Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:40:00, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӘРИ-ДӘРМАҚ ҚУРАЛЛАРЫНЫҢ НЫЗАМСЫЗ АЙЛАНЫСЫНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ ИЛАЖЛАРЫН КҮШЕЙТИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысы ҳәм олардың пайдаланылыўына жол қоймаў, күшли тәсир етиўши затлардың айланысын тәртипке салыўды жетилистириў, сондай-ақ, халықтың денсаўлығын сақлаўды тәмийинлеў, ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты тәрбиялаў ушын имканиятлар ҳәм шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура, Министрлер Кабинети жанындағы Наркотик затларды қадағалаў миллий мәлимлеме-таллаў орайы ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамының:

2019-жыл 1-декабрьден баслап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын күшли тәсир етиўши затлардың дизимине киргизилген айрықша дәри-дәрмақ қураллары буйым-муғдар жақтан есапқа алыныўы керек ҳәм олардың усақлап сатыў реализациясы (берилиўи) тек ғана социаллық дәриханалар, сондай-ақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп қуралларды сақлаў ҳәм реализациялаў (бериў) жумысына лицензиясы бар болған дәриханалар тәрепинен әмелге асырылыўы;

шыпакер рецепти бойынша берилетуғын дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлар, соның ишинде, күшли тәсир етиўши затлардың дизимине киргизилген дәри-дәрмақ қуралларының нызамсыз усақлап сатыў саўдасы жағдайларын сапластырыў бойынша тексериўлер Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ўәлаятлар денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қаласы Денсаўлықты сақлаў бас басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилге хабар бериў тәртибинде, Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системада дизимнен өткериў ар­қалы әмелге асырылыўы;

күшли тәсир етиўши затлардың дизимине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Нәшебентлик затларды қадағалаў миллий мәлимлеме-таллаў орайы жанында шөлкемлестирилетуғын уйымлараралық экспертлик топарының  (кейинги орынларда — экспертлик топары) усыныслары тийкарында өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў тәртибин орнатыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. 

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте күшли тәсир етиўши қураллардың дизимин ҳәм экс­пертлик топардың қурамын тас­тыйықласын.
  2. Күшли тәсир етиўши қураллардың дизимине киргизилген дәри-дәрмақ қуралларын бериў ушын жазылған рецептлер дәриханаларда бир жыл даўамында сақланатуғыны;

мүлкшилик түри ҳәм уйымға тийислилигине қарамастан медициналық шөлкемлерде наўқасқа рецептли дәри-дәрмақ қуралларын белгиленген тәртипте рецепт­ти рәсмийлестирместен буйырыў қадаған етилетуғыныf

2020-жыл 1-январьдан баслап дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлардың реализация (бериў) процесин үзликсиз түрде видеоға жазып алыў ҳәм бир ай даўамында видео-жазыўларды сақлаў  дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымларды усақлап сатыў реализациялаўдағы лицензия талабы есапланатуғыны  (аўыллық шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлериниң аймағында жайласқан дәриханалар және олардың филиаллары буған кирмейди), усы талаптың турақлы түрде (бир жыл даўамында еки ҳәм оннан артық мәрте) бузылыўы лицензияның әмел етиўин орнатылған тәртипте тоқтатыў ушын тийкар болатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Ишки ислер министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте:

дәри-дәрмақ қуралларының медициналық емес мақсетлерде пайдаланылыўы үстинен турақлы мониторинг алып барсын ҳәм зәрүр жағдайларда экспертлик топарға тийисли усынысларды киргизиў илажларын көрсин;

еки ай мүддетте дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық бу­йымларды реализациялаў қағыйдаларын бузғаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти жетилистириўге байланыслы, соның ишинде, рецепт бойынша дәри-дәрмақ қуралларын бериў тәртибин бузғаны ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасы хызметкерлери штатының улыўма шекленген саны шегинде, дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлардың усақлап сатыў саўдасына қойылатуғын лицензия талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды тәмийинлеўге жуўапкер болған хызметкерлердиң штат санын көбейтиў бойынша усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине фармацептикалық өнимлердиң ҳәрекетин қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың мәлимлеме системасын (кейинги орынларда — Мәлимлеме системасы) жаратыў бойынша көрилип атырған илажлардың жетерли дәрежеде емес екенлиги ҳәм нәтийже бермей атырғанлығы көрсетип өтилсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў бас­қарыў миллий агентлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Мәлимлеме системасын белгиленген мүддетлерде енгизиў процесин жеделлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

үш ай мүддетте Дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымларға электрон тәризде рецепт бериў мәлимлеме системасы (кейинги орынларда — Электрон рецепт бериў системасы)н енгизиў бойынша техникалық ҳүжжетлерди ислеп шықсын ҳәм «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика жойбарларын бас­қарыў орайы» МУКна киргизсин;

2021-жыл 1-январьға шекем  Электрон рецепт бериў системасы, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында енгизилиўин тәмийинлесин ҳәм оны Мәлимлеме системасы менен интеграциялаў имканиятын нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Электрон рецепт бериў системасының буйыртпашысы есап­ла­натуғыны;

2021-жыл 1-марттан баслап Электрон рецепт бериў системасы мүлк түри ҳәм уйымға тийислилигине қарамастан Ташкент қаласындағы барлық медициналық шөлкемлер ҳәм дәриханалар ушын,  2022-жыл 1-марттан баслап болса басқышпа-басқыш республиканың барлық аймақларында қолланылыўы мәжбүрий есапла­натуғыны;

Электрон рецепт бериў системасын ислеп шығыў, енгизиў ҳәм ке­йин ала қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, мәлимлемелестириў объект­лерин тексериўден өткериў, техникалық ҳәм жойбаралды ҳүжжетлерин таярлаў, сервер, коммутация және компьютер үскенелерин сатып алыў «Денсаўлықты сақлаў» тармағы ушын ажыратылатуғын бюджет ажыратпалары шеңберинде, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлери ҳәм донор мәмлекетлердиң қаржылары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамасы шеңберинде жеке меншик шерик қаржылары ҳәм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкар­ланған есап-санақлары бойынша бир ай мүддетте мәлимлемелестириў объектлерин тексериўден өткериўге, техникалық ҳәм жойбаралды ҳүжжетлерди таярлаўға ҳәм Элек­трон рецепт бериў системасын экспертизалаўға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жылдағы «Денсаўлықты сақлаў» тармағы ушын тастыйықлан­ған параметрлери шеңберинде зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-февральға шекем Электрон рецепт бериў системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиўди белгиленген тәртипте қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлери ҳәм донор мәмлекетлердиң қаржыларының тартылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў минис­трлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасында Электрон рецепт бериў системасын ислеп шығыў, енгизиў ҳәм техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасын» усы қарардың талапларын есапқа алып ҳәм жуўапкер атқарыўшылар және анық мүддетлерди белгилеген ҳалда Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәмлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Ишки ислер минис­трлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте дәри-дәрмақ қураллары, соның ишинде, қурамында күшли тәсир етиўши затлар бар болған дәри-дәрмақ қуралларын шыпакердиң рецептисиз пайдаланыўдың унамсыз ақыбетлери ҳаққында ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет ресурсларында мәлимлеме-үгит-нәсиятлаў жумысларын кең көлемли шөлкемлестириў бойынша медиа-режени тастыйықласын, онда соның менен бирге жәмийетте саламат турмыс тәризине әмел етиў бойынша арнаўлы рубрикалар ҳәм темаға байланыслы материаллардың жайластырылыўы нәзерде тутылсын.
  3. Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ари­повқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 6-сентябрь.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF