Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:41:43, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА САНИТАРИЯЛЫҚ-ЭПИДЕМИОЛОГИЯЛЫҚ ХЫЗМЕТ СИСТЕМАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде соңғы жылларда санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты сақлаў, жасаў орталығының қәўипсизлигин ҳәм инсан саламатлығын қорғаўды тәмийинлеў, санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў хызмети системасын жетилис­тириў, усы тараўда қәнигели кадр­ларды таярлаўға бағдарланған бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, бир мәмлекетлик уйым шеңберинде бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты тәми­йинлеў функцияларының усы тараўда рухсат бериў ҳәм қадағалаў функциялары менен бирге әмелге асырылыўы Өзбекстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық хызметиниң жумыс нәтийжелигин тәмийинлеўге тосқынлық етип атырған системалы маш­қалалардың пайда болыўына алып келди.

Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық хызмет жумысын басқарыў ҳәм муўапықластырыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, оның институцио­наллық потенциалын арттырыў, санитария қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиена нормативлерине әмел етилиўи тараўында тәсиршең мониторинг ҳәм қадағалаўды жолға қойыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында ҳәм Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Каби­нетиниң:

а) Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў хызметиниң шөл­кемлери ҳәм олардың аймақлық бөлимлери (ке­йинги орынларда — санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў хызмети) негизинде:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлерин (кейинги орынларда — Мәмлекетлик инспекция);

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитария­лық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигин (кейинги орынларда — Агентлик) шөлкемлестириў;

б) Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў бас басқармасын сапластырыў ҳәм оның штат бирликлерин Агентликке өткериў;

в) қайта шөлкемлестирилип атырған Республикалық санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының лаборатория хызмети негизинде, қаржыландырыўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынған ҳалда, Агентлик жанындағы Лаборатория комплексин шөлкемлес­тириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Төмендегилер:

а) Мәмлекетлик инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў тараўында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының жумысын нәтийжели муўапықластырыў ҳәм олар менен бирге ислесиўди тәмийинлеў;

юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен санитария қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиена нормативлерине (СанҚҳәмН) әмел етилиўи бойынша белгиленген тәртипте тексериўлер өткериў ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық тараўында нызамның бузылыўлары бо­йынша ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын белгиленген тәртипте қолланыў;

азық-аўқат шийки заты ҳәм тутыныў өнимлерин ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳәм сатыў жумысы менен шуғылланыўшы объектлердиң жумысы, сондай-ақ, зәрүр халық­аралық әмелиятларды қолланыў тәжирийбесине тийкарланған стандартлардың талапларына әмел етиў үстинен қадағалаў методологиясын ислеп шығыў ҳәм енгизиўде қатнасыў;

қәўип-қәтерлерди ертеден анықлаўды тәмийинлеў, баҳалаў ҳәм сапластырыў мақсетинде келип шығыўы азық-аўқатқа байланыслы кеселликлер үстинен миллий мониторинг алып барыў ҳәм қадағалаў системасын енгизиў;

тармақтың тийисли кадрларға болған ағымдағы ҳәм перспективадағы талабын есапқа алған ҳалда, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдынғы усылларын системалы тийкарда енгизиў;

б) Агентликтиң тий­карғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў және әмелге асырыў;

халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы тараўында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының жумысын нәтийжели муўапықластырыў және олар менен бирге ислесиўди тәмийинлеў;

санитария қағыйдалары, нормалары ҳәм ги­гиена нормативлерин (СанҚҳәмН) халықаралық стандартлар ҳәм норма­ларға муўапық үйлестириў ҳәм әҳмийетлилигине қарап жетилистириўди есапқа алған ҳалда ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

жуқпалы болмаған, жуқпалы, паразитар кеселликлер жүзеге келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўға қаратылған эпидемияға қарсы ҳәм санитариялық-гигиеналық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлердиң жүзеге келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўға қаратылған профилактикалық дезинфекция, дезинсекция, дератизация илажларының өткерилиўин шөлкемлестириў, муўапықластырыў ҳәм қадағалаў;

жәмийеттиң саламатлығын тәмийинлеў тараўында потенциал қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў процесинде қәўип-қәтерлерди таллаў ҳәм илимий тийкарлан­ған көзқараслар тийкарында азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы сиясатты әмелге асырыўға жәрдемлесиў;

Өзбекстан Республикасы аймағында чуманың тәбийғый орайларының эпизоотологиялық мониторингин алып барыўды, чума ҳәм оғада қәўипли инфекциялар бойынша эпидемиологиялық бақлаў ҳәм профилактикалық және эпидемияға қарсы комплексли илажлардың әмелге асырылыўын шөл­кем­лестириў, муўапықлас­тырыў ҳәм қадағалаў; 

санитария, гигиена, эпидемиология, паразитология, микробиология, вирусологияның әҳмийетли мәселелери бойынша перс­пективалы бағдарларды белгилеў ҳәм фундаментал және әмелий илимий изерт­леўлер алып барылыўын муўапықластырыў;

барлық социаллық топарларды қамтып алған ҳалда пуқараларды санитариялық-гигиеналық оқытыў ҳәм тәрбиялаўды шөлкемлестириўге қаратылған әмелий илажларды ислеп шығыў және әмелге асырыў арқалы халықтың санитариялық мәденияты дәрежесин арттырыў;

тармақтың ағымдағы ҳәм перспективадағы талапларын есапқа алған ҳалда кадрларды оқытыў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдынғы усылларын системалы тийкарда енгизиў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў мәмлекетлик инспекциясының шөлкем­лестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў мәмлекетлик инспекциясының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 28 ден ибарат орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик инспекцияның аймақлық басқармалары хызметкерлериниң шекленген саны 4 179 дан ибарат етип;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў басқармаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;

мәмлекетлик сани­тария­лық-эпидемиологиялық бақлаў басқармасы район (қала) филиалының үлги структурасы 4-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң структурасы 5-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 45 тен ибарат болған орайлық аппаратының структурасы 6-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик санита­риялық-эпидемиологиялық хызметиниң қосып алыў, қосып жибериў, өзгертиў ҳәм сапластырыў жолы менен жумысы оптималластырылып атыр­ған шөлкемлердиң (лабораториялары ҳәм бөлимлери) дизими 7-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өз­бекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4055-санлы қарарына киргизилип атырған өзгерислердиң дизими 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилерге:

Мәмлекетлик инспекцияның баслығы зәрүр жағдайларда Мәмлекетлик инспекцияның орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық басқармаларының структурасына олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Агентлик директорына зәрүр жағдайларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў минис­три менен келисилген ҳалда Агентликтиң орайлық аппаратының структурасына басқарыў хызметкерлериниң шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. а) Мәмлекетлик инс­пекцияның баслығы бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Бас санитария инс­пекторы болып есапланатуғыны, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына бола Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

Мәмлекетлик инспекция баслығының орынбасары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынлатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

Мәмлекетлик инспекция баслығы ҳәм орынбасары статусы, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша тийислисинше министр ҳәм министр орынбасарына теңлестирилетуғыны;

б) Агентлик директоры бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитариялық врачы болып есапланатуғыны, Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң усынысына бола Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

Агентлик директорының орынбасарлары Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў минис­триниң усынысына бола Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

Агентлик директоры статусы, турмыслық, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў минис­триниң орынбасарына теңлестирилетуғыны;

в) Мәмлекетлик инспекция ҳәм Агентликтиң хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлигиниң тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери енгизилетуғыны;

г) Мәмлекетлик инспекция ҳәм Агентлик, сондай-ақ, олардың аймақлық бөлимлери ҳәм уйымға тийисли шөлкемлердиң тәмийнатына байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик инспекция ҳәм Агентлик жанында юридикалық шахс шөлкемлестирместен бюджеттен тысқары материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қорлары (кейинги орынларда — тийислисинше Мәмлекетлик инспекцияның қоры ҳәм Агентликтиң қоры) дүзилсин.

Сапластырылып атырған мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайларының бюджеттен тысқары есап бетлериндеги барлық қаржылар Агентликтиң қорына өткерилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер қаржыларды қәлиплестириў дәреклери етип белги­ленсинF

а) Мәмлекетлик инспекцияның қоры:

санитариялық-эпидемиологиялық нызамшылықты бузғанлығы ушын қолланылған жәриймалар суммасынан ҳәм жәриймаларды төлеў кешиктирилгенлиги ушын есапланған пенялардан түскен қаржылардың 50 проценти;

қордың қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жай­лас­тырыўдан алынған дәраматлар;

халықаралық финанс институтлары ҳәм шөл­кемлердиң, юридикалық және физикалық шахслардың белгиленген тәртипте тартылатуғын грант ҳәм қәўендерлик қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Агентлик қоры:

уйымға тийисли шөлкемлер тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қәнигелескен төлемли хызметлер көрсетиўден түскен түсимлердиң оларды әмелге асырыўға кеткен жәми қәрежетлер қапланғаннан ке­йин қалған суммасының 15 проценти;

қордың қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жай­лас­тырыўдан алынған дәраматлар;

халықаралық финанс институтлары ҳәм шөл­кемлердиң, юридикалық  және физикалық шахслардың белгиленген тәртипте тартылатуғын грант ҳәм қәўендерлик қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. а) Мәмлекетлик инс­пекция қорының қаржыларынан төмендеги мақсетлерде пайдала­ныла­туғыны:

Мәмлекетлик инспекцияның бийлик бериў ҳәм басқарыў функцияларын әмелге асырыўға байланыслы, соның ишинде, тексериўлердиң электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм жүргизиў қәрежетлерин қаплаў;

Мәмлекетлик инспекция хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық жақтан тәмийинлеў, сондай-ақ, оларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў;

Мәмлекетлик инспекцияның алдына қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде сырт ел ҳәм жергиликли қәнигелерди тартыў бойынша қәрежетлер;

б) Агентлик қорының қаржыларынан төмендеги мақсетлерде пайдаланылатуғыны;

Агентликтиң бийлик бериў ҳәм басқарыў функ­цияларын әмелге асырыўға байланыслы, соның ишинде, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықтың электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм жүргизиў қәрежетлерин қаплаў;

Агентлик хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық тәми­йинлеў, сондай-ақ, оларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў;

Агентлик алдына қо­йылған ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде сырт ел ҳәм жергиликли қәнигелерди тартыў бойынша қәрежетлер белгиленсин.

Мәмлекетлик инспекция бийпул түрде өз шөлкемлерин Агентлик имаратларының бос майданларына жайластырыў ҳәм оның лабораториялар хызметлеринен пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик инспекция ҳәм Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў, сондай-ақ, 2019-2026-жылларда санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық хызметин буннан былай да жетилистириў бо­йынша комплексли илажларды тастыйықлаў бо­йынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

а) 2019-жыл 1-ноябрьге шекем усы Пәрман тәртиплерин есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасының «Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық саламатлығы ҳаққында»ғы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) 2019-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда, Агентлик шөлкемлери хызметкерлериниң штат бирликлериниң нормативлерин төмендегилерди есапқа алып, тастыйықласын:

заманагөй лаборатория үскенелерин енгизиў, штат кестеси ҳәм лаўазым миннетлемелерин үйрениў, хызмет жүклемесин таллаў, хронометраж тексериўге тийкарланған ҳалда жумыслардың көлемин хызметкерлер арасында дурыс бөлистириў;

2020-жыл 1-апрельге шекем санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў хызметлери хызметкерлериниң санын 7 мың штат бирлигине басқышпа-басқыш оптималластырыў ҳәм штат  бириклериниң бир бөлегин Мәмлекетлик инспекцияға бериў;    

в) үш ай мүддетте Агентлик ҳәм Мәмлекетлик инспекцияның жумыс нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин енгизсин;

г) еки ай мүддетте: 

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

басқа да мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы Пәрманға муўапықластырылыўын тәми­йинлесин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 9-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF