Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:42:36, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ АЛДЫНАН ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Пайтахтымыз Нөкис қаласында Халық билимлендириў тараўы хызметкерлериниң дәстүрий Август кеңеси өз жумысын баслады.

Илажда районлық ҳәм қалалық Халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, олардың орынбасарлары, мектеп директорлары, олардың оқыў ҳәм руўхыйлық ислери бойынша орынбасарлары, жасларды шақырыққа таярлаў бойынша қәнигелер, «Бәркамал әўлад» орайларының баслықлары, барлық мектеплерден тәжирийбели педагоглар қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Халық Билимлендириў министри Ш.Шерматов қат­нас­ты ҳәм сөзге шықты. Тараў басшысы елимизде билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў, заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер техникасы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен  тәмийинлеў бойынша жумысларды әмелге асырыў арқалы олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў, балалардың интеллектуаллық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан раўажланыўы ушын усы мәкемелердеги шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў, балаларды мектепке шекемги  билимлендириў менен қамтып алыў көлемин кеңейтиў ҳәм оның қолайлылықларын тәмийинлеў, педагоглардың ҳәм қәнигелердиң билим дәрежесин арттырыў, улыўма орта билим бериўдиң сапасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ,  шет тиллер, информатика, математика, физика, химия, биология сыяқлы талап жоқары болған пәнлерди тереңлестирилген түрде үйрениў, балалардың спорт пенен  ғалаба шуғылланыўына, музыка ҳәм көркем өнерге дыққатын қаратыў мақсетинде жаңа балалар спорты объектлерин, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин қурыў,  барларын реконструкциялаў, билим бериў ҳәм оқытыўдың сапасын баҳалаўдың халықаралық стандарт­ларын енгизиў бойынша алда турған ўазыйпалар да атап өтилди.

Август кеңесинде 21 cекция бойынша жумыс алып барылып, тараў хызметкерлериниң алдына көплеген ўазыйпалар қойылды.

Секция мәжилислеринде билимлендириў процесине енгизилетуғын оқыў реже, оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықтағы өзгерислер педагог хызметкерлерге жеткерилип, муғаллимлерге мәлимлеме коммуникация технологиялары, электрон ресурслар ҳәм мултимедиа қуралларынан пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

— Дәстүрий илажда «Билимлендириўде реформалар: өзгеристи өзимизден баслайық!» сүрени астында халық билимлендириў тараўы хызметкерлериниң жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў, 2018-2019-оқыў жылы жуўмақлары бойынша өткерилген билим бериў сапасы мониторинги, пән олим­пиадалары, билимлер беллесиўлеринде оқыўшылардың билимлеринде анықланған бослықлар ҳәм оларды толықтырыў бойынша усыныслар берилип, муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди ен жайдырыў арқалы жаңа оқыў жылында тәлим-тәрбия сапасын еле де арттырыў бо­йынша баслы ўазыйпаларды белгилеп алыў тийкарғы мақсет етип қойылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы ХБМ Республикалық оқыў-методикалық орайының география пәни методисти Р.Қалилаева.

Илажда қатнасыўшылар менен өз-ара сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди ҳәм олардың усыныслары тыңланып, бүгинги күн талабынан келип шығып тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF