Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:11:57, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘРМАН-НИЙЕТЛЕР ИСКЕ АСПАҚТА

Бүгин, өзимниң өткен 75 жыллық өмир жолыма нәзер таслайтуғын болсам, ол жыллары республикамыздың халқы ҳәм туўылған үлкемниң турмысы оғада әҳмийетли ҳәм елеўли ўақыяларға бай болғанлығын көриўиме болады.

Әсиресе, бул ўақыялар Қарақалпақстан тарийхында ең бир есте қаларлық дәўирлердиң бирин, яғный республикамызды 25 жыл даўамында елимиздиң көрнекли ақсақалы, халқымыздың үлкен ҳүрметине пидайы мийнети менен ерискен Қәллибек аға Камалов бас­қарған дәўирге жатады.

Ол республика басшысы болып жумыс баслаған ўақытта мен студент едим ҳәм сонлықтан мениң ядымда жақсы сақланып қалды.

Бизиң республикамыз Өзбекстанның ең төмен аймақларының бири болып есапланып, бизде санааттың, өндирислик ҳәм социаллық инфраструктураның раўажланыўы жүдә артта еди, аўыл хожалығында елеўли маш­қалалар орын алар еди.

Ақсақалдың басшылық еткен дәўиринде республикамыздың санааты ҳәм мәдениятында бурын көрилмеген дәрежеде раўажланыў жүз берди, халықтың турмыс шараяты кескин түрде жақсыланып баслады. Мен бул жетискенликлерди дизбеклеп айтпайман, оларды халқымыз жүдә жақсы биледи.

Бундай өзгерислердиң болыўында биринши гезекте оның жоқары басшылық таланты, кең масштаблы пикирлеўи, алда турған ўазыйпаларды шешиўде қолда бар барлық мүмкиншиликлерди иске салыўда үлкен роль ойнады, бул ўазыйпаларды атқарыўда ол өзине тән үлкен мийнетсүйгишлиги, принципиаллығы, талапшаңлығы ҳәм қойылған мақсетлерди қолға киргизиўдеги қаттықоллығы менен көзге түсти.

Әлбетте, бул жерде оның жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин де айтып өтиўимиз шәрт, себеби, ақсақал халықтың мүтәжликлерине оғада үлкен дыққат қойды, оның кейпиятын жақсы аңлады, әпиўайы пуқаралардың пикирлерин тыңлап билди.

Сол жыллары мениң әкем Кегейли районы бурынғы Энгельс атындағы совхозда бригадир, бөлим басқарыўшысы болып ислер еди ҳәм Қәллибек Камалович бизиң совхозға келгенинде әпиўайы мийнеткешлер менен ушыраспай, оларды қыйнап атырған машқалалар менен жақын таныспай кетпес еди. Ол райондағы көпшилик адамларды атпа-ат билетуғын еди, ҳәр бир ушырасыўды, оларда көтерилген мәселелердиң шешимин ядынан шығармады. Оның бундай қәсийетлери  жоқары абырайға ерисиўинде ҳәм мәселелерди өз ўақтында ҳәм табыслы шешиўине тийкар болар еди.

Әлбетте, тарийхый көзқарастан алынған қысқа ўақыт ишинде қойылған ўазыйпаларды толық әмелге асырыў мүмкин емес еди. Өткен әсирдиң 70-жылларында-ақ оның әрманы республикамызда бай металл рудалары, нефть ҳәм газ запаслары негизинде санааттың ири салаларын раўажландырыў еди. Бирақ, тилекке қарсы, сол ўақыттағы аўқамлық мәмлекетте металлургияның, нефть ҳәм газ қазып алыўдың орайлары бар болып, Қәллибек Камаловтың өтинишлери ҳәм усыныслары бул мәселени келешекте көрип шығамыз деген ўәдеден аспады.

Ол, мине 30 жылдан асламырақ ўақытта ҳүрметли дем алыста болғанлығына қарамастан, халықтың жыры менен жасап келмекте, республикамыздың социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўының басқышларына шын ықлас пенен дыққат бөлип атыр.

Елимиз халқының турмысындағы сыяқлы оның турмысында да бурылыслы мәўрит Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң Президент болып сайланыўы болды. Шавкат Миромоновичтиң Шоманай районында болып өткен сайлаў алды ушырасыўында Қәллибек Камалов жарқын ҳәм мазмунлы түрде шығып сөйлеп, болажақ Президентимиздиң алдынғы мийнетлерине, еки областтың ҳәкими дәўириндеги хызметлерине жоқары баҳа берди. Бул шығып сөйлеў еки уллы инсан арасындағы өз-ара ҳүрметтиң терең екенлигин көрсетти.

Шавкат Мирзиёев Президент болып сайланғаннан кейин экономикамызды кардинал дәрежеде көтериў ҳәм социаллық саланы жоқары жаңа басқышқа тартыў бойынша избе-из ҳәм кең көлемли илажлар әмелге асырыла баслады. Елимиз басшысының халықтың машқалалары ҳәм тилеклерин тиккелей еситиўге умтылыўы, бундағы оның инсаныйлық жақтан әпиўайылығы халық арасында оған деген үлкен сүйиспеншилик оятты. Оның мақсетке умтылыўшылығы ҳәм узақты көриўшилиги ишки ҳәм сыртқы сиясаттың қыйын мәселелерин табыслы шешиўге мүмкиншилик жаратты. Қәллибек Камалович халық пенен ушырасыўларының биринде (бул ушырасыўда мен де бар едим) былай деген еди: «Алламыз Өзбекстанға миллеттиң шын басшысын жиберди, бизиң елимизди уллы келешек күтпекте». Мойнақта болған ушырасыўда ол Президентимизди уллы реформатор деп атады.

Бизге үлкен қуўаныш бағышлайтуғын тәрепи, елимиз басшысы Қарақалпақстанның раўажланыў машқалаларына үлкен кеўил бөлмекте. Мысал ретинде, Мойнақ районын ҳәм Арал бойы регионын комплексли түрде раўажландырыў бойынша ҳүкиметлик шешимлерди ҳәм олардың орынланыў барысын келтирсек арзыйды. Бул жойбарларға оғада көп қәрежетлер, соның ишинде, сырт ел қаржылары ажыратылды. Барлық қала ҳәм районларымызда өндирислик, социаллық объект­лердиң, турақ жайлардың қурылыс пәтлери жоқары өсим берип атыр.

Соның менен бир қатарда, мен бүгин тек республикамыздың емес, ал пүткил Өзбекстанымыздың раўажланыўына унамлы тәсир ететуғын бир ўақыяға тоқтап өтким келип отыр.

Ел ағасы, Президент пенен Нөкис­те 2017-жылдың 21-январында болып өткен ушырасыўда, өзиниң көп жыллық тәжирийбесине ҳәм билимине сүйенген ҳалда Қараөзек районындағы Тебинбулақ титан-магнетит рудалары кәнлери негизинде таў-кән — металлургиялық комплекс қурыўды усыныс етти.

Гейпара келте пәмли адамлар бул мәселениң унамлы шешилиўине гүманланып та жүрди.

Бирақта Президентимиз бул усынысқа үлкен дыққат пенен жантасып, тийисли уйымларға бул мәселениң мақсетке муўапықлығын ҳәм нәтийжелилигин үйренип шығыўды тапсырды. Солай етип, 2018-жылдың 12-январында бул объектти қурыў бойынша Президентимиздиң тийисли қарары қабыл етилди. Усы жылдың ақырында «Өзбекстан темир жоллары» компа­ниясы тәрепинен Австрия ҳәм Германия фирмалары менен биргеликте қурылыс жумысларын баслаў нәзерде тутылған.

Мен бул жойбар менен үлкен қызығыўшылық пенен танысып шығып, елимиздиң металлға болған мүтәжлилигин толық қанаатландыратуғынлығын ҳәм 2 млрд. долларды үнем­лейтуғынлығына көзим жетти. Комплекстиң биринши басқышы 2021-жылы тапсырылады, ал, қурылыс толығы менен 2024-жылы жуўмақланады.

Мүтәжликти өз есабынан жабыў көпшилик санаат тараўларын, қурылысты ҳәм транспортты раўажландырыўдың пәтлерин көбейтиўге мүмкиншилик береди. Бул комплекстиң қурылысы — ақсақалымыз ҳәм гүллән халқымыз онлаған жыллар бойлап әрман еткен ўақыялардың бири болды.

Қарақалпақстан ушын бул санаат өндириси көлеминиң кескин түрде өсиўине, бюджетке қаржылардың көплеп түсиўине, халықтың бәнтлигине беккем тийкар салады. Сондай-ақ, газ ҳәм нефтьти қазып алыўда да үлкен перспективалар бар. Жақын жыллар ишинде Қарақалпақстанның индус­триаллық республика статусын алыўына ҳеш қандай гүман жоқ. 

Кейинги жылларда Президентимиз тәрепинен қойылған уллы ўазыйпалардың орынланыўына халқымыздың исеними артпақта. Өткен азғана ўақыт ишинде Елбасшымыз өзиниң даналығын ҳәм узақты көре билиўин ис жүзинде дәлилледи.

Келешекке беккем исеним менен қараған Қәллибек Камалович Президентимиз бенен Мойнақтағы кейинги ушырасыўда Өзбекстанның 2035-жыл­ға келип дүньяның жигирма раўажлан­ған мәмлекетлери қатарына киретуғынлығын үлкен исеним менен билдирди. Әлбетте, бул сөзсиз орынланады деп тилеклеслик билдиремиз.

 

А.МӘМБЕТКАРИМОВ,

Мийнет нураныйы, Қарақалпақстан Республикасына

мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF