Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:38:29, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАРДЫҢ МИЙНЕТ ҲУҚЫҚЛАРЫ БУЗЫЛЫЎЫНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ

Мийнет тартыслары ­ жумыс бериўши менен хызметкер ортасында мийнет ҳаққындағы нызамлар ҳәм басқа да норматив ҳүжжетлер, жәмәәт шәртнамасы ҳәм де мийнетке тийисли басқа шәртнамаларды қолланыў, сондай-ақ, жаңа мийнет шәртлерин белгилеў яки көрсетилген шәртлерди өзгертиў мәселелери бойынша келип шығатуғын келиспеўшиликлер болып есапланады.

Мийнет тартысларын көрип шығыўшы уйымлар қатарында суд айрықша орын тутады. Судларға жүклетилген тийкарғы ўазыйпалардан пуқаралардың мийнет ҳуқықлары ҳәм кәрханалардың нызамлы мәплерин қорғаў, пуқаралардың мийнет ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў, бузылған ҳуқықларды қайта тиклеў, соның қатарында мийнет ҳуқықларының бузылыўы ақыбетинде пуқараларға жеткизилген материаллық ҳәм руўхый зыянның орнын қаплаў, сондай-ақ, кәрхана, мәкеме, шөлкемлерге жеткизилген зыянларды қаплаўға қаратылған ис-илажлар жыйындысын өз ишине алады.

Судларға мийнет тартыслары менен мүрәжат етиў ҳәм даўаны көрип шығыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Пуқаралық про­цесс­уал Кодекси ҳәм Мийнет Кодекси, сондай-ақ, бас­қа да нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери менен белгилеп берилген.

Мийнет даўлары предметине қарап екиге ажыратылады. Бириншиси, мийнет ҳуқықы нормаларының белгили бир қатнасықларға қолланылыўы менен байланыслы даўлар. (Мәселен, хызметкер менен мийнет шәртнамасын бийкар етиў, басқа жумысқа өткериў, тийкарғы ис ўақтынан тысқары орынланған жумыс ушын ҳақы төлеўге тийисли даўлар). Екиншиси, нызамлар ҳәм норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер менен тәртипке салынбаған жаңа мийнет шәртлерин орнатыў менен байланыслы даўлар. Буған өним ислеп шығарыў нормасын қайтадан көрип шығыў, жәмәәт шәртнамасы, келисимин дүзиў менен байланыслы даўлар киреди.

Ал, мийнет даўлары мазмунына қарап еки түрге: даўлы ҳәм даўсыз тартысларға бөлинеди. Даўлы тартыслардың предметин хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын тән алыў яки оны тиклеў қурайды. Хызметкердиң бундай мийнет ҳуқықы дәслеп нызам яки басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, сондай-ақ, жәмәәт шәртнамасы яки келисими ҳәм мийнет шәртнамасы менен белгиленген болады. Бундай жағдайларда хызметкер өзиниң мийнет ҳуқықларын яки нызам менен қорғалатуғын мәплерин қайта тиклеўди талап етеди. (Мәселен, мийнет шәртнамасы нызамсыз бийкар етилген хызметкерди қайта жумысқа тиклеў яки пайдаланылмаған мийнет демалыслары ушын компенсация төлеў ҳәм бас­қалар).

Нызамшылықта орнатылған мийнет даўларын көриў тәртиби демократиялық принциплерге тийкарланады. Жеке мийнет даўлары ­ ис бериўши ҳәм хызметкер ортасында мийнет ҳаққындағы нызамлар ҳәм басқа норматив ҳүжжетлерди, мийнет шәртнамасында нәзерде тутылған мийнет шәртлерин қолланыўы бо­йынша келип шыққан келиспеўшиликлерди қамтып алады. Бундай жағдайларда даўдың хызметкер мәпин қорғаўшы тәрепи болып хызметкерлердиң ўәкиллик органы қатнасыўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 260-статьясында көрсетилгениндей, жеке мийнет даўлары, Кодекстиң 269-статьясында көрсетилген даўларынан тысқары, мийнет даўлары комиссиялары тәрепинен район (қала) судлары, базыда Экономикалық судлары тәрепинен көрип шығылады.

Хызметкер мийнет даўын шешиў ушын өз қәлеўине көре мийнет даўлары комиссиясына яки тиккелей судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.

Мийнеттиң шәртлерин белгилеў мәселелерине ти­йисли жеке мийнет даўлары Кодекстиң 280-статьясына муўапық көрип шығылады.

Жеке мийнет даўларын көрип шығыў тәртиби Мийнет Кодекси менен, бундай ислерди район (қала) судларында көрип шығыў тәртиби болса, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал Кодекси менен де белгиленеди.

 

А.КЕРИМБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық

ислери бойынша судының судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF