүрметине «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланғаны ҳәммени шексиз қуўанышқа бөледи.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF