Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:29:41, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МЕҲРИБАНЛЫҚ  ҮЙИ»НЕ ПРЕЗИДЕНТ  САЎҒАСЫ

Усы жыл  4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерния­зов  Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде болып, тәрбияланыўшылар және устаз-педагогларды  елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы  ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиздиң барлық улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылы  «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында «Ғәрезсизлик сабағы» менен басланды. Бүгинги күни республикамызда 725 улыўма билим бериў мектеби болып, жаңа оқыў жылы алдынан Инвестициялық бағдарлама тийкарында 7 улыўма билим бериў мектеби жаңадан қурыл­ған болса, 8 мектепте реконструкциялаў ҳәм 4 мектепте капитал оңлаў жумыслары алып барылды. Бул жумысларға 45,1 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 20-февральдағы «Абат аўыл» бағдарламасын 2019-жылда әмелге асырыў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққындағы  қарарын орынлаў бойынша республикамызда 36 улыўма билим бериў мектебинде 53,4 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, бүгинги күнге пайдаланыўға тапсырылды. 2019-2020-оқыў жылында 1-класс­қа қабыл етилген 35718 оқыўшыға 12 атамадағы «Президент саўғасы» жеткерилип берилди.

Соңғы жыллары «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларына барлық шараятлар жаратылып берилмекте. Усының нәтийжесинде бы­йылғы жылы 6 тәрбияланыўшы жоқары оқыў орнына, 13  тәрбияланыўшы академиялық лицейлерге оқыўға кириўге миясар болды.

Илаж соңында республикамыздың басшысы «Меҳрибанлық үйи» жәмәәтине Президентимиздиң саўғасы — «Газель» автомашинасын, сондай-ақ, биринши классқа қәдем қойған оқыўшыларға «Президент саўғасы»н салтанатлы жағдайда тапсырды.

Байрам кешеси «Меҳрибанлық үйи»ниң  «Таң ғумшалары» ансамбли ҳәм «Қарс» топарының концерт бағдараламасы менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF