Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:03:08, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЫРЫСҚЫ-НЕСИЙБЕМИЗ МОЛ БОЛСЫН

Ең уллы, ең әзиз әййям ­ Ўатанымыз Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығын пүткил халқымыз кең түрде байрамламақта. Елимизде байрамды көтериңки руўхта өткериў ушын барлық таярлықлар көрилген.

Республикамыз халқын байрамда сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәми­йинлеў мақсетинде орынларда байрам ярмаркалары шөлкемлестирилип, оларда арзанлатылған аўыл хожалық өнимлери саўдасы жолға қойылған.

«Нөкис дийқан базары» акционерлик жәми­йети жанында шөлкем­лестирилген ярмаркада республикамыздың Нөкис, Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Тақыятас, Қанлыкөл, Қоңырат, Ел­лик­қала ҳәм басқа да районларынан фермер хожалықлары тәрепинен жетис­тирилген бәрше аўыл хожалық өнимлери  менен қатнасып, халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде өзлериниң үлеслерин қоспақта.

Әзелден жер менен тиллескен, мийнетте зәбердес дийқан-фермерлеримиз ҳәм бағманларымыз жетис­тирген қыяр-помидор, алма, жүзим, қәрели, қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да бирқанша мийўе-палыз өнимлери көздиң жаўын алып, иш­тейиңди ашады. Әсиресе, журтымызда жетистирилип атырған бул өнимлер денсаўлығымызға пайдалы витаминлер, азық-аўқат рацио­нында орнын алмастырып болмайтуғын түрли биоло­гиялық элементлерге бай екенлигин айтып өтиўимиз керек.

— Шаңарағымыз ушын керекли мийўе-палыз өнимлерин усы жерден алып атырман, - дейди қарыйдарлардың бири Әнар Бекмуратова. — Қарыйдарлар ушын жетерли шараятлар жаратылған. Ярмаркадан шабдал, жүзим сатып алдым. Мийўелердиң барлығы жаңадан әкелинген, мазалы, баҳасы да арзан. Байрам қарсаңында ҳүкиметимиз тәрепинен халыққа көрсетилип атыр­ған бундай қолайлылықлардан миннетдармыз...

Қулласы, шөлкемлестирилген бул байрам алды ярмаркалары  халқымыздың дастурханының молшылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: байрам ярмаркасынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF