Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:39:31, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕРДИҢ БИР МҮЙЕШИНЕ ШАШЫЛҒАН ЫРЫСҚЫ-НЕСИЙБЕ...

Қоңыраттың «Таллық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы нураный Марат Қурбанбаевтың лақабы көп. Әкеси Қурбанбай ертеректе районлық газетада ислегени ушын «Марат газитши» десе, мектеп оқыўшылары менен бақша тәрбияланыўшылары устазларына саўға ететуғын гүллерин «Гүлши Марат»тан алар екен.

1980-жыллары Канн гүллериниң нешше түрли сортларын Қоңыратқа сырттан биринши әкелгенде үйине, мәмлекетлик мәкеме-кәрханалар алдына буйыртпа тийкарында егип, шырайына-шырай қосыпты.

Өзине, басқаларға талапшаңлығы, мийнеткешлиги менен дараланып турады. 1978-жылы Ташкент политехника институтының инженер-технолог қәнигелигин ийелеп келиўден газ, автотранспорт тармақларында узақ жыллар ислеп, ҳүрметли демалысқа шығады.

Район орайындағы жеке тәртипте турақ жай салыў ушын ажыратылған 6 сотых жериниң бир бөлегине имарат салып, ең биринши өзин, аўысығын базарға сатыў арқалы басқаларды мийўе-жемис пенен тәмийинлегени көпке өрнек.

Күнине 10 литрден зыят сүт беретуғын ҳасыл туқымлы сыйыр сақлап, қой-ешкисин жағдайына бола гә көбейтип, азайтыў қолындағы ис. Өмирлик жолдасы Малика таўықларына ғурық бастырып, жылда 70-80 шөжени излерине ерт­тирген. Ғазлары көбейгиш, күнниң ыссысында кранның суўына гезеклесип шомылғанларын адамлар қызық көреди екен.

Дийқаншылығы өз алдына бир дүнья, қарыстай бос жерин көрмедик. Ерте писер қыяр, помидор, болгар бурышларының өнимлерин жыйнап алғаннан соң, орнына аралық егинлерден түрпи, гешир, ғаўышты еки-үш рет егип алған.

Түрли сорттағы 60 түп жүзими ­ бас байлығы, ҳәр жылы шаңарағына миллионлап табыс киргизеди. Жумыслардың көлеми ҳәм түрлери көп болғанлықтан таң азаннан турып, кешке шекем мийнет етиўине туўра келеди. Қыймыл ҳәрекети көп болғаннан соң  денсаўлығы мықлы, «ың» деп аўырып көрмеген. Қоңсы-қоңсыдан тәлим алғанындай, жан қоңсысы Тәжибай Тур­ғанбаев дийқаншылық ҳәм шар­ўашылықта устаз-шәкирт. Қарап турсаң, биреўлер гектарлап дийқаншылық етсе де, кең жайлаўы болса да мал бақпай, өним жетистире алмағанына ҳайран қаласаң.

­ Және де 10 сотых жерим болғанда китап, газета-журналлар оқып, телевизор көриўге ўақтым аўыспай қалар еди, - деп Марат аға ҳәзиллести. Өмирлик жолдасы, «базаршы» Малика апа болса, «келин бармақ» жүзимди тас бадияға толтырып алдымызға қойғанда өзи қайттыға тойып, кеўилли түрде хошластық.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF