Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:07:06, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАРАХОРЛЫҚҚА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ — БӘРШЕМИЗДИҢ ЎАЗЫЙПАМЫЗ

Коррупция — ҳәр қандай халық, мәмлекет қәўипсизлигине, оның раўажланыў дәрежесине, ондағы бар болған демократия ҳәм нызам үстинлигине зыян жеткереди.

Соның ушын, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап-ақ мәмлекетимизде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен бул оғада қәўипли жынаятқа қарсы гүресиў мақсетинде кескин ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Яғный, жынаятлар анықланып, бундай қыл­мыс­қа қол урған шахсларға нызамда белгиленген тәртипте тийисли жаза ҳәм басқа да ҳуқықый тәсир шаралары тайынланбақта.

Буған мысал ретинде, Беруний районлық медицина бирлеспеси баслығы лаўазымлы шахс бола турып, өз хызмет дәрежесинен пайдаланып, яғный районлық медицина бирлеспеси хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў ҳәм лаўазымнан азат етиў ўәкиллигинен пайдаланып, пуқара А.ның сиңлиси М.ны басқарыўындағы бирлеспеге мийирбийке етип жумысқа жайластырыў есесине медицина бирлеспеси кадрлар бөлими баслығынан 500 АҚШ доллары муғдарында пара бериўди талап етип, 30.11.2018-жылы саат 17:00де Беруний районлық медицина бирлеспеси ҳәкимшилик имаратының бас корпусында жайласқан өз хызмет ханасында алдыннан келисилген 500 АҚШ долларын пара сыпатында алған ўақтында ҳуқық қорғаў уйы­мы хызметкерлери тәрепинен жынаят үстинде услан­ған. 

Нызам үстин болған мәмлекетимизде ҳәр қандай жынаят жазасыз қалмайды. Әсиресе, коррупция, парахорлық, жәмийет мүлкин талан-тараж етиў, лаўазымына қыянет етиў, дәмегөйлик сыяқлы иллетлерге қол урған шахсларға жаза та­йынланатуғыны әмелде өз тастыйығын тап­қан.

Солай етип, айыпкер шахстың дәмегөйлиги, лаўазым дәрежесинен тек ғана жеке мәпи жолында пайдаланыўының ақыры жақсылыққа алып келмеди. Суд тәрепинен оған нызам шегарасында тийисли жаза шаралары қолланылды.

Дурыс, өз нәпсине қул болып жеке мәплерин ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғын адамлар ушырайды. Гәп олардың қай жерде көбирек яки кемирек ушыраўында емес, гәп жәмийет, мәмлекет ҳәм ҳәр бир мәкемениң сондай адамларға қарсы қолланып атырған шараларында ҳәм бул шаралардың қаншелли нәтийжелилигинде. Яғный, бундай адамлардың бузық нийетлерине ерисе алмаўы ушын зәрүр ис-илажлар қолланыў сис­темасын қәлиплестириўден ибарат. 

Әлбетте, пуқараларымыздың ҳуқықый саўатлылығын асырыў, бундай адамлардың дузағына түсип қалмаслықлары ушын олар арасында кең үгит-нәсият жумысларын жүргизиў ең баслы ўазыйпа.

Президентимиз айтқанындай, мәмлекетимиздиң келешегин ҳәм абырай итибарын қәдирлейтуғын ҳәр бир ҳүжданлы пуқара бул қәўипти есинде тутыўы ти­йис.

 

Б.Урумбаев,

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF