Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:28:21, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ ИЛИМ ТАРАЎЫНА ТАРТЫЎ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ БАСЛАМАЛАРЫН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда республикада илимий ҳәм инновациялық жумысларды қоллап-қуўатлаў, кадрларды таярлаў системасын реформалаў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта, қәбилетли жасларды абырайлы миллий және халықаралық олимпиадаларда, жарыслар ҳәм таңлаўларда жақсы нәтийжелерге ерисиўи ушын зәрүрли шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Жаслардың дөретиўшилик, интеллектуаллық ҳәм исбилерменлик потенциалын жүзеге шығарыў, инновациялық идеялар, жойбарлар ҳәм технологияларды өндириске енгизиў, қәбилетли студентлер, жас илимпазлар ҳәм исбилерменлердиң инновациялық жумысын хошаметлеў, илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын күшейтиў ушын зәрүрли шараятлар жаратылмақта.

Соның менен бирге, жас қәбилет ийелерин инновациялық исбилерменлик тараўына системалы түрде тартыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде:

қәбилетли жасларды исбилерменлер ҳәм жетекши илимпазлар менен биргеликте жумыс алып барыўы ушын бирден-бир системаны жаратыў ҳәм сол тийкарда илим тараўында жас кадр­ларды жетистириў системасының үзликсизлигин тәмийинлеў;

өндирис тараўына жоқары технологияларды енгизиў ҳәм илимий-изерт­леўлерге жасларды тартыў және илимий-техникалық ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ушын платформаларды жаратыў талап етилмекте.

Қәбилетли жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды буннан былай да жеделлестириў, мәмлекет илиминиң халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, ҳәрекеттеги илимий мектеплердиң потенциалын буннан былай да беккемлеў және олардың инновациялық потенциалын раўажландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги және Өзбекстан жаслар аўқамының:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги жанында Жаслар ака­демия­сын (кейинги орынларда — Жаслар академиясы) юридикалық шахс статусысыз шөлкемлестириў;

Жаслар академиясына басшылықты Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министриниң  биринши орынбасарына жүклеў;

Жаслар академиясына өзлериниң инновациялық жойбарларына ҳәм идея­ларына ийе қәбилетли  жаслар ҳәм студентлер, 40  жасқа шекем болған илимпазлар ҳәм исбилерменлерден қуралған жәмәәтлерди таңлаў тийкарында қабыл етиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Жаслар академиясының  жәмәәтлери ағзалары Жаслар академиясының ағзалары деп есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жаслар академиясының тийкар­ғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери менен биргеликте жаслардың дөретиўшилик, интеллектуаллық ҳәм исбилерменлик потенциалын арттырыў;

қәбилетли ҳәм интакер жаслар бо­йынша бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм турақлы түрде жаңалап барыў және олардың мәмлекеттиң жетекши илимпазлары ҳәм исбилерменлери менен бирге ислесиўин тәмийинлеў;

илимий-изертлеўлерди орынлаў қызығыўшылығына ийе қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди жүргизиўине имканият жаратыў, жаңа әўлад ҳәм жас илимпазларды таярлаў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў;

жас илимпазлар тәрепинен анық ўазыйпаларды шешиўге, ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары бол­ған алдынғы технологиялық қолланбаларды ислеп шығыўға қолайлы шараятларды жаратыў;

илимий-инновациялық акселераторларды ҳәм бизнес-инкубаторларды шөлкемлестириў тийкарында интакер жасларды исбилерменликке бағдарлаў;

жаслардың стартап жойбарларын хожалық басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекеттиң үлеси бар кәрханаларды избе-из раўажландырыў бойынша заман талапларына жуўап беретуғын, коммерцияластырыў дәрежеси жоқары болған өнимлер ҳәм хызметлерди ислеп шығарыўға бағдарлаў;

қәбилетли жаслардың раўажланған сырт мәмлекетлердиң абырайлы илимий орайларында, университетлеринде, технопарклери ҳәм өндирислик кәрханаларында қәнигелигин арттырыўына жәрдемлесиў;

халықаралық ҳәм жергиликли дәрежеде тән алынған шөлкемлер, университетлер, илимий орайлар менен тығыз байланысларды орнатыў, олардың илимпазлары ҳәм қәнигелери қатнасыўында шеберлик сабақлары, тренинглер, сондай-ақ, әҳмийетли илимий-инновациялық бағдарлар бойынша конференциялар, семинарлар ҳәм таңлаўлар өткериў.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қәбилетли жаслар менен ислесиў басқармасы сапластырылсын ҳәм оның 5 штат бирлиги әмелдеги қаржыландырыў тәртиби сақлап қалынған ҳалда Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң системасына өткерилсин.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң орайлық аппараты структурасында министрликке өткерилип атырған штат бирликлери есабынан Қәбилетли жаслар менен ислесиў бас­қармасы шөлкемлестирилсин ҳәм ол Жаслар академиясының жумысшы уйымы етип белгиленсин.

4.Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги жанындағы Жаслар академиясының шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги жанындағы Жаслар академиясының Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги жанында Жаслар академиясының қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў Фонды (ке­йинги орынларда — Фонд) юридикалық шахс статусысыз шөлкемлестирилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, устав фондында (капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан зыят болған юридикалық шахс­лар, сондай-ақ, устав фондының (капиталының) 50 проценти ҳәм оннан зыяты мәмлекеттиң үлеси жоқары бол­ған кәрханаларға тийисли юридикалық шахслардың инновациялық жумысын қоллап-қуўатлаў фондларының жәми қаржыларының жылына 10 проценти муғдарындағы қаржыларын ҳәр жылы Фондқа өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. Төмендегилер Фондтың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

усы қарардың 6-бәнтинде көрсетип өтилген қаржылар;

Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў фонды Бақлаў кеңесиниң  қарарына тийкарланып бағдарланып атыр­ған қаржылардың бөлеги;

Жаслар академиясы Қәўендерлик кеңесиниң ағзалары — хожалық бас­қарыў уйымлары, мәмлекеттиң үлеси бар кәрханалар ҳәм басқа да шөлкемлер, сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;

Жаслар академиясының ағзалары тәрепинен инновациялық әмелий ҳәм стартап жойбарларының нәтийжелери тийкарында таярланған инновациялық өнимлерди коммерцияластырыўдан алынатуғын дәраматлардың бир бөлеги;

халықаралық финанслық институтлардың, донорлардың грантлары ҳәм кредитлери;

Фондтың ўақытша бос турған қаржыларын  коммерциялық банклердиң депозит есапларына жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар;

Жаслар академиясына бириктирилген имарат ҳәм объектлерди ижараға бериўден алынған түсимлер;

шөлкемлер менен дүзилген шәртнамалар шеңберинде алынған дәраматлар;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Фондтың қаржылары төмендегилерге бағдарланыўы мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын:

инновациялық, әмелий ҳәм стартап жойбарларды қаржыландырыўға, соның ишинде, илимий-инновациялық акселератор ҳәм бизнес инкубаторларды шөлкемлестириўге, алдынғы техноло­гиялық қолланбаларды ислеп шығыўға;

Жаслар академиясының жумысын шөлкемлестириў, сырт елли ҳәм жергиликли жетекши илимпазлар, қәнигелер және ўатанласларды белгиленген тәртипте тартыўға;

қәбилетли жасларды раўажланған мәмлекетлердиң абырайлы илимий орайларында, университетлеринде, технопарклери ҳәм өндирислик кәрханаларында  қәнигелигин арттырыўға, абырайлы илимий басылымларда мақалаларды шығарыў, сондай-ақ, сырт елли ҳәм жергиликли  потентлеў қәрежетлерин қаплаўға;

илимий-әмелий илажлар (симпозиум, конференция, семинар, тренинг, дөгерек сәўбетлери, мастер-класслар ҳәм басқалар) шөлкемлестириў және халықаралық илимий-әмелий илажларда қатнасыўға;

Жаслар академиясының усы қарарда белгиленген тийкарғы ўазыйпаларын  жүзеге шығарыўға.

  1. Фонд тәрепинен Жаслар академиясының жумысы менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў Қәўендерлик кеңесиниң қарарына тийкарланып әмелге асырылатуғыны;

Жаслар академиясы ағзаларының жойбарлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Yoshlar - kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5466-санлы Пәрманы тийкарында ажыратылған қаржылар шеңберинде орнатылған тәртипте қаржыландырылатуғыны;

Жаслар академиясы ағзаларының қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды сырт елге стажировкаларға жибериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қорының бағдарламалары шеңберинде буйыртпаға тийкарланып әмелге асырылатуғыны;

мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде орынланатуғын жас илимпазлардың илимий-техникалық жойбарлары Жаслар академиясы ағзалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қәбилетли жасларды Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги жанындағы «Жаслар академиясы» жумысына 2019-2020-жылларда тартыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдураҳмонов тастыйықланып атырған «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынлаўға жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Жаслар академиясы ағзаларының илимий-дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде 2020-жылдың 1-апрелине шекем төмендеги платформаларды шөлкемлестирсин:

«Идеялардың генераторлары» — Жаслар академиясының тийкарғы бағдарларына тийисли болған белгили бир машқаланың шешимине қаратыл­ған инновациялық идеяға ийе жәмәәтлердиң платформасы;

«Стартаплар» — өз идеясы ҳәм сол идеяны әмелге асырыўға қаратыл­ған стартап жойбарлары ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша анық режеге ийе жәмәәтлердиң платформасы;

«Бизнес ўәкиллер» — жумысында илим ҳәм инновациялық табысларды қолланған ҳәм тийисли тараўда ең кеминде 1 жыллық тәжирийбеге ийе болған жәмәәтлердиң платформасы;

«Болажақ академиклер» — жоқарыдағы платформаларда белсендилик пенен қатнасқан, мәмлекет илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосып атыр­ған жоқары илимий потенциалға ийе илимпазлардың платформасы.

Жаслар академиясы жумысының шеңберинде мәмлекетимиздиң келешеги ушын айрықша әҳмийетке ийе болған жасалма интеллект, қайта тиклениўши энергия дәреклери, робототехника ҳәм мехатроника, фармацевтика, биотехнология, программаластырыў, санаат дизайни, 3D модельлес­тириў ҳәм басқа да перспективалы бағдарларда әмелий, инновациялық ҳәм стартап жойбарлары әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Жаслар академиясының ағзалары ушын заманагөй инфраструктураға ийе шараятларды жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Инновациялық қолланбаларды енгизиў илимий-әмелий орайы, Алдынғы технологиялар орайы ҳәм «Яшнобод» инновациялық технопаркиниң  имаратлары, лаборатория­лары, акселераторы ҳәм коворкинг орайларын Жаслар акаде­мия­сына бийпул пайдаланыў ушын ажыратсын;

2020-жыл 1-январьға шекем Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте Жаслар академиясының ағзаларына дүньяның жетекши мәмлекетлери тәжирийбеси тийкарында Ташкент ўәлаяты Нурафшон қаласында қурылып атырған «ақыллы қала» аймағында заманагөй инфраструктураға ийе киши ҳәм ықшам «Science Park» (Сайнспарк) шөлкемлестириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Жаслар академиясы ағзаларына бизнести шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў, соның ишинде, бизнес режелер ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлерин таярлаў, қамсызландырыў, бухгалтерия, есап бериў, бизнес шериклерди, мини-технологиялар ҳәм үскенелерди излеп табыў менен байланыслы хызметлерди шөлкемлестириў бойынша турақлы шеберлик сабақларын алып барсын.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына турақлы түрде Жаслар академиясының жумысын ғалаба хабар қуралларында кеңнен жәриялаў, телерадиоканалларда интеллектуаллық бағдардағы телерадиобағдарламаларды шөлкемлестириў ҳәм эфирге бериў усыныс етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Инновация­лық раўажланыў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3416-санлы қарарына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги бир ай мүддетте:

Жаслар академиясының режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа жүкленсин.

         Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

         Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-август.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF