Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:36:08, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ВАКЦИНА ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ТӘМИЙИНЛЕНЕДИ

Мәмлекетимизде медицина тараўында әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли жумыслар халықтың, әсиресе, келешегимиз бол­ған балаларымыздың саламатлығын беккемлеў ҳәм жуқпалы кеселликлерге қарсы емлеўде профилактикалық шаншыў әҳмийетли болмақта.

Миллий шаншыў календары тийкарында республикамызда  ҳәр жылы 12 түрдеги жуқпалы кеселликлерге қарсы бийпул шаншыў илажлары өткерилмекте. Шаншыўлар тийкарынан емлеў-профилактика мәкемелериндеги шаншыў пунктлеринде; бала бақша ҳәм мектеп жасындағы балаларды ўақтыншалық шөл­кемлес­тирилген шаншыў бригадалары тәрепинен мектеп ҳәм бақшаларда өткерип келинбекте.

Республикамызда ҳәр жылы орташа 150.000нан аслам ҳәм жас өспиримлер ти­йисли шаншыўларын алыўы нәтийжесинде жуқпалы кеселликлерден сақланып келинбекте. Өзбекстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм ЮНИСЕФ халықаралық балалар шөлкеминиң жәрдеминде ҳаялларды жатыр мойны рак кеселлигинен қорғаў, кеселликтиң тарқалып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде 2019-жылдың октябрь айынан баслап миллий шаншыў календарына жаңа адам папиломасы вирусына қарсы вакцинаны киргизиў жобаластырыл­ған. Бул вакцина 9 жастағы қызларға 6 айлық интервал менен еки доза шаншылады. Өткерилип атырған бул илажларды және де жетилистириў мақсетинде «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасын және де беккемлеў проекти» тийкарында ЮНИСЕФ халықаралық балалар шөлкеминиң жәрдеми менен Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы жанынан барлық заманагөй қолайлылықларға ийе вакцина сақлаў орнының ашылыўы тараў хызметкерлери ушын әҳми­йетли ўақыя болды. Онда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, санитария-эпидемиологиялық бақлаў басқарма баслығы орынбасары Д.Турсунова, ЮНИСЕФ халықаралық балалар шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкили орынбасары Афшин Парси, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиоло­гиялық бақлаў орайы бас шыпакери Б.Қутлымуратовлар сөзге шығып, Қарақалпақстан балаларының саламатлығын жақсылаўда бул объект әҳмийетли орын ийелейтуғынлығын атап өтти.

Буннан соң мийманлар жаңа объекттиң ишки қолайлылықлары менен жақыннан танысып, заманагөй үскенелерди көзден өткерди. Бул жаңа объект аймақта вакциналарды нәтийжели басқарыўды тәмийинлейди. Бул жерде 140000 АҚШ доллары муғдарындағы суўытқышлар, вакциналарды сақлаўшы арнаўлы музлатқышлар, температураны бақлаўшы арнаўлы үскенелер орнатылған.

Айтып өтиў орынлы, бул жаңа үскене бир жас­қа шекемги 40000ға шамалас баланы нәтийжели емлеў ушын кеминде 21 литрге жақын вакциналарды сақлаў имканиятына ийе. Сондай-ақ, суўық ханалар вакциналарды 2-8 цельсий температурасы астында нәтийжели ҳәм қәўипсиз сақланыўы тәмийинленеди. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, емлеў 5 жасқа шекемги болған балалар арасында 3 миллионға жақын өлимшилик ҳалатларының алдын алыў мүмкиншилиги болады екен. Объекттеги орна­тылған үскенелерди бас­қарыў жоллары ҳәм усыллары арнаўлы қәнигелерге үйретилип, оларды билим ҳәм қолланбалар менен тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, 2019-жыл даўамында үзликсиз электр тогы менен тәми­йинлеў мақсетинде генератор алып келинип қурылыўы, вакциналарды тасыўдың сапасын жақсылаў мақсетинде автореферижиратор, мониторинг сапасын арттырыў ушын «ДАМАС» автомашинасы, есабатларды электрон дизимде ислетиў мақсетинде компью­тер менен тәми­йинлеў жобаластырылған.

Дүньяның 190 мәмлекети ҳәм аймақларында өз жумысын алып барып атырған ЮНИСЕФ халық­аралық балалар шөлкеминиң республикамыз балаларына көрсетип атыр­ған бул ғамқорлығы олардың саламат болып жетилисиўине имкан жаратады. Енди республикамызда вакциналардың қәўипсиз ҳәм сапалы сақланыўына гүман жоқ.

 

 

 Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: ашылыў мәресиминен көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF