Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:26:38, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЎДА ҲӘМ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЕСАП-САНАҚЛАР СИСТЕМАСЫНА ЗАМАНАГӨЙ МӘЛИМЛЕМЕ

ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫН ЕНГИЗИЎ ҲӘМ УСЫ ТАРАЎДА ЖӘМИЙЕТЛИК ҚАДАҒАЛАЎДЫ КҮШЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген комплексли илажлардың нәтийжесинде исбилерменлик субъектлериниң санын және де көбейтиў ҳәм олар тәрепинен тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң түрлерин кеңейтиў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Мәмлекеттиң экономикасын узақ мүддетли раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырған шараятта мәлимлеме технологиялары арқалы тутыныўшылар, исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымларының үйлесимли жумысы айрықша әҳмийетке ийе.

Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўын буннан былай да еркинлестириў, оның көлемин кескин арттырыў, есап-санақлар системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм тараўда жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Қаржы минис­трлиги, Орайлық банки, Саўда-санаат палатасының саўда (хызмет көрсетиў) шақапшаларында халық пенен нақ пулда ҳәм (ямаса) банк пластикалық карталары арқалы әмелге асырылған есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларына онлайн режиминде жеткерип бериў функциясына ийе болған мағлыўматлар алмасыў платформасы — виртуал кассаларды (кейинги орынларда — виртуал касса) онлайн қадағалаў касса машиналары (кейинги орынларда — онлайн ҚКМ) қатарында енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы «Жаңа технологиялар» илимий-мәлимлеме орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы онлайн режимде қабыл етилген фискал мағлыўматларды еркин ҳәм турақлы түрде қабыл етиў, қайта ислеў, криптографиялық қорғаў ҳәм сақлаў жумысларын орынлаўшы фискаль мағлыўматлар операторы (кейинги орынларда — оператор) етип белгиленсин.
  3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) исбилерменлик субъектлери онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға өткен жағдайда:

оларға әмелдеги фискаль ядқа ийе болған қадағалаў-касса машиналарын ислетиў, кассир-операцияшы тәрепинен қадағалаў-касса дәптерин жүргизиў ҳәм жумыс күниниң ақырында ҳәр бир қадағалаў-касса машинасы бойынша күнлик есапты шығарып алыў миннетлемелери бийкар етиледи;

күнлик орташа нақ пул түсими муғдарына қарамастан нақ пулды банк кассаларына инкассация хызметлери арқалы өзлери белгилеген дәўирлерде ямаса еркин түрде тапсырыў ҳуқықына ийе;

оларға есапланған ҳәм төлениўи керек болған пайда салығы ямаса бирден-бир салық төлеми ямаса қатаң белгиленген салық суммасын онлайн-ҚКМни 2021-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик салық хызмети уйымларында дизимге алыў шәрти менен, оның ҳәр биреўин сатып алыў, орнатыў ҳәм иске қосыўға байланыслы қәрежетлер суммасына, бирақ базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен артпаған муғдарда азайтыў ҳуқықы бериледи;

виртуал касса программалық өнимниң тийкарғы бөлеги (базасы) оларға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен бийпул бериледи;

б) физикалық шахслардың банк пластикалық карталары ямаса шегирме (дисконт) карталарына ғалабалық оферта шәртлери тийкарында өткерилген бонуслар (пул, балл ҳәм басқа да бирликлер) түриндеги қаржылар (cashback) физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы базасы сыпатында қаралмайды;

в) физикалық шахслардың үй хожалығы шараятында, соның ишинде, дийқан хожалығында жетистирилген шарўашылық, пал ҳәррешилик ҳәм дийқаншылық өнимлерин тәбийғый ҳәм қайта исленген ҳалда, санаатта қайта ислеўден тысқары, сатыўдан, сондай-ақ, ҳайўанларды тири ямаса оларды сойып сатыўдан алынатуғын дәраматлар физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етилиўинде, реализацияланған өним физикалық шахс ямаса оның шаңарақ ағзаларына ажыратылған қыйтақ жер участкасында жетистирилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетти талап етиў тәртиби бийкар етиледи.

  1. Нақ пул түсимине ийе болған исбилерменлик субъектлериниң онлайн қадағалаў касса машиналары ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға басқышпа-басқыш өткериў графиги қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Мәмлекетлик салық комитети Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте 2020-жыл 1-январьдан баслап ҳәр жылы узақ, жетип барыўы қыйын болған елатлы пунктлердиң дизимин тас­тыйықлайтуғыны ҳәм усы аймақларда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине усы Пәрман менен тастыйықланған график енгизилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға өткен исбилерменлик субъектлери тәрепинен:

усынылған сатып алыў чегинде (кейинги орынларда — чек) товарлардың (жумыслар, хызметлер) аты, муғдары, баҳасы, суммасы, қосымша қун салығының төлеўшиси болғанда қосымша қун салығы ставкасы ҳәм суммасы, сондай-ақ, 14-код ҳәм фискаль белги  мәжбүрий тәртипте сәўлелендирилетуғыны. Усы мағлыўматлар сәўлелендирилмеген чеклер ҳақыйқый есапланбайтуғыны;

мағлыўматларды операторға реал ўақыт режиминде жеткерип бериўдиң техникалық имканияты бар болмаған жағдайда чеклер оффлайн режиминде берилиўи мүмкин екенлиги. Онда мағлыўматлар операторға 24 саат даўамында узатылыў шәрт екенлиги;

төлем терминалы арқалы қабыл етилген төлемлер ушын қарыйдар­ларға төлем терминалы чеги менен бирге онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса чеки де берилиўи шәрт екенлиги;

Усы Пәрман менен тастыйықланған графикте көрсетилген мүддетлер жуўмақланғаннан кейин онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланбай товарларды реализациялаў, жумысларды орынлаў ҳәм хызметлер көрсетиў, онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса арқалы чек  усынбаў ямаса фискаль белгиге ийе болмаған чеклерди усыныў — фискаль ядқа ийе қадағалаў-касса машиналарын ямаса есап-санақ терминалларын ислетиў мәжбүрий болған ҳалда оларды ислетпей саўданы әмелге асырыў ҳәм хызметлер көрсетиў деп баҳаланатуғыны ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болатуғыны белгиленсин. 

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Қаржы министрлигиниң 2019-жыл 1-октябрьден Ташкент қаласындағы онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға өткен исбилерменлик субъектлери тәрепинен усынылған чеклердеги 14-код ямаса фискаль белгилер тийкарында утыслы ойынларды шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе өткериў усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жыл 1-ноябрьге шекем утыслы ойынлар шөлкемлестириў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бир миллиард сум муғдарында қаржы ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Қаржы минис­трлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-июльге шекем тәжирийбе нәтийжелерине бола оны Республиканың басқа да аймақларында да енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Капитал базарын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем чеклерди дизимнен өткерген физикалық шахслар арасында утыслы ойынларды өткериў бойынша тәртип ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тастыйықлансын.
  3. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте:

ассоциацияның структурасына киретуғын кәрханалар негизинде онлайн-ҚКМ, мағлыўматларды онлайн-режимде мәмлекетлик салық хызмети уйымларына жеткерип бериў функция­сына ийе болған арнаўлы қурылмалар ислеп шығарыўды жолға қойыў;

онлайн-ҚКМ ҳәм виртуал кассаның үзликсиз ислеўин тәмийинлеў ушын барлық аймақларда техникалық хызмет көрсетиў орайларын шөлкемлестириў усынылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети 2019-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте:

исбилерменлик субъектлери тәрепинен сатылған өнимлер (жумыслар ҳәм хызметлер) бойынша мағлыўматларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларына онлайн режиминде жеткериўди тәмийинлейтуғын виртуал касса ҳәм фискаль модуль ушын арнаўлы программалық тәмийнатты ислеп шықсын ҳәм енгизсин;          

қарыйдарлар тәрепинен чеклердеги 14-код ямаса фискаль белгилерди мобиль қосымша ямаса Мәмлекетлик салық комитетиниң рәсмий сайты арқалы дизимге алыў системасын енгизсин;

Өзбекстан Республикасы аймағында қолланылыўы рухсат етилген онлайн-ҚКМ, виртуал касса ҳәм фискаль модульге қойылатуғын техникалық талапларды, олардың бирден-бир реестрин ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў орайларының Мәмлекетлик реестрин жүргизиўди, сондай-ақ, мәмлекетлик салық хызмети уйымларында дизимге алыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Қаржы министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса арқалы чек усынбаў ямаса 14-кодқа (ямаса фискаль белгилерге) ийе болмаған чеклерди усыныў ҳәрекетлери бойынша «аралықтан тексериў» системасын ҳәм жуўапкершиликке тартыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тасты­йықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Б.А.Мусаевқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине — усы Пәрман менен тастыйықланған графикке тийкарланып республикамыздағы нақ пул түсимине ийе болған исбилерменлик субъектлерин онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға басқышпа-басқыш өткериў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Б.А.Мусаев, қаржы министриниң биринши орынбасары Т.А.Ишметов, Ташкент қаласының ҳәкими Ж.А.Ортиқхўжаевқа — Ташкент қаласындағы онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға өткен исбилерменлик субъектлери тәрепинен усынылған чеклердеги 14-код ямаса фискаль белгилер тийкарында утыслы ойынларды шөлкемлестириў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары, мазмун-мәниси ҳәм оның әмелге асырыў процесслерин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкем­лестириў усынылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1996-жыл 9-августтағы «Бюджет пенен есап-санақлар ушын хожалық жүргизиўши субъектлердиң жуўапкершилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-1504-санлы Пәрманы 3-бәнттиң бесинши абзацы төмендеги редакцияда оқылсынF

«нақ пул түсимине ийе болған барлық хожалық жүргизиўши субъектлер нақ пул түсимин банклерге тапсырады. Онда базалық есаплаў муғдарының 20 есесинен артық муғдарда күнлик орташа нақ пул түсимине ийе болған хожалық жүргизиўши субъектлер нақ пул түсимин банк кассаларына ҳәр күни инкассация хызмети арқалы ямаса еркин түрде тапсырады. Көрсетилген көлемнен кем болмаған күнлик орташа нақ пул түсимине ийе болған ямаса онлайн қадағалаў-касса машиналарынан (ямаса виртуал кассадан) пайдаланыўға өткен хожалық жүргизиўши субъектлер нақ пул түсимин банк кассаларына инкассация хызметлери арқалы өзлери белгилейтуғын дәўирлерде ямаса еркин түрде тапсырыў ҳуқықына ийе».

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редак­циядағы жойбарында усы Пәрманда көрсетип өтилген нормаларды нәзерде тутсын.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасары — қаржы минис­три Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 6-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF