Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:09:26, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШӨЛКЕМЛЕСКЕНЛИК ПЕНЕН ӨТКЕРИЛДИ

Ең уллы, ең әзиз әййям — Ғәрезсизлик байрамының 28 жыллығын көтериңки руўхта өткериў, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларына айрықша жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, хал­қымыз арасында миллий қәдириятларымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм татыўлықты буннан былай да күшейтиў, бийғәрез жәрдем, мийрим-шәпәәт сыяқлы жақсы пазыйлетлерди жоқарылатыў, жасларымызды жоқары адамгершилик сезимлери руўхында Ўатанға садық ҳәм пидайы етип тәр­бия­лаў, мәҳәллелерди, халықтың турақ жайларын абаданластырыў ҳәм республиканың барлық аймақларында санитария­лық жағдайды жақсылаў мақсетинде усы жылдың 17-18-август күнлери улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик республикамыз бойлап шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Бунда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де университет ҳәм оған тийисли бина ҳәм имаратлар әтирапларында абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында алып барды.

Еки күн даўамында университеттиң 1447 профессор-оқытыўшылары, 754 техникалық хызметкерлер ҳәм 1928 студент-жаслар университет әтирапын жабайы шөплерден тазалаў, тереклерди ҳәклеў, салмаларды тазалаў сыяқлы жумысларды иследи.

Улыўма шембилик даўамында 19,2 гектарға шамалас жерлер абаданластырылып, 4,4 километрден аслам салмалар тазаланды. Буннан тысқары, 4573 түптен аслам тереклер ҳәкленип, 2 техника жәрдеминде 22,6 тоннаға жақын шығындылар арнаўлы орынларға шығарып тасланды.

Шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF