Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:13:00, 27.07.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КАБИНЕТИ ЖАНЫНДАҒЫ ПРЕЗИДЕНТ, ДӨРЕТИЎШИЛИК ҲӘМ ҚӘНИГЕЛЕСТИРИЛГЕН МЕКТЕПЛЕРДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ АГЕНТЛИГИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-5815-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 57 хызметкерден ибарат орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигине (кейинги орынларда — Агентлик) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Агентликтиң директоры оның усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын 3 орынбасарға, соның ишинде, бир биринши орынбасарға ийе болатуғыны;

Агентлик директоры мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспортлық тәмийнат шәртлерине муўапық министрге, оның биринши орынбасары — министрдиң биринши орынбасарына, орынбасарлары — тийисли түрде министрдиң орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Агентликтиң штатлар саны Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң аймақлық уйым­ларындағы 57 өндирис хызметкерлериниң штат бирлигин оптималластырыў есабынан жәмленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик директорына:

зәрүр жағдайларда, Агентлик структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма штатларының саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Агентлик жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў фондының қаржылары есабынан Агентлик хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;

бурынғысынан басқаша тәризде, уйымлық бойсыныўдағы шөлкемлерди шөлкемлестириў ҳәм оларды сапластырыў ҳаққында қарар қабыл етиў;

Агентлик жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў фондының қаржылары есабынан  мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң, халықаралық шөлкемлердиң жоқары маман қәнигелерин, соның ишинде, сырт ел экспертлерин шәртнама тийкарында тартыў;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң, сондай-ақ, олардың жатақханаларының штат кес­тесин тастыйықлаў ҳуқықы берилсин.

Агентлик директоры бир ай мүддетте Агентликке жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели тәми­йинлеў ушын оны зәрүр билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жоқары маман қәнигелер менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде 2019-жылда Агентликтиң тәмийнаты ушын қаржыларды ажыратсын, 2020-жылдан баслап болса ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;

4 хызмет автотранспорт қуралын сақлаў ушын лимит белгилесин, сондай-ақ, Агентликке оларды сатып алыў ушын керекли қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

Агентликке тийкарланған есап-санақларға муўапық анық қәрежетлерден келип шыққан ҳалда материаллық-техникалық базаны қәлиплестириў ушын керекли үскенелерди сатып алыў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўге ҳәм ҳәкимшилик имаратларды оңлаўға 2019-жылда 3 миллиард сум,  2020-жылда болса 7 миллиард сумға шекемги  қаржылардың ажыратылыўын тәми­йинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликти керекли байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс пенен тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети бир ай мүддетте:

Агентликтиң жайластырылыўын тәмийинлесин;

Агентлик ҳаққындағы режени тастыйықласын;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, ең жаңа оқыў лабораториялық, илимий-өндирислик ҳәм спорт үскенелери, инвентарьлар ҳәм басқа да керекли қураллар менен тәмийинлеў бағдарламасын тастыйықласын;

2020-2025-жылларда дөретиўшилик мектеплериниң жумысын жетилистириў концепциясын көрип шығыў ушын киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Сырт­қы ислер министрлиги Агентлик пенен биргеликте ҳәр жылы:

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер оқыўшыларының түрли пәнлерден халықаралық олимпидаларда қатнасыўын;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердеги оқыўшылардың сырт елге мәдений-ағартыўшылық сапарларын;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң педагог хызметкерлериниң алдынғы сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өтиўин шөл­кемлес­тириў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Халық билимлендириў минис­трлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Адувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасары А.А.Абдуҳаки­мовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 9-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF