Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:05:38, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИШКИ ИСЛЕР УЙЫМЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Усы жыл  3-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде  Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланып «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» атамасында илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң тараў хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов шығып сөйлеп, жыйналғанларды ең уллы, ең әзиз байрам-ғәрезсизлик әййямы менен қутлықлап, елимизде жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыс­ларға тоқтап өтти.

Президентимиздиң пәрманына муўапық елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен миллий мәплеримизди қорғаў ҳәм тынышлықты тәми­йинлеў, турақлылық ҳәм жәми­йетлик тәртипти беккемлеў бағдарындағы хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында мәртлик, ерлик ҳәм пидайылық көрсеткени ушын бир топар әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳүр­метли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди. Олардың арасында Беруний ра­йонлық ишки ислер бөлими ҳуқықбузарлықлар профилактикасы аға инспекторы Махмуд Уразметов та бар.  Илажда оған «Шуҳрат» медалы тапсырылды. Сондай-ақ,  бир топар хызметкерлер Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы тийкарында әскерий атақ, көкирек нышаны ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Буннан кейин илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының байрақлары орнатылған майданда даўам етти. Бул жерде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол-ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасына 8, тергеў басқармасына 1, министрликтиң оператив ўазыйпаларды орынлаў көшпели отрядына 2 арнаўлы хызмет автомашинасы тапсырылды.

— Ишки ислер уйымлары хызметкерлерине көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз,-дейди Елликқала районлық Ишки ислер бөлими Жол-ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшесиниң баслығы Романберген Абдреймов. — Бизлерге берилип атыр­ған хызмет автомашинасы ҳәр биримизге және де жуўапкершилик жүклейди.

Илажда хызмет автомашиналарының гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF