Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:56:00, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЗАМАНАГӨЙ БИЛИМЛЕНДИРИЎ — ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ТИЙКАРЫ

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде халық билимлендириў тараўын түпкиликли реформалаўға қаратылған бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы тийкарда кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Атап айтқанда, педагог-хызметкерлердиң жәми­йеттеги абырайын көтериў, оларды материаллық ҳәм мораллық жақтан хошаметлеў арқалы елимизде билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға кең имканиятлар жаратылмақта. Сондай-ақ, усы жылдың 23-август күни Президентимиз басшылығында халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың жәмийеттеги абырайын асырыў, жас әўладларды руўхый жақтан жетилистириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Президентлик хызметиниң дәслепки күнлеринен-ақ, журтымызда инновациялық ҳәм креатив пикирлейтуғын, заманагөй кадрлар таярлаў, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында, жоқары ағартыў ийелери етип тәрбиялаў, усы мақсетте билимлендириў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратып келмекте. Сондай-ақ, соңғы жылларда муғаллим ҳәм устазлардың айлық ис ҳақылары белгили дәрежеде арттырылды, олардың шаңарақ ағзаларының исбилерменлик пенен шуғылланыўына имканиятлар жаратылды, мәжбүрий мийнеттен азат етилди, қайсы муғаллим пидайылық пенен мийнет етип, келешек әўладларға сапалы билим ҳәм тәрбия берсе, яғный, билимлендириў тараўының раўажланыўына ҳәр тәреплеме үлес қосса, олар өз мийнетине қарай мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланып келинбекте. Президентимиз тәрепинен халық билимлендириў системасына тийисли 6 пәрман ҳәм қарар, Министрлер Кабинетиниң 21 қарары қабыл етилип, бул тараўдағы реформалардың ҳуқықый-норматив негизи беккемленди. Нәтийжеде, өткен қысқа ўақыт ишинде мектеплеримизде оқыўшы-жасларымызға терең билим ҳәм тәрбия бериў барысында нәтийжелер көзге таслана баслады. Мәселен, усы жылы 8-10-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары, орта арнаўлы, кәсип-өнер колледжлери оқыўшы-жаслары арасында пәнлер олимпиа­дасында 5 оқыўшымыз сыйлы орынларды ийелеп, командалық есапта оқыў­шыларымыз Ташкент қаласынан кейин сыйлы 2-орынды ийеледи.

Пән олимпиадасында сыйлы орынларды ийелеген оқыўшы-жасларымыз пән бағдары бойынша жоқары оқыў орынларына тест сынағысыз кирип, студент болыў бахтына миясар болды.

Сондай-ақ, усы жыл август айында Қубла Африка мәмлекетиниң Дурбан қаласында мектеп оқыўшылары арасында болып өткен, Халықаралық математика жарысына (IМС-2019) Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы  Дамир Дилмуратов қатнасып, командалық есапта бронза медалын алыўға ерискен болса, усы жылдың 21-июлинен 1-августына шекемги аралықта Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында мектеп оқыўшылары арасында экономикалық билим тийкарлары пәни бойынша инглис тилинде болып өтетуғын Халықаралық таңлаўға Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыў­шысы Аметбеков Алибек Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып, өз билим көнликпесин арт­тырып қайтты. Бул табыслардың қолға киргизилиўинде әлбетте, ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўы хызметкерлерине қаратып атырған дыққат-итибарының нәтийжесинен деп билемиз.

Соның менен бирге мәмлекетимизде муғаллимлеримиздиң жәмийеттеги абырайын көтериў, оларды мораллық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў менен бирге, улыўма билим бериў мектеплерин «Инвестиция», «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» Мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары алып барылып, олардың материаллық-техникалық базалары беккемленип барылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Инвестиция бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Республикамыз бойынша усы жылы 19 объектте жаңадан қурыў, реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды.  Соннан, 7 жаңа қурылыс (Нөкис қаласында-2, Төрткүл районында-2, Беруний районында-1, Қоңырат районында-1, Шоманай районында-1),  8 реконструкция, 4 капитал оңлаў жумыслары алып барылды.

«Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына 38 улыўма билим бериў мектеби киритилди. Қалған мектеплеримизде жеңил оңлаў  жумыслары алып барылды.

Быйылғы оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма билим бериў мектеплерине 35718 оқыўшы 1-классқа қабыл  етиў режелестирилген. Олар ушын берилетуғын «Президент саўғасы», яғный, 12 атамадағы оқыў қураллары толығы менен улыўма билим бериў мектеплерине жеткерилип берилди. 

Сондай-ақ, Журтбасшымыздың айрықша итибарына бола, 2019-2020-оқыў жылынан баслап, Нөкис қаласында «Президент мектеби» өз жумысын баслайды. Әлбетте, «Президент мектеби»не жоқары тәжирийбеге ийе басшы кадрларды ҳәм педагог-хызметкерлерди таңлап алыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.  «Бул мектептиң муғаллими де, оқыўшысы да ең үлгили болыўы керек» деп мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласында қурылып атырған Президент мектеби менен танысыў ўақтында айтып өтти. Нәтийжеде, Нөкис қаласында мектептиң қурылысы жедел алып барылмақта.

Сапар даўамында Президентимиз мектептиң имараты да, ағартыўшылығы да жақсы болыўы кереклигин, сол себепли оны асықпай, сапалы етип қурып, Конституция байрамында пайдаланыўға тапсырыў кереклигин атап өтти. Оған шекем оқыў­шылар басқа имаратта оқып турады.

Сөзимниң жуўмағында, халық билимлендириў тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылып атырған дыққат-итибары ушын ҳүрметли Президентимиз ҳәм де республикамыздың басшыларына көп санлы оқыўшы-жаслар ҳәм олардың ата-аналары атынан миннетдаршылық билдиремиз.

Қаратылып атырған бундай дыққат-итибарлары ушын келешегимиз бол­ған оқыўшы-жасларды терең билимли, ҳәр тәреплеме раўажланған кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда бар тәжирийбемиз ҳәм де билимимизди жумсаймыз. Пурсаттан пайдаланып, бәрше заманласларымды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз. Елимиздиң және де раўажланыўы жолындағы барлық ийгиликли ислериңизде тас­қын табыслар тилеймиз.

Тахир ДАУЛЕТМУРАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигиниң

методикалық хызмет бөлиминиң методисти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF