Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:50:34, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БӘЛЕНТ ШЕКТИ ГӨЗЛЕП...

Ҳәр жыл сайын ғәлле ҳәм пахта тапсырыў бойынша белгиленген мәмлекетлик шәртнама режесин артығы менен орынлап киятырған «Генжемурат ата» фермер хожалығының ағзалары быйыл да усы бәлент шекти гөзлеп пидайылық пенен жумыс ислемекте.

­ 17 гектарға пахтаның  «Шымбай-5018» сортын еккен едик, - дейди бизге хожалық баслығы Арысланбек Генжемуратов. ­ Ғаўашаларға өз ўақтында агротехникалық қәделерге сай тәрбия илажларының жүргизилиўи нәтийжесинде олар 35-40 ғоректен байлап, ислеген мийнетлеримиздиң жемисин көрсетпекте. Июль-август айларында Сырдәрья ўәлаяты дийқан-фермерлериниң республикамыз аўыл хожалығы хызметкерлерине жоллаған Мүрәжатын қызғын қоллап, ғаўашадан кепилликли мол өним алыўдың ылғаллы айлығын өткердик. Әйне күнлери пахта жыйын-теримине қызғын таярлықлар көрилип, оны баслаў алдында турмыз.

 Ҳақыйқатында да, хожалық атызларында болар екенбиз, ондағы бир тегис раўажланып, жаўдырасып ашылып атырған ғаўашалар көрген көздиң жаўын алып, фермердиң жоқарыда айтып өткен сөзлерин тастыйықлағандай көринеди.

 

Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Қараөзек районы.

СҮЎРЕТТЕ: (Солдан оңға қарай) Фермер Арысланбек әкеси, тәжирийбели

дийқан Жаббарберген Ерекеев ҳәм «Есим­өзек» АПЖ хаткери Саламат Турсыновлар менен бирге.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF