Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:54:23, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Билимлендириў сапасын жетилистириўде мәмлекетлик қарар ҳәм норматив-ҳүжжетлердиң әҳми­йети» атамасында семинар болып өтти.

Оған филиалдың  профессор-оқытыўшылары ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими хызметкерлери қатнасты.

Онда филиал қурамындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеев сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдеги  «Жоқары оқыў орынлары рейтингин анықлаў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы, сондай-ақ, «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациясынан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарларының әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

Семинарда жоқары оқыў орынлары рейтинг нәтийжелерин анықлаў, соның менен бирге Жоқары оқыў орынларын аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациясынан өткериўде билимлендириў мәкемелери  ишки ҳәм сыртқы баҳалаўдан ибарат еки басқышта әмелге асырылатуғынлығы, оның критериялары ҳәм өткериў ўақытларының көрсеткишлери, аттестация процесинде  билимлендириў мәкемелериниң соңғы еки жыллық жумысын комплексли анализ етиў сыяқлы өзгерис ҳәм қосымшалардың киргизилгенлиги ҳаққында да түсиник берип өтти. 

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

А.ЮСУПОВ.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF