Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:47:34, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИС  ҚАЙТА  ҚАРАЛДЫ

Соңғы жыллары суд тараўы бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар нәтийжесинде бул уйымда да бир қатар өзгерислер жүз бермекте.

Буны халқымыз өткерилип атырған суд процесслеринде көрип, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамлы түрде тәмийинленип атырғанлығының айқын гүўасы болмақта.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 9-статьясында ҳәр бир шахс нызамда белгиленген тәртипте айыбы тастыйықланған жәмийетлик қәўипли қылмыслары ушын ғана жуўапкер болыўы нәзерде тутылған.

Биз сөз етпекши болған ўақыя Жынаят ислери бо­йынша Елликқала районлық суды тәрепинен көрип шығылып, суд тәрепинен пуқаралар Е.Кайпов ҳәм Р.Сулаймановлар алдыннан жынайый тил бириктирип, бир топар болып, бийзарылық ҳәрекетлериниң алдын алыў илажларын көрген бас­қа пуқараларға қарсылық көрсетип, бийзарылық, яғный, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын билқастан менсинбеў, урып-соғыў, денеге жеңил жарақат жеткизиў жынаятын ислегенликте, атап айтқанда 2017-жылдың 14-январь күни саат 23.00лерде  «777» кафеси ишинде пуқара А.Қосжановтың жүзине қолы менен урып-соғып тән жарақатын жеткизип, сондай-ақ, бийзарылық ҳәрекеттиң алдын алыў шарасын көрген басқа пуқара Н.Джаксыликовтың жүзине де қолы менен урып-соғып тән жарақатын жеткизип, жәмийетлик тәртипти бузғаны ушын наҳақ айып­ланып судланған.

Бул жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды инстанциясында көрип шығылып, 2019-жыл 2-майдағы уйғарыўы менен Е.Кайпов ҳәм Р.Сулаймановлардың жынайый ҳәрекетлери жәмийет тәртибине қарсы қаратылған жынаят емес, ал, шахсқа қарсы жынаят деп табылып, олардың ҳәрекетлери ЖКниң 277-статья­сы 3-бөлиминиң «г» бәнтинен (ески редакциядағы)  ЖКниң 109-статьясының 2-бөлимине қайта квалификацияланып жазасы жеңиллес­тирилген.Себеби, жынайый ҳәрекет, негизинде жәбирлениўши сыпатында көрсетилген А.Қосжанов ҳәм оның менен бирге болған гүўа К.Эрназаровтың орынсыз ис-ҳәрекетлери ақыбетинде келип шыққан ҳәм олар өз ҳәрекетлери ушын Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судының 2017-жыл 15-майдағы қарарына тийкар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақ­қындағы кодекстиң 41 - статьясына тийкар жәрийма ҳәкимшилик жазасына тартылған. Бул жағдайда олардың жынайый ҳәрекетлерин жәмийет тәртибине қара­тылған жынаят деп баҳалап болмайды деген қарарға келинген.

Жоқарыда атап өткенимиздей мәмлекетимизде инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәмме нәрседен үстин болыўын тәмийинлеў — бүгинги күни жүргизилип атыр­ған реформалардың ең тийкар­ғысы болып қалмақта.

М.БАЙНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF