Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:03:47, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕЛСЕНДИ ДӨРЕТИЎШИЛЕРГЕ БАЙРАМ САЎҒАСЫ

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышлап «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында өткерилген таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илажға тийисли мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, дөретиўшилер қатнасты.

Илажда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы,  Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист К.Реймов, Өзбекстан электрон “ХҚ миллий ассоциациясы баслығының орынбасары-бас директор Х.Шамсиев,  Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов,  «Билим баспасының директоры, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Өзбекстан көркем өнер акаде­миясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Өтегенова, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының баслығы А.Бекмуратовлар  шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, дөретиўши инсанларға жаратылған шараятлар ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Таңлаў нәтийжелери бо­йынша журналистика тараўында «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасының бас редакторы Г.Қаражанова, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының  бөлим баслығы С.Турдыбекова, «Вести Каракалпакстана» газетасының арнаўлы хабаршысы Х.Халилаева, әдебият тараўында жазыўшы А.Султанов, кино дөретиўшилик тараўында Г.Сапарова, телерадио тараўында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының редакторы Х.Султамуратова, сүўретлеў айнасы, фото ҳәм дизайн тараўында «Қарақалпақстан» баспасының операторы Т.Қосназаров, «Билим» баспасының хызметкерлери А.Атағуллаева, М.Жумашев ҳәм басқалар жеңимпазлықты қолға киргизди.

— Районымыз аймағында «Үстүрт газ химия комплекси», Орайлық Азияда бирден-бир есапланған «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы ҳәм басқа да бир қатар ири өндирис кәрханалары жумыс алып бармақта,-дейди таңлаў жеңимпазы, «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасының бас редакторы Гүлистан Қаражанова. — Усы кәрханалардан таярланған дүркин репортажларым ушын уллы байрам алдында жеңимпаз болдым...

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж қатнасыўшыларына концерт бағдарламасы қойып берилди. 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF