Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:00:20, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге ҳәм оны раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын бир топар жерлеслеримиз Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы қарсаңында Президентимиздиң пәрманлары менен ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қосып киятырған бир қатар мийнет алдынғылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары менен ҳүрметли атақлар менен сыйлықланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязов жыйналғанларды ең уллы, ең әзиз байрамымыз, елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң республикамызға бол­ған айрықша итибары және ғамқорлығының нәжийжесинде  Нөкис қаласында, барлық районларда кең көлемли қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Әсиресе, бүгинги күни Мойнақ районында әмелге асырылып атырған жойбарлар, шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилиўи бойынша илажлар  халқымызға айрықша қуўаныш бағышламақта.

Илажда мәмлекетлик сыйлықлар - ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар өз ийелерине   салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис фи­лиалы 1-реанимация бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери  Ким Виталий Яковлевич, Әмиўдәрья ра­йоны ҳәкиминиң орынбасары — ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордениниң ийеси Марям Ахмедова, Қараөзек районындағы «Строй Вектор» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Қутлымурат Панаев, мийнет ветераны, «Дўстлик» ордениниң ийеси Васякина Ирина Михайловна,  Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы,  Қарақалпақстан Республикасы халық артисти  Гүлнара Мунтеева,  Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйым­лары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шымбай районы Кеңеси баслығының биринши орынбасары, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Бахытлыбай Абдуллаев, Шоманай районлық медицина бирлеспеси баслығының орынбасары, көп тармақлы орайлық поликлиника баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери Сатгелди Адакаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Халқымыз турмысында жүз берген және бир қуўанышлы ўақыя, бул ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовқа ең жоқары сыйлық — Өзбекстан Қаҳарманы ҳүрметли атағының берилиўи болды.

Бул ўақыяны жыйналғанлар узақ қол шаппатлаўлар менен қарсы алып, Ҳүрметли Президентимиздиң республикамыз басшысына, сондай-ақ, Қарақалпақстан халқына деген жоқары исеними деп қабыл етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF