Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:08:40, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАТЕМАТИКА  ИЛИМИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ УШЫН

Усы жылдың 25-июль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июль күни қабыл етилген «Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында келтирилген ўазыйпалардың орынланыўы бо­йынша илаж болып өтти.

Илажды ҚМУ ректоры А.Реймов басқарып барды.

Оған НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм республикамызға белгили тараў илимпазлары қатнасты.

Кешеде ҚМУ Оқыў ислери бо­йынша проректоры М.Ибрагимов, ҚМУ профессорлары А.Отаров, К.Қудайбергенов ҳәм басқа да илимпазлар шығып сөйлеп, қарарда белгиленген илимниң түрлес тараўларында ҳәм экономика тармақларында илимий нәтийжелерден пайдаланыў, сондай-ақ, Институттың белгили бир илимий бағдарларын фундаменталь излениўлерден әмелий изертлеўлерге қайта бағдарлаў бағдарламаларын ислеп шығыў; 2020-2022-жылларда экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў ушын математика бойынша жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди таярлаў илажлары бағдарламасын ислеп шығыў; илимий нәтийжелер кеңнен додаланыўын ҳәм заманагөй илимниң жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыўды шөлкемлестириў. Инс­титут қолланбаларының турақлы түрде жаңаланып туратуғын элек­трон мағлыўматлар базасын жаратыў; илимий-изертлеў жумысының билимлендириў процеси менен байланысларын беккемлеў. Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети студентлери ҳәм Институт хызметкерлериниң тәжирийбе  Start-Up жойбарларының әмелге асырылыўына жәрдемлесиўf Математика тараўында жәҳән илимий орайлары, соның ишинде ҒМДА, Европа, Америка ҳәм Азия мәмлекетлериниң жетекши университетлери менен биргеликте изертлеўлерди шөл­кемлестириў; баспа жумысын жақсылаў ҳәм материалларды жәрия­лаўда белсендиликти арттырыў. Инглис тилиндеги «Өзбекстан математика журналы» илимий басылымының жумысын жетилистириў; қаржыландырыў системасын жети­листириў, қәрежетлерди оптималластырыў ҳәм Институттың материаллық-техникалық базасын бек­кемлеў; инфраструктураны модер­низациялаў;  хызметкерлер ушын жумыс шараятларын жақсылаў ҳәм оларды материаллық жақтан хошаметлеў системасын жетилистириў; ҳәр жылғы «Илим жетекшиси» республикалық таңлаўын өткериў сыяқлы ўазыйпалар жөнинде кең түрде түсиниклер берип өтти.

Сондай-ақ, илаж соңында тараў илимпазлары қарарда белгиленген басқа да ўазыйпалардан келип шығатуғын ўазыйпалар жөнинде пикир алмасты.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF