Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:00:01, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМ АЛДЫНДАҒЫ ЖУЎАПКЕРШИЛИК

«Тек жүрген тоқ жүреди» деген гәп бар дана халқымызда. Сонлықтан, дурыс жол менен тыныш жасаў өзиңе де, әтирапыңдағы өзгелерге де пайдалы.

Технология әсири информациялардың тез тарқалыўына, адамлардың бул информациялардың дурыслығына итибар берместен өзлерине қабыллап алыўына тәсири күшли болмақта. Бундай информациялардың дурыслығына яки айырым қәте мағлыўматларға ҳеш ким кепиллик бермейди.

Бир аўылда туўылып өскен Қоңырат районы «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы 1996-жылы туўылған аўылласлар ­ Барақ Зинелов, Нурпес Ирзагалиев, Шакир улы Исламбек, Айбек Уразбаев ҳәм 1988-жылы туўылған Гүлчехра Алмағанбетовалар өзлери билмеген ҳалда қәтешиликке жол қойды. Олар өткен жылы декабрь айында «Антитеррор тозалаш» илажы даўамында уялы телефонларынан «Шайтанның ҳийлелери иблис» атамасында диний мазмундағы аудиофайл арқалы диний мазмундағы мағлыўматлар табылды. Бул мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитетиниң 2019-жыл 23-январь күнги экспертлик жуўмағы бойынша республика аймағына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған екенлиги тастыйықланған. Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң талапларына бола ескертилип, уялы телефонлар форматланған ҳалда жоқ етилди.

Жынаяттың үлкени-кишиси жоқ. Билип исленген жынаят та, билмей исленген жынаят та ­ бәрибир жынаят. Сонлықтан, ҳәр бир инсан ҳуқықый жақтан өзлериниң нызам алдындағы жуўапкершилигин билип қойғаны мақул.

 

Б.ЖОЛДАСБАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF