Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:33:02, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚ ЖАРАТПАҚТА

Соңғы жылларда пуқараларымыздың аўырын жеңил, алысын жақын етиў мақсетинде шөлкемлестирилген халыққа мәмлекетлик хызмет көрсетиў системасы турақлы жетилисип бармақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-февральдағы «Мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң миллий системасын буннан былай да комплекс раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тараўда жаңа басқышты баслап берди.

Соны айрықша атап өтиў керек, бул қарар менен мәмлекетлик хызметлерди алыўдың экстерриториал принципи жаратылды. Мәмлекетлик хызметлерди экстерриториал принципте алыў дегени ­ бул пуқаралар турақлы ямаса ўақытша дизимнен өткен жерине ҳәм юридикалық шахслар почта мәнзилине қарамастан, қәлеген аймақтағы Мәмлекетлик хызмет орайларына мүрәжат етиў имка­нияты есапланады. Жаратылған бул қолайлылық көпшиликтиң мүшкилин аңсат еткени анық.

Елимизде бир неше орында исбилерменлик ҳәрекетин әмелге асырып атырғаны көпшиликти қурайды. Ендигиден былай олар басқа район яки қалада әмелге асырып атыр­ған исбилерменлик жумысларына рухсатнаманы рәсмийлестириўи, инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўы ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлерден пайдаланыўы ушын өзи жасап атырған аймақтағы Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиўиниң өзи жеткиликли.

Сондай-ақ, быйылғы жылдан баслап Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы көрсетилетуғын хызмет түрлерине юридикалық шахсларды мәмлекетлик дизимнен өткериў процесинде оларға онлайн тәризде коммерциялық банклерде есап бетлерин ашыў, жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәм басқа да хызмет жөнелислери қосылды. Бул болса, әлбетте, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм халықтың арасындағы өз-ара мүнәсибетлерге ҳәр тәреплеме қолайлылық жаратып, жүзеге келиўи мүмкин болған корруп­циялық жағдайлардың алдын алыўда әҳмийетли фактор болмақта.

 Ш.САРЫЕВ,

Тақыятас районы Мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF