Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:30:21, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР — БИЗИҢ КЕЛЕШЕГИМИЗ

Қушағына талантлы жасларды жәмлеген пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында усы театр тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 әҳмийетли бағдарламасының биринши бағдары шеңбериндеги ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкем­лес­тирилген, «Жаслар — бизиң келешегимиз» атамасындағы мәдений илаж болып өтти. 

Жасларымыз арасында бундай илажды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет — миллий сүўретлеў, әдебият ҳәм көркем-өнер­диң түрлери бойынша миллий мәдения­тымыздың бай мийрасларын ҳәм де заманагөй сүўретлеў өнериниң жетискенликлерин кең түрде халыққа танытыў, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, киши жастағы художниклердиң дөретиўшилик потенциалының жоқары идеяда екенлигин тамашагөйлерге жеткериў, туўылған үлкемизге муҳаббат, гөззаллықты көриў ҳәм оны баҳалаўдан ибарат болып табылады.     

Илажды Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери П.Айтмуратов кирис сөз бенен ашып, бул илаждың әҳми­йети ҳаққында тоқтап өтип, мағлыўматлар берди. 

Кешеде тийкарынан мәмлекетимизде жаслар сиясатын әмелге асырыў барысында алып барылып атырған жумысларға, сондай-ақ,  ғәрезсизлик жылларында унамлы нәтийжелерди қолға киргизген, мәмлекетимиздиң халықаралық дәрежедеги абырайын еле де арттырыўда хызмет етип атырған жасларымыздың турмысын ҳәм жетискенликлерин сәўлелендириўши мийнетлери орын ийелеген.         

Жасларымыз бунда үш бағдар бойынша күш сынасты. Әлбетте, таңлаў болғанлығы ушын дойнағында бары топ жарып шығатуғынлығы әйне ҳақыйқат. Солай етип, кеше жуўмағында номинациялар бойынша олардың ишинен ең ылайықлылары таңланып хошаметлеў сыйлықлары берилди.

— Мәмлекетимизде қайсы тараўдан болса да талантлы жаслар көп. Сүўретлеў, әдебият, дөретиўшилик өнерлери бойынша да жасларымыздың қолға киргизип атырған табыслары бир төбе. Айтайын дегеним, балалардың салған сүўретлери ислеў техникасы бир-биринен парықланады. Әсиресе, олардың дүньяға болған пәк ҳәм нәзик көз-қараслары, пәрўазларға толы ой-өриси, әтираптағы барлық қубылысларға, тәбиятқа қызығыўшылығын жарқын ҳәм әпиўайы реңлер арқалы сәўлелендиреди. Демек, жаслар әжайып дөретиўши. Сонлықтан, олардың мийнетлерин хошаметлеп барсақ, олар еле де жигерленип ислеўге умтылады,-дейди театр хызметкери А.Бекмурзаева.                   

    Солай етип, кеше жуўмағында жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

С.ТУРДЫБЕКОВА.

СҮЎРЕТТЕ: кешеден көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF