Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:16:14, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕП ЯРМАРКАСЫ: БӘРШЕНИҢ  КЕЎЛИНЕН  ШЫҚПАҚТА

Мине, 2019-2020-оқыў жылының басланыўына да республикамыз бойлап қызғын таярлықлар көрилди. Усы мүнәсибет пенен жаңа оқыў жылы алдынан халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен усы жылдың l0-августынан 10-сентябрьге дейин республикамыз аймағындағы ири саўда комплекслеринде буйым ҳәм азық-аўқат дийқан базарларында мектеп ярмаркалары шөлкемлестирилди.

Онда 26 түрдеги оқыў қураллары менен бирге кең ассортименттеги кийим-кеншек ҳәм басқа да бир қатар тутыныў товарлары сатыўға қойылмақта.

Пайтахтымыздағы «Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети жанында шөлкемлестирилген мектеп ярмаркасында да сапалы ҳәм арзан оқыў қураллары менен тәми­йинлеўге айрықша итибар қаратыл­ған. Онда бир қатар саўда кәрханалары ҳәм исбилерменлер қатнасып, бул жерде барлық түрдеги оқыў қураллары, сумка ҳәм портфельлер, мектеп формалары бар. Саўда-сатықтың терминал, бақлаў касса аппараты менен тәмийинлениўи қарыйдарларға және де қолайлылықлар жаратпақта. Ярмаркадағы сатыўға қойыл­ған өнимлердиң сапасы ҳәммени қызықтырыўы тәбийғый, әлбетте! Олардың көпшилиги мәмлекетимизде ислеп шығарылған. Гүзетиўлерге қарағанда, ҳәрқандай мектеп базарларындағы баҳалар басқа саўда орынлары  менен салыстырғанда қарыйдарларға арзанлығы менен қолайлы.

Жаңа оқыў жылына қызғын таярлық көрип атыр­ған ул-қызларымыздың ҳәммеден көре қуўанышын олардың жүзлеринен көриўимизге болады. Әлбетте, оқыў қуралынан баслап, кийим-кеншеклердиң жаңа бол­ғанынан кейин олар қуўанбай ким қуўансын.

­ Мен 7-класста оқыйман. Ярмаркадан көп оқыў қуралларын сатып алдым. Бул жерде бизлер ушын ҳәмме нәрсе табылады екен. Енди жаңа оқыў жылынан баслап жақсы баҳаларға оқыўға ўәде беремен, - дейди пайтахтымыздағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы  Батыр Халмуратов.

Сондай-ақ, биз усы жерде өз перзентине оқыў қуралларын сатып алған нөкисли Улбосын Қайп­ния­зованың пикирлери менен де қызықсындық.

­ Ярмарканың шөл­кем­лестирилгенине қуўанып атырмыз. Ондағы баҳалардың да арзанлығы бизлерди қанаатландырады. Қәлесең нақ пул, қәлесең пластик карточкаларда сатып аласаң. Бүгин балама оннан аслам түрдеги оқыў қуралларын сатып алдым. Балам қатты қуўанды. Перзентлеримизге қаншама усындай қолайлылықлар туўдырсаң, олар, әлбетте, келешегимиздиң билимли, кәмил инсанлары болып жетилиседи...

Айтып өтиў орынлы, әйне па­йытта барлық мектеп ярмаркаларында халықтың гәўжим  болатуғынлығын гүзетиў мүмкин. Соның ушын да, ярмарка аймағында жәмийетлик тәртипти сақлаў, өрт қәўипсизлиги, санитария ҳәм басқа да зәрүрли қәўипсизлик илажларын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў бойынша минис­трлик, бирлеспе, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер жуўапкер етип бекитилген. Сондай-ақ, баҳалардың себепсиз түрде көтерилиўине жол қоймаслық ҳәм төлеў терминалларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде жергиликли ҳәкимликлер ҳәм мәмлекетлик салық бас­қармасы хызметкерлери тәрепинен бәрқулла қадағаланыўы жол­ға қойылған.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Мектеп ярмаркасынан көринис.

А.ОРАЗОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF