Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:21:26, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЗА ЖЕҢИЛИРЕГИНЕ АЛМАСТЫРЫЛДЫ

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды тәрепинен мәнзил-коло­нияда жаза мүддетин өтеп атырған судланғанлардан 10 пуқара мәнзил-колонияда жаза мүддетин өтеў дәўиринде орнатылған ишки күн тәртибин ҳәм жазаны өтеў тәртип-қағыйдаларын бузбағанлығы, колония ҳәкимшилиги тәрепинен унамлы минезлеме берилгенлигин ҳәм олардың дүзелиў жолына өткенлиги ҳаққында мағлыўматлардан өзлериниң ислеген қылмысларынан шын кеўилден пушайман екенлиги, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-74-статьяларында белгиленген мүддетлерин өтеп болғанлығын есапқа алып, еркинен айырыў жазалары жеңилиреги менен алмастырылды ҳәм жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

Сондай-ақ, суд тәрепинен оларды еркинен айырыў жазасы жеңилине алмас­тырылып, шаңарағына барғаннан соң жумысқа жайласыўы, шаңарағына ҳәм жәмийетке пайдалы ислер менен шуғылланыўын, жынаят жолына енди қайтпаслығын, туўры жол менен жүриў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.

Д.РАЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Қоңырат

районы судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF