Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:13:59, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ  МҮРӘЖАТЛАРЫ УНАМЛЫ  ШЕШИМИН  ТАПТЫ

Усы жыл 2-август күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың исбилерменлерди көшпели қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы менен биргеликте шөл­кемлестирилген илажға секторлардың, минис­трликлер менен мәкемелердиң, ҳуқық қорғаў уйым­ларының, коммер­циялық банклердиң басшылары, Нөкис қаласы ҳәм районы исбилерменлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Президентимиздиң басламасы менен елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың күнделикли жумысларында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалаларды шешиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында орынларда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилиўи исбилерменлеримиздиң мүшкилин бираз жеңиллестирип, машқалаларының орынларда шешимин табыўына хызмет етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың гезектеги көшпели қабыллаўында тийкарынан жеңилликли кредит, жер майданын ажыратыў, коммуналлық хызмет, бос турған имаратларды «ноль»лик баҳада сатып алыў, жол қурылысы, зәрүрли техникалар менен тәмийинлеў, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери ҳәм басқа да мәселелерде елиўден аслам исбилерменниң мүрәжаты қабыл етилди. Бул мүрәжатлардың көпшилиги сол жердиң өзинде өз шешимин тапқан болса, ҳәр тәреплеме үйренип шығыў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бо­йынша тийисли шөлкем басшыларына тапсырмалар берилип, шешими қадағалаўға алынды.

— Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынларда бундай қабыллаўханаларының шөлкемлестирилиўи исбилерменлеримиз ушын ҳақыйқатында да айрықша ғам­қорлық болды,-дейди Нөкис қаласындағы «Сүўен балық» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Баҳадыр Шалабаев. — 2017-жылы үш тәреплеме шәртнама тийкарында Нөкис қаласындағы бос турған имаратлардың бирин алып, бул жерде нан ислеп шығаратуғын цех аштым. Усының есабынан 8 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинледим.

Усы имарат мәселесинде қабыллаўға мүрәжат еткен едим. Тийисли тараў басшылары тәрепинен мениң мәселем көрип шығылып, жақын күнлерде унамлы шешип берилетуғынын айтты.

Аймақлардағы исбилерменлердиң қатнасындағы бундай қабыллаўлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF