Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:53:42, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы 5308-санлы Пәрманының 127-бәнтине муўапық, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасына исбилерменлер тәрепинен жол қойылып атыр­ған кемшиликлерди, әсиресе, жынаятларды сын көзқарастан баҳалаў, сапластырыў ҳәм профилактикалаўға көмеклесиў бойынша ис-илажлар режеси ислеп шығылып ҳәм орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүклетилген.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен 2018-жылдың январь айынан бүгинги күнге шекем бул бағдарда бирқанша ис-илажлар әмелге асырылып, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық ҳәм Бажыхана басқармалары, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен берилген мағлыўматлар, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша суды тәрепинен жиберилген жеке уйғарыўлар улыўмаластырылғанда, исбилерменлик субъектлери тәрепинен бирқанша нызамбузыўшылықлар жүз бергенлиги анықланды. Сондай-ақ, 2019-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында исбилерменлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы менен биргеликте исбилерменлик субъектлердиң арасында аноним сораўнамалар өткериў жолы менен жәмийетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған ис-илажлардың нәтийжелилигин анықлаў, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Мәмлекетлик салық ҳәм Бажыхана басқармалары тәрепинен ҳәр айда усынылып атырған статистикалық мағлыўматларды улыўмалас­тырған ҳалда исбилерменлердиң жынаятқа қол урыўына себеп болып атырған факторларды анықлаў, суд-ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте 2019-жылдың биринши ярым жыллық жуўмағы бойынша исбилерменлик субъектлериниң қатнасында мәжилис өткериў жобаластырылған.

Усыннан келип шыққан ҳалда, исбилерменлик субъектлери тәрепинен жүз берип атырған жынаятлардың алдын алыў, ҳуқықый мәдениятын асырыў ҳәм олардың коррупцияға қарсы гүресиў бойынша түсиниклерин қәлиплестириў мақсетинде усы жыл 25-июль күни АКБ «Агробанк» Қарақалпақстан Республикасы регионаллық филиалының мәжилислер залында «Исбилерменлик субъектлери менен бирге коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм исбилерменлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў» атамасында мәжилис өткерилди. Оған тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери, Нөкис қаласында исбилерменлик жумысын алып барып атырған 34 исбилерменлик субъектлериниң ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәжилистен гөзленген тийкарғы мақсет ­ Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамының әҳмийетин исбилерменлерге түсиндириў, мәмлекет органлары тәрепинен исбилерменлик субъ­ект­лериниң искерлигине тосқынлық етиўши ҳәм бас­қа корруп­цияны келтирип шығаратуғын жағдайларды, коррупцияға байланыслы жынаятларды анықлаў, сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен жүз берип атыр­ған нызамбузыўшылық жағдайларын ҳәм жынаятларын тиккелей исбилерменлер менен сәўбетлесиў арқалы додалаў, жынаятшылықты келтирип шығарып атырған факторларды анықлаў, 2019-жылдың алты айы даўамында исбилерменлер тәрепинен жүз берген жынаятлар ҳаққында мағлыўмат бериўден ибарат.

Мәжилисти Өзбекстан Саўда-санаат палатасы «Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў» секторы баслығы Д.Маткаримова  басқарып барды. Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы Ш.Каримов сөзге шығып, Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамының әҳмийетин түсиндирип ҳәм бул бойынша мәм­лекетимизде қабыл етилип атырған нызамлар менен Президент пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы барысы бойынша кең түрде түсиник берди ҳәм 2018-жыл даўамындағы коррупцияға байланыслы жынаятларды таллап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша суды ўәкили Ф.Ибрагимов өз сөзинде 2019-жыл даўамында жеке исбилерменлер Р.Шәмшетов ҳәм Ш.Исламовлар тәрепинен исленилген жынаятларға тоқтады. Жынаятлар тийкарынан киши кәрхана ҳәм исбилерменлик субъектлери пуқаралар менен мийнет шәртнамасын дүзбестен жумысқа қабыл еткенлиги, олардың мийнет ҳақылары менен есапласқанда ислеген жумыс көлеминиң белгили бир процентин берип есапласқанлығы, сондай-ақ, олар­ға ҳешқандай мийнет шараятлары жаратылып берилмегени ҳаққында екенлигин айтып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының ўәкили А.Досбергенов ҳәм Бажыхана басқармасының ўәкили М.Хожамуратовлар да шығып сөйлеп, бүгинги күндеги салық тараўындағы өзгерислер ҳәм сырт елден товар алып келиўши исбилерменлерге жаратылып берилип атыр­ған жеңилликлер ҳаққында түсиник берди.

Жыйналыс соңында исбилерменлер баянатшы­ларға сораўлар берип, ти­йисли жуўаплар алды.

 С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

 өз хабаршымыз. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF