Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:50:13, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИММУНИЗАЦИЯ — ЖУРНАЛИСТЛЕР ДЫҚҚАТЫНДА

Мәмлекетимизде Миллий иммунизация бағдарламасын күшейтиў ҳәм турақлылығын тәмийинлеўде әмелий ҳәм консультатив жәрдем көрсетилмекте.

ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы жәрдеминде жаңа вакцина сатып алынды. Алдымызда енди оны сақлаў ҳәм емлеўди әмелге асырыўшы қәнигелер потенциалын жоқарылатыў ўазыйпасы тур. Емлеў бо­йынша халық арасында ҳәр қыйлы унамсыз түсиниклердиң бар екенлиги процессти ғалаба хабар қуралларында кеңирек сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятты еле де күшейтиўди талап етпекте. 

Пайтахтымыздағы «Массагет» мийманханасының мәжилислер залында ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы менен биргеликте «Бала саламатлығы, атап айтқанда иммунизация мәселелерин “ХҚда сәўлелендириў» темасында шөлкемлестирилген семинар-тренингте мине усы мәселелер ҳаққында сөз болды. Илаж­ға республикамыздағы ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда хызмет етип атырған журналист ҳәм блогерлер менен республикалық мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайынан қәнигелер қатнасты.

Тренинг журналист ҳәм блогерлердиң вакцинация ҳәм оның бала саламатлығына  унамлы тәсири, “ХҚда балаларды емлеў темасын сәўлелендириўдиң заманагөй усыллары, балалар саламатлығы мәселеси бойынша “ХҚ ҳәм социаллық тармақларда тарқалған материаллардағы стереотиплерди анықлаў ҳәм оларды бузыў, иммунизация бойынша “ХҚ материалларындағы жалған хабарларды анықлаў ҳәм тексериў бойынша билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыўға бағдарланды.

Илаж тренери, филология пәнлери кандидаты, доцент Наргис Қосимова иммунизация бағдарламасын әмелге асырыўдағы машқалалар, оларды сапластырыў бойынша журналистлер менен топарларға бөлинип, әмелий шынығыўлар алып барды. Онда вакцинацияның әҳмийети, тарийхы, емлеў бойынша ата-аналар, шаңарақлар санасына сиңип қалған айырым стереотиплерди бузыўға бағдарланған темалар пикир-алысыўлар орайында болды.

 Айтып өтиў керек, республикамыз ҳүкимети тәрепинен қәўипли инфек­циялар бойынша эпидемиологиялық турақлылықты тәми­йинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айт­қанда, республикамызда бир нешше жыллардан берли карантин ҳәм аса қәўипли кеселликлер, полиомиелит, дифтерия, ләң сыяқлы кеселлениўшилик жағдайлары дизимге алынбады. Глобалласыў процеси, республикамызға сырт еллерден туристлердиң келиўи жуқпалы кеселликлер санының артыўына себеп болмақта. Иммунопрофилактика тараўындағы жумысларды жанландырыўда “ХҚ имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, түсиник, үгит-нәсият жумысларын күшейтиў зәрүр.

— Бүгинги күнде емлеў календары бойынша республикамызда балалар 12 бас­қарылатуғын инфекцияға қарсы мәмлекет есабынан профилактикалық емленбекте. Миллий иммунизация календарына муўапық, октябрь айынан баслап жаңа вакцина енгизилиўи нәзерде тутылмақта. Ол жатыр мойны рак кеселлигиниң себепшиси есапланған инсан папиллома вирусына қарсы вакцина болып, 9-14 жастағы 400 мыңға шамалас қызларды усы вакцина менен мәмлекет тәрепинен бийпул емлеў режелестирилмекте. Вакцинация процеси октябрьде басланып, мектеплерде ҳәм медицинаның бирлемши буўынларында әмелге асырылады. 2020-жылдың апрелинде олар екинши мәрте емленеди.

Көпшиликти вакцина репродуктив жастағы қызлар саламатлығына кери тәсир көрсетпей ме, деген сораў ойландырады. Өткерилген изерт­леўлерге қарағанда, вакцина тек ғана организмди жатыр мойны рак кеселлигинен қор­ғап қоймастан, бәлким, қызлар саламатлығын беккемлейди. Нәтийжеде, Өзбекстанда 2060-жылларға барып ҳаяллардың жатыр мойны рак кеселлиги менен кеселлениў жағдайлары сапластырылады,-дейди тренингте сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайы­ның иммунопрофилактика бөлиминиң меңгериўшиси Әдил Досымбетов.

Усындай биргеликтеги илажлар балаларымыз саламатлығын беккемлеўде, өткир жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин асырыўда, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириўде және бир әҳми­йетли қәдем болып хызмет етери анық.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF