Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:56:35, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КЕҢЕС»ТЕ ӨТКЕРИЛГЕН ИЛАЖЛАР

Президентимиздиң алға қойған бес басламасын турмысқа енгизиў бойынша «Кеңес» аўылында да бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, аймақта жайласқан 4, 9, 30-санлы улыўма орта билим бериў ҳәм 1-санлы қәнигелестирилген мектеплер, 56-санлы аўыллық шаңарақ поликлиникасы, 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси менен биргеликте Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен бес әҳмийетли баслама бойынша жаслар арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар ҳәм  жарыслар шөлкемлестирилди.

Соның ишинде «Биз ­ саламат жаслар» сүрени астында жуўырыў марафоны болып өтти. Оған аўылдың барлық жасы үлкен ҳәм кишиси  белсене қатнасты. Финишке  ерлер арасынан Е.Нажимов ҳәм ҳаял-қызлардан 56-санлы аўыллық шаңарақ поликлиника хызметкери Р.Өтебаевалар биринши жетип келип,  жеңимпазлықты қолға киргизди. Ал, жаслардың дөретиўшилигин арттырыў бойынша оқыўшылар арасында «Ўатан  раўажланыўына мениң үлесим» атамасында Ўатан тымсалында сүўрет салыў бойынша өткерилген таңлаўда болса, 1-санлы қәнигелестирилген мектептиң 6-класс оқыўшысы  С.Ниетбаева  жеңимпаз болды. Сондай-ақ, компьютер технологияларынан пайдаланыў бо­йынша  «Ең жақсы реклама дизайнери» атамасындағы таңлаўда 30-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы А.Абсеттеров, спорттың миллий гүрес түри бойынша ерлер арасында 9-санлы мектеп муғаллимлери Б.Досжанов биринши, А.Айтманбетовлар екинши орынларды ийеледи.

 «Ең жақсы тамарқа ийеси» көргизбесинде болса, өз үй алды қыйтақ жерлеринде өндирилген өнимлери менен  аўыл турғынлары қатнасты. Көргизбеде өз бағынан бир неше түрдеги  мийўе ҳәм палыз өнимлери менен қатнасқан А.Атамуратов ҳәм Б.Қудияровлар ең жақсы тамарқа жер ийелери екенин дәлилледи.

Аймағымыздағы тигиўшилик бо­йынша жеке исбилерменлердиң «Қойсынай» ҳәм «Зульфия» тигиўшилик цехларында жас қызларға шеберлик сабақлары шөлкемлестирилип, бул оларда  исбилерменликке деген қызығыўшылық оятты.

Соңынан усы илажларға белсене қатнасқанларды сыйлықлаў мәресими болып, онда жеңимпазларға районлық Ҳаял-қызлар комитети баслығы Г.Мәмбетниязова ҳәм Халық билимлендириў бөлими баслығы Э.Мәмбеткаримовалар баҳалы саўғалар ҳәм Ҳүрмет жарлықларын тапсырды. Бул әҳмийетли бағдарлар бойынша өткерилген таңлаў ҳәм жарыслар  келешегимиз бол­ған  жаслардың кәмил инсанлар болып жетилисиўине негиз жаратады, деп исеним менен айта аламыз.

Р.ОРАЗБАЕВ,

Шымбай районы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектеби

директорының орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF